Мәмлекетимизде жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм турақлылығы, бәринен бурын, оның төменги буўыны есапланған мәҳәллениң абат, тыныш ҳәм абаданлығы менен белгиленеди. Сонлықтан бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы ҳәрекетлер тиккелей орынларда жаңаша система – "мәҳәлле кесиминде" ислеў тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Соңғы жылларда мәҳәллелер "Күшли мәмлекеттен – күшли пуқаралық жәмийетке қарай" концепциясын турмысқа енгизиўде ең әҳмийетли шөлкемлестириўши-институционаллық буўынға, халыққа ең жақын халықшыл структураға айланды. Бурын аймақлардағы социаллық машқалалар тийкарынан орайласқан тәризде, жоқарыдан шешилип, төменге узатылатуғын еди. Бул болса айырым жағдайларда адамлардың ҳақыйқый машқала, тәшиӯишлери итибардан шетте қалыўына себеп болатуғын еди.
Президентимиздиң басламасы менен енгизилген жаңа көзқарас – "мәҳәлле кесиминде" ислеў системасы ескише көзқарасларды өзгертип, тийкарғы ўазыйпаларды тиккелей мәҳәллениң өзинен, адамлардың күнделикли турмыс тәризинен келип шыққан ҳалда белгилеўде әҳмийетли қолланба болды. Бүгин мәҳәллелерде жумыс алып барып атырған пуқаралар жыйыны баслығы, ҳәким жәрдемшиси, профилактика инспекторы, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, социаллық хызметкер, салық инспекторы ҳәм мәҳәлле банкиринен ибарат жуўапкерлер өз жумысын үйме-үй жүриўден, халықтың дәртин тыңлаўдан басламақта. Итибарлысы, бул процессте мәҳәллелердеги экономикалық жағдай, бәнтлик дәрежеси, шаңарақлардың дәрамат дәреклери ҳәм қыйтақ жерлерден пайдаланыў көрсеткишлери сыяқлы мәселелер басқышпа-басқыш анализ етилип барылмақта. Нәтийжеде улыўма есабатлардан ўаз кешилип, ҳәр бир шаңарақ ҳәм пуқараның тәғдирине мәнзилли қатнас жасаў себепли машқалалар мәҳәллениң өзинде артықша қағазпазлықтан жырақ шешимин таппақта.
Соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменликке қызығыўшылығы анықланып, олардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестирилмекте. Өзин-өзи бәнт етиў нийетинде болған пуқараларға зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў ушын субсидиялар ҳәм жеңиллетилген кредитлер берилмекте.
Мәҳәлле банкирлери – банклердиң ең төменги буўыны сыпатында аймақлардың бизнес имканиятларын үйренип, пуқаралардың басламаларын таяр жойбарларға айландырыўға жәрдемлеспекте. Олар "шаңарақ кесими" системасы тийкарында ҳәр бир шаңараққа қолайлы бизнес режелерди усыныс етиў менен бирге, кредит ажыратыў, исбилерменликти жолға қойыў ҳәм таяр өнимди сатыўға шекемги барлық басқышларда жақыннан жәрдем бермекте. Нәтийжеде пуқаралар турақлы дәрамат дәрегине ийе болып, нәтийжели мийнетке тартылмақта.
Соңғы жыллары мәкан пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге де айрықша итибар қаратылып, барлық қолайлықларға ийе заманагөй мәҳәлле имаратлары бой тиклемекте. Бул болса пуқаралардың мүрәжат етиўи ҳәм оларға сапалы хызмет көрсетиў ушын үлкен имканият жаратпақта.
Мәҳәллелердиң экономикалық еркинлигин тәмийинлеў мақсетинде енгизилген "Мәҳәлле бюджети" системасы ўәкилликлериниң төменги буўынларға берилиўи жолындағы ҳақыйқый әҳмийетли қәдем болды. Буның әмелий көринисин усы аймақтан түсетуғын жергиликли салықлардың бир бөлеги ишки жолларды оңлаў, электр тармақлары ҳәм ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға бағдарланып атырғаны мысалында көриў мүмкин. Сондай-ақ, "Абат мәҳәлле," "Абат аўыл," "Абат көше," "Абат шаңарақ" ҳәм "Жасыл мәкан" сыяқлы жойбарлар елимиздиң аймақларын түп-тийкарынан жаңалап, экологиялық таза ҳәм қолайлы жасаў орталығын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
"Мәҳәлле кесиминде" ислеў системасында мәҳәлле "жетилиги" қурамында жумыс алып барып атырған профилактика инспекторларының хызмети айрықша орын ийелейди. Әсиресе, "Пайтахт үлгиси" тийкарында аймақларда қәўипсиз орталық жаратыў бағдарындағы реформалар халықтың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин беккемлеўге хызмет етип атырғаны менен әҳмийетли. Мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилиги тек ғана экономикалық көрсеткишлер менен емес, ал пуқаралардың тыныш-татыў жасаўы, ертеңги күнге болған исеними ҳәм турмыстан разылығы менен өлшенеди. Адамлардың өз машқалалары менен жалғыз қалмай, мәмлекеттиң ғамқорлығын сезип атырғаны "мәҳәлле кесиминде" ислесиў системасының бас нәтийжеси болып есапланады.
Халықтың разылығына ерисиў – тынымсыз ҳәрекет, адамлардың исенимин ақлаў ҳәм ҳәр бир инсанға әдил мүнәсибетте болыўды билдиреди. Мәҳәлле институтына қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм "мәҳәлле кесиминде" ислесиў системасының турмысқа табыслы енгизилиўи елимизде инсан қәдирин улығлаў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўда әҳмийетли таяныш болып хызмет етпекте.
Гулноза ТУРҒУНБОЕВА,
өз хабаршымыз.
"МӘҲӘЛЛЕБАЙ" ИСЛЕЎ СИСТЕМАСЫ халықтың абаданлығы ҳәм адамларды разы етиўге хызмет етпекте
Оқыўды даўам етиң