8 март – Халиқ аралиқ ҳаял-қизлар күни.
Биз еркин ҳәм абат, демократиялиқ, дүняға ашиқ мәмлекетти дүзиӯде пүткил халқимиз қатари ҳаял-қизларимиз да үлкен үлес қосип киятирғанлиғин әлбетте, жоқари қәдирлеймиз. …Шаңарақ тиреги, жәмиет үстини болған аналаримиз, ҳаялларимиз өмирден рази , пүткил халқимиз турмистан рази болади
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикаси Президенти
Ҳаял-нәзик жан. Меҳир-муҳаббат, садиқлиқ ҳәм пидайилиқ тимсали. Елимизде ҳаяллар әзелден қәдирленип, ҳәмийше ардақлап-абайлап келинген. Себеби, ҳәр қандай жәмиет ҳәм мәмлекеттиң қайси дәрежеде халиқшил ҳәм әдалатли екенлиги ониң ҳаял-қизларға болған мүнәсибети, ғамқорлиғи менен белгиленеди.
Ҳаял-қизлардиң аӯирин жеңиллетиӯ, ҳуқиқ ҳәм мәплерин қорғаӯ, бәнтлигин тәмийинлеӯ, апа-қариндасларимиз ортасинда исбилерменлик орталиғин күшейтиӯ соңғи жилларда мәмлекетимиз сиясатиниң басли бағдарларинан бирине айланди.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз халқиниң дерлик яримин қурайтуғин ҳаяллардиң низамли ҳуқиқ ҳәм мәплерин тәмийинлеӯ, олардиң жәмиеттеги орни ҳәм абиройин асириӯ, бәнтлигин тәмийинлеӯ, талантин ҳәм қәбилетин жүзеге шиғариӯ, гендер теңликке ерисиӯ мәмлекет сиясатиниң басли жөнелиси сипатинда белгиленип, бул бойинша жумислар изшил әмелге асирип келинбекте. Ең әӯэле, ҳаял-қизларди барлиқ тараӯларда қоллап-қуӯатлаӯға қаратилған ҳуқиқий база жаратилди. Атап айтқанда, ҳаяллар ҳуқиқлари қорғалиӯин түп-тийкаринан күшейтиӯ, олардиң турмис шараятин жақсилаӯ, тәлим алиӯи ҳәм потенциалин жүзеге шиғариӯи ушин кең имканият жаратиӯға қаратилған 4 низам, мәмлекетимиз басшисиниң 10 ға жақин пәрман ҳәм қарарлари, Министрлер Кабинетиниң 14 қарари қабил етилди. Қатар халиқ аралиқ ҳүжжетлер ратификация етилип, миллий низамшилиғимиз тийкарлари жетилистирилди. Жаңаланған Конституциямизда болса ҳаял-қизлар ҳам еркеклердиң тең ҳуқиқлиғи, ҳаял-қизлар ҳәм еркеклерге мәмлекетлик жумисларди басқариӯда, сондай-ақ, жәмиет ҳәм басқариӯиниң басқа тараӯларинда тең ҳуқиқ ҳәм имканиятлар тәмийинлениӯи белгилеп қойилди.
Уси сияқли, ҳаял-қизлардиң сиясий турмисиндағи белсендилигин арттириӯға итибар қаратилип, Сайлаӯ кодексине депутатлиққа кандидатлар көрсетилип атирғанда ҳаяллар саниниң ең кем муғдарин кандидатлар саниниң улиӯма саниниң 30 процентинен 40 процентке арттириӯди нәзерде тутиӯши өзгерислер киргизилгени де итибарға илайиқ.
Соңғи жилларда ҳаял-қизлар машқалаларин үйрениӯ ҳәм шешиӯге қаратилған жумислар жаңа басқишқа көтерилди. Бир ғана «Ҳаяллар дәптери» бойинша үлкен қаржилар ажиратилип, миңлап ҳаял-қизларди қийнап киятирған машқалалар сапластирилмақта. Миңлап апа-қариндасларимиз мийнет базаринда талап жоқари болған кәсип-өнерлер ҳәм исбилерменликке оқитилмақта.
Халқимиз әзелден қизларға, аналарға миллет тәрбияшилари сипатинда айриқша итибар қаратип келген. Ағартиӯши бабаларимиз бийкарға «Аналарди оқицақ, миллетти оқитқан боламиз» деген пикир менен өзбек хаялларин билимли, илимли болиӯи жолинда жан күйдирмеген. Ҳәзирги күнде де болажақ аналаримиз болған қизлаирмиздиң жоқари тәлим алиӯи, заманагөй кәсип-өнер ҳәм технологияларди, шет тиллерин үйрениӯине үлкен әҳмиет берилмекте. Басқаша айтқанда, билим аламан, кәсип-өнер иелеймен, илим-пән менен шуғилланаман, деген ҳаял-қизлар ушин кең имканиятлар бар. Оларға арнаӯли квоталар ажиратилған, шәртнама төлемлери мәмлекет бюджетинен қапланип, жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Сөзимизге дәлил ретинде айтар болсақ, 2022-жилдан баслап жоқари билимлендириӯдиң магистратура басқишинда оқип атирған студент қизлардиң шәртнама төлемлери ушин ҳәр жили 200 млрд. сум қаржи ажиратилмақта.
