Мәмлекетлик хызметкер пуқаралардың мүрәжатларын тыңлайды, машқалаларын шешиўде қатнасады, нызам ҳәм мәмлекетлик сиясаттың әмелий орынланыўын тәмийинлейди. Оның ҳәр бир қарары, қатнасы, жуўапкершилиги ҳәм жумысқа мүнәсибети мәмлекетлик уйымның абырайына, ең әҳмийетлиси, пуқаралардың мәмлекетке болған исенимине тәсир етеди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 2-статьясында мәмлекет халықтың ерк-ықрарын билдириўи ҳәм оның мәплерине хызмет етиўи, мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслар жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуўапкер екенлиги белгиленген.

Соның ушын мәмлекетлик хызметтиң орайында жуўапкершилик, халық мәпине байланыслы ўазыйпа турады. Жуўапкершиликти тек тапсырманы орынлаў ямаса белгиленген мүддетке әмел етиў менен шеклеп болмайды. Ҳақыйқый жуўапкершилик - өз ўазыйпасының жәмийет турмысындағы әҳмийетин аңлаў. Заманагөй мәмлекетлик хызметкер машқаланың мәнисин түсиниўге, өз ўәкиллиги шеңберинде оған шешим табыўға ямаса тийисли жуўапкер хызметкерге жибериўге умтылады.

Өзбекстан Республикасының 2022-жыл 8-августтағы "Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында"ғы нызамында мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң Конституция, нызамлар ҳәм басқа да ҳүжжетлерге әмел етиўи, хызмет миннетлемелерин ҳүжданлы түрде орынлаўы, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиўи, мәплер соқлығысыўына жол қоймаў және бийғәрез ҳәм қалыс болыў сыяқлы миннетлемелери тастыйықланған. Бул талаплар тек ғана ислеп шығылған ҳуқықый норма емес. Нызамның тийкарында әпиўайы, бирақ жүдә әҳмийетли сораў жәмленген: "Мен бүгин өз ўазыйпамды ҳадал ҳәм ҳүжданлы орынладым ба?" Мине усы сораўды ҳәр күни өзине бере алған хызметкерде кәсиплик жуўапкершилик қәлиплеседи.

Абдулла Авлоний "Түркий гүлистан ямаса әдеп-икрамлылық" шығармасында инсан билимли болыўы менен бирге, алған билимине әмел етиўи зәрүрлигин атап өтеди. Әсиресе, Авлонийдиң интизам ҳаққындағы көзқараслары бүгинги басқарыў ушын әҳмийетли. Шығармада жумысты өз ўақтында, тәртипли ҳәм избе-из орынлаў раўажланыўдың әҳмийетли шәртлеринен бири сыпатында талқыланады:

Давлатни кони, манбаи тартиб-интизом,
Сарватни пойдори эрур иқтисоди том.
Муҳтожлиғ юзини кўрар деб гумон қилманг,
Тартиби бирла юрса, кишининг иши мудом.

Бул пикир бүгинги мәмлекетлик хызметкер ушын да оғада әҳмийетли. Нызамды билиўдиң өзи жетерли емес - оған әмел етиў шәрт. Хызмет әдебин билиўдиң өзи жетерли емес - они күнделикли қатнаста көрсетиў керек. Пуқараға хызмет етиў зәрүрлигин аңлаўдың өзи жетерли емес - буны әмелий жумыс пенен дәлиллеў керек.

Заманагөй басқарыўда мәмлекетлик хызметкер тек жоқарыдан тапсырма күтип отыратуғын орынлаўшы емес, ал машқаланы алдыннан көре алатуғын, басламашы, жаңалыққа умтылатуғын қәниге болыўы әҳмийетли. Басламашылық - нызамлылық, жуўапкершилик ҳәм ўәкиллик шеңбериндеги белсенди ҳәрекет пенен үйлескен жағдайда ғана унамлы нәтийже береди. Мәселен, пуқаралардың бир мәселе бойынша көп мүрәжат етип атырғанын көрген хызметкер тек ғана мүрәжатларды бирме-бир көрип шығыў менен шекленбеўи мүмкин. Ол машқаланың тамырын таллап, қайта мүрәжатлардың алдын алыў бойынша усыныс киргизиўи мүмкин.

