Инсан өмири-жоқари сий. Бирақ, тилекке қарси, ҳәзирги глобалласиӯ әсиринде инсанди таӯламашлиқ жоли менен сатиӯ, материаллиқ мәп ушин товарға айландириӯ ҳалатлари дүня бойлап күн тәртибинен түспей киятир. Ҳәр жили жүз миңлап бийгүнә инсанлар түрли алдаӯлар, қорқитиӯлар, зорлиқ арқали адам саӯдаси қурбанина айланип қалмақта. Олар өз өмири, еркинлиги ҳәм арзиӯларинан маҳрум болип, физикалиқ ҳәм руӯхий азапларға гириптар болмақта. Ең ашинарлиси, бул жинаятти әмелге асириӯшилардиң да, оннан жәбир көриӯшилердиң де ойларинда улиӯма тутаслиқ бар, яғний аңсат жол менен дәрамат табиӯ.

Хош, уси оринда адам саӯдаси өзи не, ониң қандай түрлери париқланади, деген оринли саӯал пайда болади. Өзбекстан Республикаси Жинаят кодексиниң 135-статясина көре, адам саӯдаси дегенде адамди алип-сатиӯ ямаса оннан пайдаланиӯ мақсетинде жаллаӯ, тасиӯ, жасириӯ яки қабил етиӯ түсиниледи.

Адам саӯдасиниң көплеп түрлери бар болса-да, олардиң ең көп тарқалған ҳәм унамсиз ақибетлери аӯир болған төрт тийкарғи түри париқланади:

-жинисий эксплуатация;

-мийнет эксплуатацияси;

-нәресте ҳәм бала саӯдаси;

-инсан ағзалариниң низамсиз трансплантацияси.

Жинисий эксплуатация адам саӯдасиниң ең көп тарқалған көриниси болип, жәбирлениӯшилер зорлиқ, қорқитиӯ яки алдаӯ жоли арқали бузиқшилиққа яки басқа түрдеги интим хизметлерге мәжбүрленеди. Бунда жәбирлениӯшилер физикалиқ саламатлиғин жоғалтип ғана қоймастан, бәлким өмириниң ақирина шекем руӯхий азап, қорқиӯ ҳәм кемситилиў сезими менен жасаӯға мәжбүр болади. Бул болса олардиң нормал турмисқа қайтиӯин жүдә қийинластиради.

Мийнет эксплуатацияси. Адамлар көбинесе жумис таӯип бериӯ яки шет елде көп муғдарли айлиқли жумис ӯәдесине исенип, өз қәлеӯи менен жолға шиғади. Ақир-ақибетинде болса ҳүжжетлеринен маҳрум етилип, аӯир мийнетке мәжбүрленеди. Олардиң мийнети ушин пул төленбейди яки жүдә кем ҳақи төленеди. Бул тек материаллиқ зиян ғана емес, инсан қәдириниң аяқ асти етилиӯи ҳәм турмисиниң изден шиғиӯи демекдур.

Нәресте (бала) саӯдаси. Адам саӯдасиниң және бир қорқинишли көриниси-балалар, әсиресе нәрестелердиң низамсиз саӯдаси. Балаларди асирап алиӯ бәнесинде сатиӯ, жақинларинан ажиратип инсанийлиқтан тис мақсетлерде пайдаланиӯ-бул тек ғана низамға қайши болип қалмастан, бәлким әдеп-икрам ҳәм инсанийлиқти синаӯға қоятуғин аӯир жинаят түри есапланади. Бала ҳуқиқлари бул киби ҳалатларда толиқ инкәр етилип, олар меҳир ҳәм еркин турмистан маҳрум болади. Бул болса келешекте жәмиеттиң руӯхий негизлерине де үлкен қәӯип салади.

Инсан ағзаларин низамсиз трансплантация етиӯ. Бул жинаят жәбирлениӯшилери әдетте аӯир шараяттағи халиқ ӯәкиллери арасинан таңлап алинади. Уси арқали алдаӯшилар көп пул табиӯди гөзлеп, миңлап бийгүнә инсанлар өмири бузилиўина себепши болади. Бул жинаяттиң ақибети өмирлик қәӯип, майиплиқ, турмис сипатиниң төменлеӯи ҳәм жәмиетте қорқиӯ орталиғиниң пайда болиӯи менен жуӯмақланади.

 Адам саӯдаси трансмиллий, яғний аймақ ҳәм шегара таңламайтуғин жинаят есапланади. Сонлиқтан мәмлекетимиз 2003-жил 12-декабрде БМШ Бас Ассамблеяси тәрепинен 1950-жилда қабил етилген «Адам саӯдаси ҳәм бузиқшилиқ (фоҳишалик) тиң үшинши шахслар тәрепинен ислетилиӯине қарси гүресиӯ ҳаққинда» ғи Конвенцияға қосилди ҳәм де 2008-жилдиң 17-апрелинде Өзбекстан Республикасиниң «Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳаққинда» ғи Низами қабил етилди.

Сондай-ақ, 2010-жил 30-июлде БМШ Бас Ассамблеяси 64/293-резолюцияси менен Адам саӯдасина қарси гүресиӯ бойинша Бмшниң Глобал ҳәрекет бағдарламаси қабил етилген. Бул ҳәрекетлер бағдарламасинда уси жинаяттиң алдин алиӯ, жәбирленгенлердиң қорғалиӯи, жинаяцҳиларди услаӯ ҳәм барлиқ бағдарларда бирге ислесиӯди беккемлеӯ бойинша ис-илажлар нәзерде тутилған.

