Жәмиетте тинишлиқти сақлаӯ, инсан қәдрин жоқари тутиӯ, пуқаралар қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ реформалардан гөзленген мақсетлерге ерисиӯдиң әҳмиетли шәрти есапланади. Бүгин Қарақалпақстан Республикасинда пидәкерлик пенен хизмет алип барип атирған ишки ислер органлари хизметкерлериниң жумис бариси да жоқарида атап өтилген уси мақсетлер менен үйлес екенлигин сезиӯ қийин емес.

ИТИБАР ЖИГЕРГЕ УМТИЛДИРАДИ

Ҳаял-қизлардиң жәмиеттеги ролин және де арттириӯ, олардиң белсендилигин ҳәр тәреплеме қоллап-қуӯатлаӯ бағдаринда әмелге асирилип атирған жумислар нәтийжесинде ишки ислер органларинда хизмет етип киятирған ҳаял хизметкерлерде көплеген жетискенликлерди қолға киргизбекте. Атап айтқанда, «Итибар-2024» таңлаӯиниң Қарақалпақстан Республикаси басқишинда Қанликөл раёни ИИБ ЖҚХ ҲПБ ҳаял-қизлар мәселелери бойинша аға инспектори, аға лейтенант Лаззат Юсупова «Жилдиң ең белсенди ишки ислер хизметкери» номинациясина мүнәсип деп табилди.

Л.Юсупова дәслепки мийнет жолин 2022-жили Бозатаӯ раёни ИИБ ЖҚХ ҲПБ Жас өспиримлер ҳәм жаслар менен ислесиӯ топари жас өспиримлер мәселелери бойинша инспектор-психологи лаӯазиминан баслаған. Өткен жил феврал айинан баслап Қанликөл раёни ИИБ ЖҚХ ҲПБ ҳаял-қизлар мәселелери бойинша аға инспектори лаӯазиминда ислеп келмекте.

Профилактикалиқ илажлар дурис жолға қойилғани себепли өткен жил раён аймағинда ҳаял-қизлар арасинда жинаят жүз бермеди. Жил даӯаминда үйме-үй үйрениӯлер даӯаминда 53 ҳаял-қизлардиң машқаласи унамли шешимин тапти. Басим ҳәм зорлиқтан жәбир көрген 128 ҳаялға «қорғаниӯ ордери» рәсмийлестирилип, психологиялиқ, социаллиқ жәрдемлер берилди.

 

АДАСҚАНЛАРҒА ИМКАНИЯТ БЕРИП

Өткен жил декабр айи ҳалатина көре, Қарақалпақстан Республикаси ИИМ ЖҚХ Пробация бөлими қадағалаӯинда болған 3273 шахс пробация есабинан шиғарилған. Сондай-ақ, жазани өтеӯ мәкемесинен азат етилген 390 шахс пенен профилактикалиқ сәӯбетлесиӯлер алип барилип, олардиң социаллиқ, турмислиқ машқалаларин аниқлаӯ ҳәм сапластириӯ, денсаӯлиғин тиклеӯ, кәсипке бағдарлаӯ, бәнтлигин тәмийинлеӯ бойинша жумислари әмелге асирилди.

Өзбекстан Республикаси Президентиниң тийисли қарариниң оринланиӯи бойинша еркинен айириў жазасин өтеп, пробация есабина алинған 27 адамға дәслепки социаллиқ-материаллиқ жәрдем пакетлери ажиратилди. Ҳәзирги күнде олар исбилерменлик, өнерменцҳилик, усташилиқ жөнелислери бойинша жумис алип бармақта.

Қадағалаӯдағи шахслардиң социаллиқ бейимлесиӯи бойинша раён-қалаларда өткен ӯақит ишинде 180 мәртебе «Жумисқа мәрҳәмат» илажлари шөлкемлестирилип, 400 адам жумисқа орналастирилған. Буннан тисқари, 204 мәртебе көшпели судлар өткерилип, суд тәрепинен жүклетилген мәжбүриятларди өз ӯақитинда оринлап, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болған 1173 шахс мүддетинен алдин шәртли рәӯиште азат етилген. Ал керисинше, суд ҳүкимин бузип, жазадан қасттан мойин таӯлап жрген 253 шахстиң өтелмей қалған мүддети аӯир жаза түрине алмастирилған.

 

БИРГЕ ИСЛЕСИӮ НӘТИЙЖЕСИЗ ЕМЕС

Нөкис қаласиндағи «Гүзар» мәкан пуқаралар жийининдағи 1056 хожалиқта               4 миңнан аслам халиқ жасайди. Бул жерде тинишлиқти сақлаӯ, халиқтиң машқалаларин шешиӯде мәҳәлле жетилиги өз нәтийжесин бермекте.

Ҳақийқатинда да, бүгин пуқаралар қандай да бир машқалаға дус келсе, ең дәслеп, өзлери жасап киятирған жийинниң жуӯапкерлерине мүрәжат етеди. Әлбетте, бул бағдардағи жумисларди әмелге асириӯда аймақлиқ профилактика инспекторлариниң да мүнәсип үлеси бар екенлигин атап өтиӯ оринли болади. Әйне күнде «Гүзар» мәкан пуқаралар жийинина бириктирилген профилактика инспектори, капитан Хожаназар Бегжановти усиндай пидайи хизметкерлер қатаринда келтириӯ мүмкин.

