Кәсиплик шеберликтиң исенимли таянышы "Бир миллетти жоқ етиў ушын оның китабын жағыў шәрт емес, оқыўды тоқтатсаң жеткиликли," деген еди белгили ойшыллардан бири. Бул пикирдиң логикалық даўамы сыпатында айтыў орынлы, китап оқыўдан тоқтаған жәмийет өзиниң раўажланыўын да тоқтатады. Себеби, оқыў инсанның дүньяқарасын байытып, пикирлеў шеңберин кеңейтеди, оны руўхый жақтан жоқарылатады. Интеллектуал қуўат ҳәм пикирлеў жетиклигинен айырылған сана болса сыртқы тәсирлерге тез берилиўшең ҳәм қурамалы қарарлар қабыл етиўде әззи болып қалады.

Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жумысы тиккелей инсан тәғдири, жәмийетлик тәртип ҳәм нызам үстинлиги менен байланыслы болып, ол ҳәр күни ҳәр қыйлы турмыслық жағдайлар, инсан машқалалары ҳәм түрли жынаятлар менен жүзбе-жүз ушырасады. Әйне усындай ўақытта оның ең тийкарғы таянышы – билим, логикалық пикирлеў ҳәм китап оқыў болып есапланады. Жуўапкерли ўазыйпаларды атқарыўшы хызметкердиң қыйын турмыслық жағдайларда дурыс, нызамлы ҳәм әдалатлы қарарға келиўи оның тек ғана хызмет тәжирийбесине емес, ал терең билим ҳәм жоқары логикалық пикирлеўге де тиккелей байланыслы.

Жоқарыдағылардан келип шығып, китап оқыў ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң жумысының ҳәр қыйлы тараўларында жоқары нәтийже береди. Атап айтқанда:

- сөйлесиў мәденияты ҳәм стресске шыдамлылықта: Ҳәр күни түрли минез-қулық ҳәм кейпияттағы пуқаралар, тартыслы жағдайлар ҳәмде жынаятшылық пенен жүзбе-жүз ушырасатуғын хызметкер ушын психологиялық турақлылық жүдә әҳмийетли. Классикалық ҳәм заманагөй көркем әдебиятларды оқыў хызметкердиң эмпатия (басқалардың сезимлерин түсиниў) сезимин арттырып, зорығыўларды жеңиўге ҳәм пуқаралар менен қатнаста аўыр–басық болыўға жәрдем береди;

- логикалық пикирлеўде: Детектив ҳәм психологиялық шығармалар, тергеўши ҳәм оператив хызметкерлерде логикалық пикирлеў, ўақыялар арасындағы себеп-сабаб байланысын көре алыў ҳәм сын-көзқарас сыяқлы кәсиплик көнликпелерди раўажландырады;

- профилактика жумысларының нәтийжелилигин арттырыўда: ишки ислер уйымларының төменги буўыны болған профилактика инспекторлары тиккелей жәмийеттиң ишинде, мәҳәллелерде жумыс алып барады. Жоқары дүньяқарасқа ҳәм бай сөз байлығына ийе болған инспектор халық арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша түсиндириў жумысларын тәсиршең ҳәм исенимли түрде алып бара алады.

Тараўда китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў Ишки ислер органларында хызметкерлердиң мәдений-ағартыўшылық дәрежесин асырыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын жоқарылатыў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ИИМ қарамағында жәми 223 китапхана және 196 "Инновациялық китапхана мүйеши" жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, министрлик Академиясы Мәлимлеме-ресурс орайы фонды дерлик 300-400 мың нусқа әтирапындағы әдебиятларды қамтып алған болып, олар ҳуқықый, көркем, психологиялық ҳәм электрон әдебиятлар менен турақлы байытып барылмақта.

Хызметкерлер арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў ҳәм олардың өз үстинде турақлы ислеўине түртки бериў мақсетинде "Ең жақсы китапқумар хызметкер" таңлаўы өткерилип, жеңимпазлар хошаметленбекте. Сондай-ақ, ҳәптениң белгиленген күнлеринде белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар менен дөретиўшилик ушырасыўлар, жаңа китаплардың презентациясы ҳәм "Руўхыйлық саатлары" шөлкемлестирилмекте.

Буннан тысқары, министрлик қурамында хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын ҳәм ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде ИИМ Академиясының санлы платформалары, тараўлық илимий журналлар ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң "Мутолаа" сыяқлы электрон китапхана жойбарлары системалы түрде жолға қойылған болып, олар хызметкерлердиң кәсиплик әдебиятлардан кеңнен пайдаланыўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге хызмет етпекте.

Руўхый ғәзийне хызметкердиң дүнья қарасы ҳәм кәсиплик шеберлигин қәлиплестириўде төмендеги әдебиятлар топламы үлкен әҳмийетке ийе:

Ҳуқықый ҳәм сиясий әдебиятлар: Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығармалары, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, миллий нызамшылық топламлары ҳәм инсан ҳуқықларына тийисли халық аралық ҳүжжетлер.

Көркем ҳәм миллий классикалық шығармалар: Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммед Бабур, Абдулла Қодирий, Шолпан, Айбек, Абдулла Қаҳҳар шығармалары – инсаныйлық ҳәм ўатансүйиўшилик сезимлерин беккемлеў ушын.

Жәҳән әдебияты үлгилери ҳәм психологиялық шығармалар: Лев Толстой, Фёдор Достоевский, Эрих Мария Ремарк шығармалары, сондай-ақ, инсан психологиясы ҳәм сөйлесиў өнерине байланыслы дереклер (Дейл Карнеги, Виктор Франкл ҳәм басқалар).

Тарийхый ҳәм ўатансүйиўшилик шығармалары: Әмир Темурдың "Темур түзиклери," Жалалиддин Мангуберди ҳаққындағы тарийхый дереклер – мәртлик ҳәм мәмлекетшилик мәдениятын үйрениў ушын.

Усы жерде Ишки ислер министрлиги ҳәм Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған болып, ол тараў хызметкерлери, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларын жаңа басқышқа көтериў және жоқары ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге қаратылған. Бул ҳүжжет сабақларды заманагөй усылларда шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм хызметкерлерди жат идеялар және мәлимлеме ҳүжимлеринен қорғаў арқалы олардың руўхый-интеллектуаллық потенциалын арттырыўда әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.

Жуўмақ орнында халқымызда "Китап – бийғәрез устаз," "Китапсыз инсан – қанатсыз қус" деген ҳикметли сөзлер бийкарға айтылмаған. Ўатан тынышлығы ҳәм татыўлығы жолында хызмет етип атырған журт сақшысының қәлбинде ўатансүйиўшилик сезими менен бирге жоқары мәнаўият, китап оқыўға меҳир жәмленген болса, бундай система ҳәр қандай қурамалы ўазыйпаны табыслы орынлаўға уқыплы болады.

Китап оқыйтуғын хызметкер – өзиниң мүнәсибети, әдил қарарлары ҳәм терең билими менен пуқаралардың ишки ислер уйымларына болған исениминиң және де беккемлениўине хызмет етеди. Тынышлық сақшысының қәлбинен китап беккем орын ийелеген сайын, жәмийетимизде әдиллик ҳәм тынышлық және де беккемленеди, елдиң тәғдирине байланыслылық сезими артады.

Феруз ЙЎЛДОШОВ,

өз хабаршымыз.