Бүгинги глобалласиӯ дәӯиринде ҳәр бир мәмлекеттиң тәбийғий ҳәм экономикалиқ имканиятлари менен бир қатарда инсан фактори, сол есапта, жас әӯладти тәрбиялаӯ, жетерли шәрт-шараятлар жаратиӯ, олардиң интеллектуал қәбилетинен нәтийжели пайдаланиӯ әҳмиетли. Себеби, мәмлекет ҳәм жәмиет басқариӯинда, бизнести раӯажландириӯда, улиӯма алғанда, барлиқ тараӯларди раӯажландириӯда қәбилетли жаслардиң айриқша орни бар. Олар жәмиет ушин «жаңа қан» ӯазийпасин атқаради. Жаңадан-жаңа баслама, идеяларди алға сүриӯ, заманагөй ис жүргизиӯ усилларин енгизиӯде әйне уси қатламниң көз-қараси, ҳәрекетлери айриқша әҳмиетке ие.
Ҳәзирде мәмлекетимиз халқиниң яриминан көбин жаслар қурайди. Әйне дәӯирде руӯхий-ағартиӯшилиқ жумисларин жеделлестириӯ, тәлим-тәрбия тараӯин реформалаӯ, жасларимиздиң заманагөй билимлерди пухта иелеген жоқари ақил-зәкаӯат иеси етип өсириӯ мәмлекетимиздиң басли ӯазийпаларинан бири есапланади. Бирақ, халқимиздиң өзине тән ҳәм мас болған миллий қәдириятларина тийкарланған тәрбия бойинша әзелий үрп-әдетлерине, әсиресе, жаслар тәрбиясина «ғалабалиқ мәденият», менталитетимизге жат идея ҳәм қараслар сая салип атирғани ҳеш биримизге сир емес. Бул процессте тәрбия мәселесине өз ӯақтинда қатаң итибар қаратип, бул ҳаққинда ағартиӯши бабамиз Абдулла Авлонийдиң «Тәрбия биз ушин я өмир-я өлим, я мәдет-я апат, я бахит- я пәлекет мәселесидур» деген мәнили сөзлерин ҳасла умитпаӯимиз лазим.
Хош, бүгин ертеңги күнимиз иелериниң әдеп-икрами, билим ҳәм қәбилети, руӯхий дүняси, бир сөз бенен айтқанда тәрбиясинан кеӯлимиз толип атирма?
Тән алиӯ керек, бүгинги глобалласиӯ бариси менталитетимизге жаңа идеялар, интернет ҳәм социаллиқ тармақлардағи рәңбе-рәң кеӯил ашар шоу-тамашалар, ойинлар, бир сөз бенен айтқанда, түрли «өнимлер» елимизге ғалабалиқ тәризде кирип келип атирғани бар гәп. Бунда және бир ашиқ ҳәм ашши ҳақийқат сонда, ҳәзирде көпшилик жасларимиздиң қоли бос болса дәрҳал қол телефони менен әӯэре болиӯи әдеттеги ҳалға айланип қалди. Қандайдур ойин ойнайди, қосиқ еситеди, филм тамашалайди, социаллиқ тармақлардағи түрли мағлиӯматлар менен танисади. Дурис, буниң жаман тәрепи жоқ.
Заманагөй хабар-коммуникация технологиялари, әсиресе интернеттиң раӯажланиӯи дәрежемизди бир неше есеге асирди, узағимизди жақин етип, жумисимизди жеңиллетти. Лекин, жасларимиздиң уяли телефонға тутқин болип баратирғани, интернет ҳәм социаллиқ тармақлар, олардағи мағлиӯматлардан ақилға муӯапиқ пайдаланиӯи бойинша қатаң ойлап көриӯ керек болған тәреплери бир талай. Бул, ең дәслеп, олардиң саламатлиғина, руӯхий дүнясина унамсиз тәсир көрсетеди. Әсиресе, соңғи ӯақитлари интернет тармақларинда алдаӯ ҳәм ғәрез мақсетлер жолинда тарқатилип атирған түрли хабар ҳәм мағлиӯматлар ағимина жаслар аңсат кирип кетпекте. Нәтийжеде, ақти қарадан, жақсини жаманнан ажирата алмастан, әллекимлердиң қурбанина айланбақта.
Жасларимиздиң руӯхий дүнясин жетилистириӯ, оларда жүрис-турис әдеби, мәмиле ҳәм кийиниӯ мәдениятинда шекти сақлай билиӯ көнликпесин пайда етиӯ ушин миллийлик ҳәм заманагөйлик үйлесиӯин тәмийинлеӯимиз шәрт. Бул бағдарда унамли нәтийжеге ерисиӯ ушин тек ғана педагоглар, ҳуқиқ қорғаӯ органлари, жаслар менен бирге ислесиӯши шөлкемлер емес, бәлким, кең жәмиецҳилик биргеликте жумис алип бариӯи, атап айтқанда, түсиндириӯ ҳәм үгит-нәсият жумисларин күшейтиӯ лазим. Әсиресе, мәҳәллелерде, ҳәр бир шаңарақта жәмиетлик-руӯхий орталиқти жақсилаӯ, ата-ананиң перзент тәрбиясина, олардиң бос ӯақитларин мазмунли шөлкемлестириӯге болған итибари ҳам жуӯапкершилигин арттириӯ, өсип киятирған әӯлад санасинда ҳеш қандай идеялиқ бослиққа орин қалдирмаӯға айриқша итибар қаратиӯ керек.
Уси оринда бүгин халиқ аралиқ көлемде илим-пән, хабар-технологиялари, мәденият, спорт ҳәм басқа тараӯларда өзиниң талант ҳәм қәбилетин көрсетип, жоқари нәтийжелерди қолға киргизип киятирған жасларимизди миллет мақтаниши, ибрат үлгиси сипатинда теңлеслерине өрнек етип көрсетиӯ, оларға ҳәӯэс пенен қараған миңлаған көзлерде умтилис оятиӯ пайдали себеплерден бири болади. Әйне глобалласиӯ дәӯиринде жаслардиң руӯхий дүняси олардиң алдина қойған ҳам қойип атирған мақсетлер тәрепке қарай пухта жөнелис берилгенине байланисли. Бунда өзлестириӯ көнликпелериниң пайда болиӯи инсанниң туӯилғанинан шахс сипатинда қәлиплесиӯине шекем даӯам ететуғинлиғин инабатқа алсақ, идеологиялиқ иммунитет үлкен әҳмиетке ие есапланади.
Сонлиқтан, көп китап оқиған, өз тарийхин билген, миллетиниң қәдириятларин қәдирлеген жаслардиң түрли хабар ағимлари тәсирине түсип қалиӯ итимали төмен болади. Себеби, Жаңа Өзбекстанда тек ғана билимлендириӯ системаси емес, бәлки барлиқ тараӯларда билимли, жетик ҳәм заман менен тең қәдем таслайтуғин жас әӯладти тәрбиялаӯдай ийгиликли ислер негизинде әйне усиндай мақсетлер жәмленген.
Гулноза ТУРҒУНБОЕВА.