Демек, баслама көтеретуғын хызметкер "Маған не тапсырылды?" деген сораў менен бирге "Жумысты қалайынша жақсырақ шөлкемлестириў мүмкин?" деген сораўды да өзине береди. Жумыс процессинде ўазыйпа, жуўапкершилик, мүддет ҳәм нәтийже өз ара байланыслы. Нәтийжелилик - пуқараға көрсетилген хызметтиң сапасы, машқаланың шешими, ўақыт ҳәм қаржының ақылға уғрас жумсалыўы, белгиленген мақсетке ерисиў ҳәм жәмийет ушын пайдалы нәтийже менен өлшенеди. Усы мәнисте заманагөй мәмлекетлик хызметкер өз жумысын "Мен қанша жумыс иследим?" деген норма менен емес, "Мениң жумысым нәтийжесинде не өзгерди?" деген норма менен баҳалай алыўы керек.

Пуқаралардың мәмлекетлик хызметкер ҳаққында қәлиплесетуғын көз-қарасы көбинесе мәмлекетлик уйымдағы әпиўайы бир ушырасыўдан басланады. Пуқараны тыңлаған хызметкердиң кейпияты, сораўға мүнәсибети, машқаланы түсиниўге болған ҳәрекети, мүрәжатты көрип шығыў тезлиги - булардың барлығы мәмлекетлик хызметтиң инсаныйлық келбетин көрсетеди. Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық қағыйдаларында нызамлылық, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплериниң үстинлиги, ҳадаллық, қалыслық, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине садықлық сыяқлы принциплер белгиленген. Сондай-ақ, хызметкерлерден пуқаралар менен әдепли, салмақлы ҳәм шын кеўилден мүнәсибетте болыў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын турақлы түрде арттырып барыў талап етиледи. Солай екен, мәмлекетлик хызметкер ушын мүнәсибет мәденияты тек ғана әдеп мәселеси емес. Ол - кәсиплик компетенцияның тийкары.

Ҳәзирги дәўирде кеше алынған билим бүгинги күн машқалаларын шешиў ушын жетерли болмаўы мүмкин. Санластырыў, жасалма интеллект, жаңа басқарыў технологиялары, ҳуқықый реформалар, ашық мағлыўматлар ҳәм электрон мәмлекетлик хызметлер мәмлекетлик хызметкерден турақлы үйрениўди талап етпекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-июньдағы "Мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў және профессионал ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында да мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа көзқараслар тийкарында шөлкемлестириў, профессионал ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Ҳүжжетте мәмлекетлик хызметке мүнәсип кадрларды таңлаў тийкарында қабыл етиў, кадрлар потенциалын раўажландырыў ҳәм профессионал мәмлекетлик хызметкерлер корпусын қәлиплестириў ўазыйпалары атап өтилген.

Мәмлекетлик хызметкер ҳаққында пикир жүргизгенде ең әҳмийетли ҳақыйқатлықлардан бири сол: лаўазым инсанды улығламайды, керисинше, инсан өз жумысы менен лаўазымның қәдирин арттырады. Мәмлекетлик хызметкерге берилген ўәкиллик жеке мәп ушын имканият емес, жәмийет мәпине хызмет етиў ушын берилген исеним есапланады. Мәмлекетлик уйымның дийўаллары, ҳүжжетлери ямаса техникалық қураллары емес, бәринен бурын инсанның ҳадаллығы, билими, жуўапкершилиги ҳәм хызметке болған мүнәсибети мәмлекетлик хызметтиң ҳақыйқый келбетин белгилейди. Себеби, заманагөй мәмлекетлик хызметкер ушын ең жоқары норма - лаўазымға мүнәсип болыў емес, ал халықтың исенимине ерисиў!

Дилрабо АБДУҲАМИДОВА,
қәниге-хабаршы, аға лейтенант.