Тарийхтан мәлим болғаниндай, түркийлер дүняниң көп бөлегин басқарған, Қитайдан Мисрға шекем, Венгриядан Индияға шекем түркий ҳүкимдарлар ҳүкимет жилаўин қолларинда услап турған. Түрк қағанатлиғи, Хазар қағанатлиғи, Ғазнавийлер, Салжуқийлер, Алтин Орда, Әмир Темур салтанати, Мисрдағи мамлюклер династияси, Бобурийлер, Усмонийлер империялари, Шейбанийлер мәмлекети-бул жәҳән тарийхи ҳәм мәдениятина үлкен үлес қосқан улли түркий мәмлекетлердиң бир бөлеги.
Тилекке қарси, мине усиндай үлкен салтанатларға тийкар салған сәркардалар, жәҳән илим-пәни ҳәм мәдениятина бийбаҳа үлес қосқан алимларға бесик болған журтта дәслеп Пацҳа Россияси империяси, кейин ала советлер дәўиринде алип барилған сиясат нәтийжесинде халқимиз өзиниң ҳақийқий тарийхин дерлик умита жазлади.
Басип алиўшилар түркийлердиң жаўингерлик руўхин төменлетиў, көтерилис ҳәм қозғалаңлардиң алдин алиў ушин, ең дәслеп, олардиң руўхийлиғи, миллий сезимлеринен айириўға зор берип ҳәрекет етти. Түркистан генерал-губернатори М.Скобелевтиң «Миллетти жоқ етиў ушин они қирип жибериў шәрт емес, ониң мәдениятин, көркем өнерин, тилин жоқ ецең болди, тез арада өзи-ақ жоқ болип кетеди... » деген сөзлери Түркистандағи жаўлап алиў сиясатиниң мәнисин ашип береди. Әсиресе, советлер ҳүкимранлиғи өткен жетпис жилдан артиқ дәўир ишинде режели тәризде халқимиздиң руўхийлиғина қарси алип барилған сиясат нәтийжесинде олар бул ниетине белгили бир дәрежеде еристи.
Советлер Аўқаминда барлиқ миллетлер теңлиги ҳаққинда айтилса да, бундай алип қарағанда «жең ишинде» бул халиқларға қарси, оларди кемситиў, аўқам қураминда мәжбүрий ҳәм турақли бақлаўда услап туриў сиясати алип барилди. Бул сиясат совет дәўириниң ең соңғи күнлерине шекем әмелде болди.
Өзликти аңлаўға қарай жол
Ғәрезсизлик жилларинда Өзбекстанда миллий тарийхимизди қалис үйрениў, түрли басимларға қарамастан, әсирлерден өтип жасап келген миллий қәдириятларимизди, бай руўхий мийрасимизди қайта тиклеў, бир сөз бенен айтқанда, узақ жиллар басқиншилиқ зулиминан езилген халиққа өзлигин аңлатиў ҳәм тарийхий әдилликти тиклеў бойинша көплеген унамли ислер әмелге асирилди. Миллий мәдениятимизға, жәҳән цивилизацияси раўажина үлкен үлес қосқан бабаларимиз–Имам Бухарий, Имам Термизий, Баҳоуддин Нақшбанд, Хожа Ахмет Яссауий, Ал-Хорезмий, Ал-Ферғаний, Ибн Сино, Жалолиддин Мангуберди, Әмир Темур, Мирза Улуғбек, Әлийшер Наўайи, Бабур ҳәм басқа көплеп бабаларимиздиң илимий ҳәм руўхий мийраси халқимизға қайтарилди, туўилған сәнелери пүткил мәмлекет, ҳәттеки, халиқ аралиқ көлемде кең нишанланди, шиғармалари қайта-қайта баспадан шиғарилди.
Ўатанимиз азатлиғи жолинда шаҳид кеткен ағартиўшилар-Абдулла Авлоний, Мунаввар қори Абдурашидхонов, Абдулла Қодирий, Шолпан, Фитрат, Усман Носир, Файзулла Хужаев ҳәм басқа да ҳақийқий халиқ перзентлериниң пәк атлари тикленип, шиғармалари баспадан шиқти.
2000-жил 12-май күни Ташкентте басип алиўшилиқ дәўири қурбанлари ядин мәңгилестириў мақсетинде «Шаҳидлар естелиги» комплекси, 202-жил 31-августте уси комплекс аймағинда «Қатаған қурбанлари естелиги» музейи салтанатли рәўиште ашилди ҳәм 31-август мәмлекетимизде «Қатаған қурбанларин еске алиў күни» деп жәрияланди.
