Мәмлекет ғәрезсизлиги-бул халиқтиң өз келешегин өзи белгилеӯ ҳуқиқи есапланади. Бул ҳуқиқ бәршениң өз журти ҳәм халқи алдиндағи жуӯапкершилигинде аңлатади.

Ғәрезсизлик жәрияланғаннан берли өзбек халқи өз тәғдирин өзи ғәрезсиз тәризде белгилеӯден ибарат болған ҳуқиқти нәтийжели әмелге асирип келмекте. Пидәкерлик гүрес жуӯмағи болған ғәрезсизлик әсирлер даӯаминда ониң ушин гүресип келген халиққа кең тарийхий имканиятлар ашип берди. Ғәрезсизликтиң дәслепки жиллари Өзбекстанда жедел миллий мәмлекет қурилиси, халиқтиң миллий өзлигин аңлаӯдиң күшейиӯи, көп әсирлик руӯхий-әдеп икрамлиқ қәдириятлардиң қайта тиклениӯ дәӯири болди.

Ғәрезсизлик Өзбекстан халқина қәддин бәлент тутиӯ, өз жериниң ҳақийқий иеси деп сезиниӯ, өзбек халқина шин мәнисте қәдир-қимбат туйғисин, тил ҳәм руӯхийлиғин қайтариӯ имканиятин берди. Ғәрезсизлик Өзбекстан әӯэл бастан миллий мәмлекет қурилисиниң тийкарғи бағдари сипатинда демократиялиқ қәдириятларди, шахстиң ҳуқиқ ҳәм еркинликлерин тәмийинлеӯ, еркин базар экономикасин пайда етиӯ жолин таңлади.

Ҳәзирги дүня глобалласиӯи барисинда ҳәр бир мәмлекет өзлигин сақлап қалиӯи, өзиниң ғәрезсиз сиясатин жүргизиӯи үлкен ҳәм қийин мәселе. Бирақ, Өзбекстан буни әмелге асирмақта. Бул ҳақийқатти Президентимиздиң абиройли халиқ аралиқ әнжуманларда билдирип атирған әҳмиетли мәселелердеги әмелий усинислари халиқ аралиқ көлемде тән алинип атирғани дәлиллеп тур.

Бүгинги күнде пүткил халқимиздиң қәлбинен терең орин алған, улиӯма миллий ҳәрекетке айланип баратирған «Жаңа Өзбекстан» идеяси негизинде улли ҳәм жетик бабаларимиздиң арзиӯ-умтилислари ҳәм әрманлари жәмленген.

Ҳәзирги ӯақитта мәмлекетимизде әҳмиетли Ояниӯ процесси жүз бермекте. Сониң ушин «Жаңа Өзбекстан» ҳәм «Үшинши Ренессанс» сөзлери турмисимизда өзара уйғин ҳәм бирге жаңламақта, халқимизди улли мақсетлерге қарай руӯхландирмақта. Журтимиздиң жамали тез пәтлер менен өзгерип, күнделикли турмисимизда жаңаша мүнәсибетлер, жаңа имканият ҳәм қәдириятлар қәлиплесип атирғанин ҳәр қашанғидан көбирек сезинбектемиз. Әсиресе, «инсан ҳуқиқ ҳәм еркинликлери», «низам үстинлиги», «ашиқлиқ ҳәм әшкаралиқ», «сөз еркинлиги», «дин ҳәм исеним еркинлиги», «жәмиецҳилик қадағалаӯи», «гендер теңлик», «жеке мүлик қол қатилмаслиғи», «экономикалиқ хизмет еркинлиги» сияқли фундаментал демократиялиқ түсиниклер ҳәм турмислиқ көнликпелер ҳәзирги ӯақитта реаллиққа айланип баратирғани итибарға илайиқ.

Халқимиз турмисинда мәжбүрий мийнет, атап айтқанда, балалар мийнети, жумиссизлиқ, кәмбағаллиқ, коррупция, халиқти үй-жай менен тәмийинлеӯ, тәлим ҳәм медицина менен байланисли машқалалар бар екенлиги ашиқ тән алинип, олар кең жәмиецҳилик пенен бирге сапластирилмақта. Бүгин адамларда әдилликке, ҳақийқатқа исеним пайда болмақта. Олар түрли дәрежедеги басши ҳәм лаӯазимли шахслардиң жумисина қалис баҳа бермекте, кемшиликлерин ашиқ синға алмақта.

Мәмлекетимиз басшиси атап өткениндей, бүгин жәҳән көлеминде журтимиз ҳаққинда сөз етилгенде « Жаңа Өзбекстан» ибараси тилге алинбақта. Бул кейинги жилларда раӯажланиӯдиң пүткиллей жаңа басқишина қәдем қойғанимиз, ерисилип атирған салмақли жетискенликлеримиздиң тән алинғани есапланади.