− Мәкан пуқаралар жийинимизда «Абат ҳәм қәӯипсиз мәҳәлле» принципи тийкаринда мәнзилли жумислар әмелге асирип келинбекте. Атап айтқанда, өткен жилда 42 ҳаял-қизлар ҳәм жаслар өз қизиғиӯшилиқларинан келип шиққан ҳалда кәсип-өнерге оқитилди. Жеке исбилерменлик пенен шуғилланиӯ қәлеӯин билдирген 5 пуқараға тигиӯ машинаси ҳәм басқа зәрүр үскенелер тапсирилди. Сондай-ақ, пробация есбаиндағи 1 шахстиң турақли бәнтлиги тәмийинленди,-дейди профилактика инспектори.

Капитан Х.Бегжанов МПЖ ға бириктирилгенине көп ӯақит болмади. Бирақ ониң хизмет алип бариӯи нәтийжесинде аймақта криминоген жағдай жақсиланип, жинаяцҳилиқ көрсеткиши кемейиӯине ерисилди. Сонлиқтан да, халиқ арасинда мүнәсип абиройға ие.

 

ДӘЛИЛЛЕР «ТИЛ»ГЕ КИРГЕНДЕ...

Өткен жили Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Эксперт-криминалистика орайи хизметкерлери тәрепинен 5920 мәртебе оператив-қидириӯ ҳәм тергеӯ, экспертиза өткериў ҳәрекетлери алип барилған.

Сондай-ақ, орай хизметкерлериниң алип барған жумислари нәтийжесинде 434 жинаят бет-жүз дүзилиси бойинша фото ҳәм видео сүӯретлер арқали ашилған болса, 11 шахси нәмәлим дене ҳәм 3 өзи ҳаққинда мағлиӯмат бере алмайтуғин пуқараниң шахси аниқланған.

Орай хизметкерлери тәрепинен техникалиқ имканиятлардан кең пайдаланған ҳалда, раён-қала Иибларда жаңадан есапқа алинған, узақ мүддетке сирт елге шиғип кетип атирған ҳәм жасаӯ мәнзиллерине қайтип келген шахслардиң қол-бармақ излерин система базасина киргизип бариӯ жумислари турақли әмелге асирип келинбекте.

– Ҳәзирги күнде тараӯ хизметкерлери 13 түрдеги дәстүрий ҳәм арнаӯли экспертизани еркин түрде өткериӯ ушин руқсатнамаларға ие. Сондай-ақ, химиялиқ, баллистикалиқ ҳәм дактисколопик лабораториялар жетерли дәрежеде тәмийинленген болип, олардан хизмет даӯаминда нәтийжели пайдаланип келинбекте,-дейди ИИМ Эксперт-криминалистика орайи баслиғи, подполковник Мубарек Низаматдинов.

Қарақалпақстан Республикаси ИИМ ЭКО ҳәмде қала-раён ИИБ Эктлари хизметкерлериниң маманлиғин арттириӯ, оларди зәрүр методикалиқ қолланбалар менен тәмийинлеӯ жумисина айриқша итибар қаратилған.

 

ТУРАҚЛИ БАҚЛАӮДА

Соңғи пайитлари Мойнақ раёни республикамиздағи сирт елли туристлер көп баратуғин аймақлардан бирине айланип үлгерди. Сонлиқтан да, аймақта тинишлиқ ҳәм қәӯипсизликти тәмийинлеӯ мақсетинде пуқаралар ҳәм туристлердиң өз шахсин тастийиқлайтуғин ҳүжжетлерге ие болиӯин қадағалап бариӯ ҳәр қашанғидан да әҳмиетли есапланади. Сондай-ақ, раёнға келип-кетиӯши сирт ел пуқаралар дизимин қәлиплестирип бариӯ зәрүр әмеллерден бири.

Өткен жил даӯаминда раён ИИБ Миграция ҳәм пуқаралиқти рәсмийлестириӯ топари тәрепинен 5082 пуқараға ИД-карталар рәсмийлестирилип, өз иелерине тапсирилған. Сониң менен бирге, 1126 пуқараға сирт елге шиғиӯ биометриялиқ паспортлари берилген. Буннан тисқари, 998 пуқара турақли, 172 пуқара ӯақтинша дизимге алинған болса, сирт елден келген 283 пуқара ӯақтинша есапқа қойилған.

Миграция ҳәм пуқаралиқти рәсмийлестириӯ топари хизметкерлери аймақлиқ профилактика инспекторлари менен бирге раёндағи мийманхана, үй-мийманханаси, санаторий ҳәм хостеллерде турақли рәӯиште тексериӯ жумисларин алип барип, олардиң «Е-меҳмон» электрон системасина жалғанғани, келген мийманлардиң уси системада дизимге алинғани бойинша турақли бақлаӯ орнатилған.

 

ТИНИШЛИҚ ЖОЛИНДА

Аймақларда криминоген жағдайди жақсилаӯ, жинаяцҳилиқтиң алдин алиӯ ҳәм ҳуқиқбузарлиқлар профилактикасин нәтийжели алип бариӯ мақсетинде оринларда «Әҳмиетли 50 күн» илажи өткерилди. Илаж даӯаминда Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа ҳуқиқ қорғаӯ уйимлари менен биргеликте республикани жинаяттан жирақ аймаққа айландириӯ, жәмиетлик тәртипти сақлаӯ ҳәм пуқаралар қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдин алиӯ бойинша изшил илажлар әмелге асирилди

 

Арнаўли бет материалларин өз хабаршимиз Азамат ПИРНИЯЗОВ таярлади.