Наўриз, Рамазан ҳәм Қурбан ҳайитлариниң кең нишанланиўи, узақ жиллар итибарсиз қалған тарийхий естеликлер, мешит-медиреселердиң тиклениўи, зиярат оринлариниң қайта оңланип, абат етилиўиниң тийкаринда миллий руўхийлиғимизди жетилистириў, өзлигимизди аңлаў мақсети гөзленген десек қәте болмайди.
Халиқтиң қәддин руўхи тиклейди
Бул сияқли жумислар бүгинги күнде де даўам еттирилмекте. Себеби, ҳәзирги қурамали ҳәм тәшиўишли дәўирде ғәрезсизлигимизди ҳәр тәреплеме беккемлеў, тарийхимиздиң белгисиз бетлерин тиклеў ҳәм илимий көз–қарастан терең үйрениў, ағартиўши бабаларимиздиң Ўатан азатлиғи ҳәм журт раўажланиўи ҳаққиндағи идеяларин керек болса «қайта тирилтиў», олардиң батирлиғи ҳәм мәртлиги мисалинда жас әўладти ўатансүйишилик руўхинда тәрбиялаў, Ўатан тәғдири ҳәм келешегине жуўапкершилик туйғисин, пуқаралиқ позициясин күшейтиў жүдә әҳмиетке ие.
Президентимиздиң қатар пәрман ҳәм қарарларина тийкар ағартиўши бабаларимиздиң муқаддес арзиўларин әмелге асириў, мәмлекетимизде жаңа-үшинши Ренессанс тирнағин жаратиў стратегиялиқ ўазийпа етип белгиленди. Атап айтқанда, 2020-жил 8-октябрдеги «Қатаған қурбанлариниң мийрасин және де терең үйрениў ҳәм олардиң естелигин мәңгилестириўге байланисли қосимша ис-илажлар ҳаққинда» ғи бийлиги ҳәм де «Сиясий қатаған қурбани болған жерлеслеримиздиң өмири ҳәм мийнет жолин үйрениў, үгит–нәсиятлаў ҳәм де олардиң естелигин мәңгилестириў бойинша жумисларди кеңэйтиў ҳаққинда» ғи қарарлар бул бағдардағи унамли жумисларди сипат ҳәм көлем тәрепинен жаңа басқишқа көтериўге имкан жаратти.
Беҳбудий, Шолпан, Мунаввар қори, Ибрат, Фитрат, Абдулла Қодирий, Ғулом Зафарий сияқли жадид бабаларимиз, Исломхўжа, Баҳадир Жалаңтөс киби мәмлекетлик ғайраткерлердиң өмири ҳәм хизметлери ҳаққинда ҳүжжетли ҳәм көркем филмлер таярланиўи, жадидлер жумисларина тийисли көплеген жаңа изертлеўлер ҳәм китаплардиң баспадан шиғиўи, спектакллердиң қойилиўин буған мисал етип келтириў мүмкин.
Бул бағдардағи жумислар ҳуқиқий тараўда да даўам еттирилип, 2021-2024 жиллар даўаминда Өзбекстан Республикаси Олий суди тәрепинен 1 миң 200 ден артиқ сиясий қатаған қурбанлариниң ақланғанин мәмлекетимиз социаллиқ–сиясий ҳәм мәдений турмисиндағи үлкен ўақия, бир сөз бенен айтқанда тарийхий әдалаттиң тиклениўи деп айтиў мүмкин. Ең тийкарғиси, ғәрезсизлик жилларинда тарийхий әдалаттиң тиклениўи нәтийжесинде халқимизға қайтарилған улли бабаларимиздиң руўхий мийраси, ибратли турмиси, өз жанин аямастан Ўатан азатлиғи жолинда көрсеткен мәртлиги жаңа Өзбекстанди қуриўда халқимизға жүдә үлкен руўхий күш–қүдирет бағишлап келмекте.
Жуўмақ ретинде айтиў мүмкин, уси улли тарийхимиздан сабақ алған, бабаларимиздиң пәк атларин таниған жаслардиң оларға мүнәсип әўлад болиўина умтилиўи, миллий руўхи бәлент, шин мәнисте ўатансүйгиш шахс сипатинда кәмал табиўи шубҳасиз.
Элбек НОРМЎМИНОВ,
Ишки силер министрлиги музейи баслиғи,
маёр.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