Өткен тарийхий қисқа дәӯирде мәмлекетимиздиң Орайлиқ Азия ҳәм жәҳән көлеминдеги сиясий орни ҳәм абиройи кескин артти. Дүняда Жаңа Өзбекстанға болған исеним руӯхи ҳәм мәмлекетимиз бенен бирге ислесиӯге умтилислар күшейди. Журтимизда тинишлиқ ҳәм турақлилиқти беккемлеӯ, инсан ҳуқиқлари, еркинлик ҳәм мәплерин әмелде тәмийинлеӯ, базар экономикаси принциплерин раӯажландириӯ арқали халиқ абаданшилиғин асириӯ, сиртқи сиясат жөнелисинде Орайлиқ Азия аймағинда дослиқ ҳәм бирге ислесиӯ руӯхин күшейтиӯ, дүнядағи раӯажланған мәмлекетлер қатарина кириӯ Жаңа Өзбекстанда әмелге асирилип атирған реформалардиң бас мақсети етип белгиленди.

Биринши нәӯбетте, қоңси мәмлекетлер менен мүнәсибетлеримизде жиллар даӯаминда жийналип қалған машқалалар шешилди. Шегаралар ашилди. Қоңси-қоңсиси менен, аға-иниси, ата-баласи, ағайин-ағайини менен үзилип қалған байланисларди тиклеп, бир мәмлекеттен екинши мәмлекетке емин-еркин барип келе баслади. Саӯда-экономикалиқ ҳәм мәдений-гуманитар байланисларимиз жедел раӯажланип бармақта.

Және бир әҳмиетли тәрепи сонда, Өзбекстан бүгин өзиниң узақти гөзлеген сиясати менен аймақ ҳәм жәҳәндеги сиясий процесслердиң белсенди қатнасиӯшисина айланди. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Парламентлер аралиқ Аӯқам, Европа Аӯқами, Европада қәӯипсизлик ҳәм бирге ислесиӯ шөлкеми, Шанхай бирге ислесиӯ шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослиқ Аӯқами, Ислам бирге ислесиӯ шөлкеми сияқли халиқаралиқ ҳәм континентлер аралиқ шөлкемлер менен бирге ислесиӯимиз жаңа басқишқа көтерилди.

Мәлим болғаниндай, уси дәӯир- «Жаңа Өзбекстан», «Өзбекстан раӯажланиӯиниң жаңа басқиши» деген атлар менен Ӯатанимиз тарийхинда, жәҳәндеги бирге ислесиӯ мүнәсибетлеримиз барисинда жүдә әхмиетли орин иелеп келмекте. Бул дәӯир-Өзбекстанди, жәмиетимиз турмисиндағи сиясий-жәмиетлик, экономикалиқ мүнәсибетлерди пүткиллей өзгерткен, мәмлекетимизди жаңа демократиялиқ тәризде әлемге танитқан дәӯир есапланади.

Әдетте, мәмлекетимизде әмелге асирилип атирған реформалар ҳаққинда сөз етилгенде, мәмлекетимиз басшиси кемтарлиқ пенен «Биз еле излениӯдемиз, үйренбектемиз», деп бул жолда алдимизда бир-биринен әҳмиетли ӯазийпалар турғанин атап өтти. Ҳақийқатинда да, ҳәзирги ӯақитта елимизде мәмлекет басшисинан баслап бәрше буӯиндағи басшилар жаңаша шәраят, жаңаша орталиқта ислеӯге, изленип, үйренип, халиқ пенен турақли байланис орнатиӯ тийкаринда жумис алип бариӯға умтилмақта.

Жаңа Өзбекстан-үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет, жәрдемге мүтәж инсанлар ҳәм шаңарақларға-шин мәнисте көмек ҳәм жәрдем бериӯ, меҳир-ақибет көрсетиӯ турмисимиз қағийдасина айланип баратирған социаллиқ мәкан есапланади. Социаллиқ мәмлекет қуриӯдан мақсет, биринши нәӯбетте, ҳәр бир пуқараниң мүнәсип турмис сипати ҳәм дәрежесине ерисиӯден ибарат.

Мәмлекетимиз басшисиниң сөзи менен айтқанда «Жәмиет турмисиниң денеси экономика болса, ониң жани ҳәм руӯхи-ағартиӯшилиқ. Биз жаңа Өзбекстанди қуриӯда әйне уси еки беккем үстинге, яғний, базар принциплерине тийкарланған күшли экономикаға ҳәм бабаларимиздиң бай мийраси, миллий ҳәм улиӯма инсанийлиқ қәдириятларға сүенген күшли мәнаӯиятимизға таянамиз».

Ғайратулла Шукуров.

Аӯдармалаған Азамат Пирниязов.