Бундай ғамқорлиқ қизларимизда билим алиӯға болған хошамет, келешекте өзиниң мүнәсип орнин табиӯға болған умтилисларин күшейтпекте. Егер, буннан 6 жил алдин жоқари билимлендириӯ мәкемелеринде 110 миң ҳаял-қизлар билим алған болса, ҳәзирги ӯақитта булл цифра дерлик 5 есеге көбейди. Бул мисли көрилмеген нәтийже, әлбетте. Қалаберсе, ақирғи жети жилда 5 миңнан артиқ ҳаял-қизлар пән доктори (Дсc) ҳәм өз тараӯлари бойинша философия доктори (Пҳд) илимий дәрежесин табисли қорғағани қуӯанишли жағдай.
Улиӯма алғанда, ҳәзирги ӯақитта ҳаял-қизлардиң социаллиқ-сиясий процесслерде қатнаси кеңэйип, мәмлекет ҳәм жәмиет басқариӯиндағи орни ҳәм роли барған сайин артип бармақта. Атап айтқанда, ҳаял-қизлардиң мәмлекет басқариӯиндағи үлеси 2017-жилдағи 27 проценттен 35 процентке жеткени, жүдә әҳмиетли. Парламент жумисинда болса олардиң үлеси 32 процентке жетти. Бул Бирлескен Миллетлер Шөлкеми усинисларина толиқ сай келеди. Сониң менен бирге, соңғи бес жил ишинде елимизде исбилермен ҳаяллар сани еки есе көбейип, өз бизнесин жолға қойған исбилермен ҳаял-қизлар сани 205 миңнан асти.
Басқа көплеген тараӯлар сияқли, мәмлекетимиз ишки ислер органларинда да көплеген пидайи ҳаял-қизлар хизмет етпекте. Олар арасинда ел тинишлиғи ҳәм халиқтиң татиӯлиғин тәмийинлеӯ жолиндағи пидәкерлик хизметлери себепли мәмлекетимиздиң жоқари сийлиқлари менен сийлиқланған, түрли халиқаралиқ спорт жарисларинда, белгили көрик-таңлаӯларда жеңип шиққан, улиӯма алғанда, хизметте ҳәм турмиста үлкен жетискенликлерге ерисип атирғанлари жетерли. Еркеклер менен бир сапта турип хизмет етип атирған әйне усиндай апа-қариндасларимиз менен ҳәр қанша мақтансақ арзийди.
Қулласи, бүгин фермерлик ҳәрекети дейсизбе яки бизнес, илим-пән, медицина, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем-өнер тараӯларин аласизба, бирде-бирин ҳаялларсиз көз алдимизға келтирип болмайди.
Қуӯанишлиси, мәмлекетимизде ҳаял-қизларди қоллап-қуӯатлаӯ, олардиң жәмиеттеги роли ҳәм абиройин асириӯ бойинша әмелге асирилип атирған жумислар халиқ аралиқ көлемде кең түрде атап өтилмекте. Мәселен, Жәҳән банкиниң өткен жили жәрияланған «Ҳаяллар, бизнес ҳәм низам» атли жиллиқ есабатинда Өзбекстан гендер теңлик бойинша дүнядағи ең тез раӯажланип атирған 5 мәмлекет қатаринда көрсетилди. 190 мәмлекеттеги ҳалат 10 көрсеткиш бойинша баҳаланған бул индексте мәмлекетимизде, әсиресе мийнет мүнәсибетлери ҳәм шаңарақтағи зорлиққа қарси гүресиӯ тараӯинда әмелге асирилған реформалар табисли деп табилған.
Түрли тараӯ ҳам тармақларда пидәкерлик хизмет етип атирған ҳаяллардиң мийнетин мүнәсип қәдирлеӯ мәмлекетимиздиң турақли итибаринда. Ғәрезсизлик жилларинда Ӯатанимиз ҳәм халқимиз алдиндағи мүнәсип хизметлери ушин ҳаяллардан 17 си ең жоқари сийлиқ «Өзбекстан Қаҳармани» атағи менен сийлиқланди. Қалаберсе, 11 ҳаял-қиз пән тараӯиндағи ең жоқари дәрежеге, яғний, академик дәрежесине сазаӯар болғани, миңлап ҳаял-қизларимиз мәмлекетимиздиң ҳүрмет дәрежелери, орден ҳәм медаллари менен сийлиқланғани ел-журтимиздиң оларға болған жоқари сий-итибари сипатинда баҳалаӯ оринли. Себеби, Президентимиз сөзи менен айтқанда, «Қәдир ҳаялдан басланса, қәдиримиз және де жоқари болади!»
Камол ОЛЛОЁРОВ,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