Бүгинги күнде көплеген халиқ аралиқ ҳүжжетлерде нәзерде тутилған нормалар миллий низамшилиғимизға имплементация етилген. Сирт ел мәмлекетлери менен уйимласқан жинаяцҳилиқ, сол есапта адам саӯдасина қарси гүресиӯ бойинша отиздан артиқ еки тәреплеме шәртнама ҳәм питимлер имзаланған.

Ақирғи жилларда Өзбекстанда адам саӯдасина қарси гүресиӯ мәселеси мәмлекетлик сиясаттиң басли жөнелислеринен бирине айланди. Сол есапта, 2020-жилдиң 17-август күни Өзбекстан Республикасиниң “Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳаққинда”ғи Низами жаңа редакцияда қабил етилген. Ониң тийкарғи мақсети-адам саӯдасина қарси гүресиӯ бағдариндағи мүнәсибетлерди тәртипке салиӯдан ибарат.

Уси низам тийкаринда 2023-жил 21-декабр күниндеги Өзбекстан Республикаси Президентиниң «Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин кең енгизиӯге байланисли қосимша ис-илажлар ҳаққинда» ғи Пәрмани менен Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойинша миллий комиссияси Олий Мажлис Сенати баслиғи басшилиғинда қайта шөлкемлестирилди.

Уси Пәрман менен Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойинша Миллий баянацҳи институти шөлкемлестирилди. Адам саӯдасина қарси гүресиӯ ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойинша аймақлиқ комиссияларға аймақларда ҳәкимлер басшилиқ етеди.

Буннан тисқари, Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2021-жил 8-февралдағи «Адам саӯдасинан жәбирленген яки жәбирленген деп шама етилип атирған шахсларди миллий дәрежедеги қайта бағдарлаӯ системасин тастийиқлаӯ ҳаққинда» ғи қарари қабил етилди. Бул система жәбирленген шахсларди идентификация етиӯ ҳәм қайта бағдарлаӯ тәртибин белгилейди.

Адам саӯдасинан жәбирленгенлерге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиӯ ҳәм оларди социаллиқ реабилитация етиӯ мақсетинде, Ташкент қаласинда Адам саӯдасинан жәбирленгенлерге жәрдем бериӯ бойинша республика реабилитация орайи жумис ислеп келмекте.

2013-жилдан баслап ҳәр жили жәҳәнде 30-июл-«Халиқ аралиқ адам саӯдасина қарси гүресиӯ күни» сипатинда белгиленип келинеди. Бул сәне Бмшниң басламаси менен енгизилген болип, ониң тийкарғи мақсети-адам саӯдаси машқаласина кең жәмиецҳилик итибарин қаратиӯ, адамларди хабардар етиӯ ҳәм жәбирленгенлерге жәрдем бериӯге шақириӯдан ибарат.

Дүня бойлап уси сәнеде түрли ағартиӯшилиқ илажлар, форумлар, жәмиетлик акциялар, медиа жойбарлар өткериледи. Өзбекстанда да бул сәне мүнәсибети менен ҳәр жили «30 күн-Адам саӯдасина қарси гүресиӯ айлиғи» шеңберинде түрли үгит-нәсият илажларин өткериӯ дәстүрге айланған.

Жуӯмақластирип айтқанда, адам саӯдасина қарси гүресиӯ тек ғана мәмлекет яки ҳуқиқ қорғаӯши органлардиң ӯазийпаси емес, бәлким бәршемиздиң улиӯма миннетимиз. Себеби, инсан өмири ҳәм еркинлиги-ең жоқари муқаддес қәдирият есапланади.

 

Шерзод ХОЛТЎРАЕВ,

ИИМ ОҚД ЖҚХ Комиссиялар жумисин муӯапиқластириӯ бөлимшеси баслиғи, подполковник.

Адолат ФАЙЗИЕВА,

өз хабаршимиз.

Қарақалпақ тилине аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.

 

 

Мағлиӯмат орнинда:

Дүня көлеминде адам саӯдаси қурбанларинин аниқ санин аниқлаӯ қийин. Бирақ БМШ ниң мағлиӯматларина көре, ҳәр жили кеминде 25 миллионға жақин адамлар түрли көринислерде эксплуатация етиледи. Олардиң 70 процентке жақини ҳаяллар ҳәм қизлар, 30 процентке жақин бөлеги болса балалардан ибарат.

Өзбекстан Республикасинда 2023-жилда 135 адам саӯдаси менен байланисли жинаят дизимге алинған болса, 2024-жил жуӯмағина көре, бундай жинаятлар сани 177 ге жеткен. Олардан 129 и жинисий эксплуатация, 5 ин мийнет эксплуатацияси қураған болса, 43 и бала саӯдаси менен байланисли ҳалатлар дизимнен өткен. 91 Өзбекстан Республикаси пуқаралари (ҳаял ҳәм қизлар) алдаӯ жоли менен шет еллерге алип кетилип атирған ӯақитта шегара постлари, аэропорт ҳәм вокзалларда тоқтатип қалинған.

2008-жилдан берли Адам саӯдасинан жәбирленгенлерге жәрдем бериӯ бойинша Республика реабилитация орайи жумис алип баради Бир ғана 2024-жилдиң өзинде 108 жәбирленгенлер  уси орайларда даӯаланади.

ИИМ мағлиӯматларина көре, 2025-жилдиң дәслепки шерегинде 40 тан артиқ уси сияқли ҳалатлар паш етилди, 50 ге жақин жумисқа орналастириӯ бәнеси менен алдап шет еллерге шиғариӯға уриниӯ болған.