Организмниң түрли кеселликлерге қарси гүресиӯши қалқани-иммунитет беккем болиӯинда айриқша орин иелейтуғин затлардан бири рух (цинк) элементи есапланади. Иммун системаси көбинесе әйне уси минералға мүтәж. Себеби, кеселлик күшейиӯиниң алдин алиӯ ушин вирустиң раӯажланиӯ процессин өз ӯақтинда тоқтатиӯ зәрүр болип, бул ӯазийпа цинкке жүкленеди.
Цинк элементи денемизде вирус ҳәм бактерияларди байқап, организмниң ҳүжимге уширағани ҳаққинда хабар бериӯши лимфоцитлерди набит болиӯдан сақлайди. Углеводлар, майлар, белоклар ҳәм нуклейн кислоталариниң синтези ҳәм тарқалиӯи да тиккелей оған байланисли. Цинк көплеген зат алмасиӯинда қатнасип, денедеги барлиқ клеткалардиң нормал ислеӯин тәмийинлейди.
Ол организм тәрепинен калций ҳәм фосфор өзлестирилиӯине жәрдем береди, сондай-ақ, коллаген талшиқлар синтезин күшейтеди. Бул өз нәӯбетинде тери ҳалатин жақсилап, онин эластик болиӯин арттиради. Цинк интерферон-муғдарин көбейтеди. Интерферонлар вирус, бактерия ҳәм басқа микроорганизмлерге қарси организмди қорғаӯға бириншилерден болип таярланатуғин белок есапланади. Ониң жетиспеӯшилиги ақибетинде вирус денеге биймәлел кириӯи ҳәм клеткаларди зиянлаӯи мүмкин.
Цинк жетиспеӯшилиги тимус атрофияси (қәбилеттиң пәсейиӯине) алип келеди ҳәм бул пүткил иммун системаси жумисиниң истен шиғиӯина себеп болади. Бул элемент жетиспеӯшилиги ең әӯэле сезиӯ қәбилетлери-көриӯ, ийис ҳәм дәм сезиӯ белгилериниң бузилиӯина алип келеди. Ақибетинде болса иштей жоғалади, аӯқат сиңириӯ қийинласади, сондай-ақ, ҳәлсизлик, шаршаӯ, түскин кейпият, сүеклердиң морт болиӯи, тирнақларда ақ дақ пайда болиӯи, шаш түсиӯи киби ҳалатлар гүзетиледи.
Бул минерал организмге, тийкаринан азиқ-аӯқат өнимлери арқали қабил етиледи. Сонлиқтан қураминда цинк элементи көп болған, атап айтқанда кишмиш, қақ ерик, жанғақ, кепекли нан, ноқат, бадам ҳәм ерик дәнеси, тут мийӯэси, картошка, помидор, гөш ҳәм сүт өнимлерин күнделикли аӯқатланиӯ дизимине киргизиӯ мақсетке муӯапиқ болади.
МИҢ ДӘРТКЕ ДАӮА
Ерте дәӯирден халқ арасинда кең қолланилип келинген ҳәм инсан саламатлиғи ушин пайдали өним сипатинда тән алинған қуйриқ майи қураминда А, В, Д, Е, К витаминлери, калий, магний, мис, цинк, фосфор ҳәм басқа минераллар бор. Көплеген пайдали тәреплерге ие болған бундай көринистеги май көзлер ушин жүдә пайдали. Ол мий жумисин жақсилайди, қандағи қант муғдарин нормалластиради, қан айланиӯин жақсилайди, иммунитетти асиради, қартайиӯ процессин пәсейтеди, ҳәттеки радиациядан қорғайди.
Бул өним зат алмасиӯи, нерв ҳәм жүрек-қан тамир системалари, тери ҳалати ушин зәрүр болған пайдали кислоталарға бай. Басқа майларға қарағанда холестрин муғдари кем болған қуйриқ майи организм тәрепинен тез сиңириледи ҳәм өзлестириледи. Они пайдаланиӯ буӯин кеселликлериниң алдин алиӯға, респиратор кеселликлерин даӯалаӯға жәрдем береди. Бул көринистеги өним денемизди зиянли вирус ҳәм бактериялардан қорғайди, нерв системасина унамли тәсир көрсетеди, шаш ҳәм тирнақлар ҳалатин жақсилайди, жуқпали кеселликлерден кейин организмниң қайта тиклениӯи ҳәм беккемлениӯине үлес қосади.
Бирақ унамли нәтийжелерди тек ғана гөнермеген ҳәм сипатли қуйриқ майи беретуғинин умитпаӯимиз керек. Ҳәр қандай өним киби ониң да пайдаланиӯин нормадан асирмаған мақул. Болмаса денемизге пайда орнина зиян келтирип қойиӯимиз мүмкин. Созилмали кеселликлер менен аӯирған, өт қалтаси, баӯири, асқазани аӯиратуғин, сондай-ақ, артиқша дене салмағина ие адамлар, қойдиң майин шипакер ҳәм қәнигелер менен мәсләҳәтлескен ҳалда қабил еткени мақул.
Гулчеҳра АЗИМОВА
таярлади.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
