Мәмлекетимиз ишки ислер органлари хизметкерлериниң хизмет интизами ҳәм де низамшилиққа қатаң әмел етиӯи тараӯ имиджи ҳәм абиройин асириӯда үлкен әҳмиетке ие.

Сонлиқтан, бүгинги күнде «Ӯатанға ҳам халиққа садиқлиқ пенен хизмет етиӯ-әдиӯли миннетимиз!» концептуал қағийдаси тийкаринда хизметкерлер санаси ҳәм кеӯлинде ана Ӯатан тәғдири, ониң айдин келешеги, тинишлиғи, қәӯипсизлигин тәмийинлеӯге жуӯапкерлик туйғисин арттириӯ, инсанийлиқ ҳәм миллий қәдириятларди улиғлаӯши пазийлетлер иеси болиӯға көмеклесиӯ, ең әҳмиетлиси, ҳәр қандай аӯир ҳәм қурамали жағдайларда да антина садиқ қалиӯши, жанин пидә етиӯши хизметкер болип жетилисиӯин тәмийинлеӯ ушин бир қатар тәрбиялиқ ҳәм руӯхий-ағартиӯшилиқ жумислари алип барилмақта.

Қашан тараӯ хизметкерлери руӯхий-ағартиӯшилиқ ҳәм сиясий тәрептен жетик, миллий ҳәм улиӯма инсанийлиқ қәдириятлар, демократиялиқ принциплер ҳәм де пуқаралиқ жәмиети тийкарларин ҳәр тәреплеме пухта өзлестирген, еркин пикирлейтуғин, интеллектуал қәбилетли, идеологиялиқ иммунитетке ие, заманагөй қәӯип-қәтерлерге сергек, бир сөз бенен айтқанда, өз тараӯиниң санали билимдани болса, бундай жеке қурам жуӯапкершилигине жүклетилген ҳәр қандай ӯазийпани, шубҳасиз кеӯилдегидей оринлайди.

Бирақ, тилекке қарси айирим ӯақитлари тараӯда өз кәсибине меҳри болмаған, ӯазийпасина жуӯапкерсизлик пенен қарайтуғин бази бир хизметкерлердиң унамсиз ис-ҳәрекетлери себепли пүткил тараӯ хизметкерлери абиройина дақ келтириӯшилер де уширасип атирғани сир емес. Әсиресе, бүгинги әшкаралиқ, ғалаба хабар қураллари ҳәм интернет тармақлариниң жеделлесиӯи нәтийжесинде бундай унамсиз ҳалатлар қисқа ӯақит ишинде кең жәмиецҳиликке тарқалип атирғани бәршемизге мәлим.

Сонлиқтан, министрлик басшилиғи тәрепинен усиндай унамсиз ҳалатлардиң алдин алиӯға, оларға кескин шаралар қоллаӯға айириқша итибар қаратилмақта. Себеби, бир хизметкрдиң унамсиз ис-ҳәрекети, қилмиси күн-түни тиним билмей өз ӯазийпасин атқарип атирған пүткил жеке қурамниң, халқимизға садиқлиқ пенен хизмет етип атирған ҳадал, пәк, пидайи хизметкерлердиң атина дақ түсиреди. Ең жамани, халқимизда ишки ислер хизметкерлерине болған унамсиз пикир оятип, тараӯ имиджине, мисқаллап жийналип атирған абиройина кери тәсир етеди.

Сониң ушин хизмет интизамин бузиӯши хизметкерлерди ерте аниқлаӯ, әсиресе тараӯди дәмегөйлик, парахорлиқ иллетлерине, коррупцияға араласқан хизметкерлерден тазалаӯ бойинша айириқша ис-илажлар турақли рәӯиште, режеге тийкар алип барилмақта. Әлбетте, бунда үйрениӯши ҳәм тексериӯши жуӯапкерлер тәрепинен хизметкерлердиң жеке ҳуқиқ ҳәм мәплерине қайши келиӯши ҳәрекетлер ислениӯине жол қоймаӯ, ҳалат жүзесинен әдалатли қарар қабил етилиӯине айириқша итибар қаратилмақта. Неге дегенде, ҳәр бир хизметкер белгили бир билимлендириӯ орнинда оқиған, мәлим мүддет тараӯда ислеп жетерли тәжирийбеге ие болған қәниге есапланади. Қалаберсе, они оқитиӯ ушин мәмлекет қаржиси жумсалған, тәрбиялаӯға устазлар мийнети, тәжирийбе арттириӯға болса жиллар сарипланған. Сонлиқтан, хизметкер бойинша алинған ҳәр бир мағлиӯмат диққат пенен үйренилиӯине айириқша итибар қаратиӯ әҳмиетке ие. Буннан тисқари, жәмәәттеги орталиқтиң ашиқ болмаӯи, басши ҳәм хизметкер ортасиндағи тартисли мүнәсибетлердиң пайда болиӯ да жеке қурам ортасинда хизмет интизами ҳәм низамшилиқтиң бузилиӯина себеп болиӯши унамсиз себеплерден есапланади. Сонлиқтан, басшилар тәрепинен хизметкерлердиң хизмет барисина тийкарсиз араласиӯ, тосқинлиқ етиӯ яки тиккелей (басқалар арқали) тәсир өткериӯге уриниӯ қатаң қадаған етиледи. Бундай ҳалатлар аниқланған жағдайда , оған жол қойған лаӯазимли шахслар белгиленген тәртипте интизамий жуӯапкершиликке тартилади. Сониң менен бирге, хизметкерлер менен жетерли тәрбиялиқ ислер алип бармаған басши хизметкерлер жумиси унамсиз баҳаланған тәғдирде, олар материаллиқ ҳәм мораллиқ хошаметлеӯге усинис етилмейди.

Әлбетте, руӯхий-ағартиӯшилиқ жөнелисине тиккелей жуӯапкер басши хизметкер менен ҳүжжетлерде белгиленген руӯхий-ағартиӯшилиқ, профилактикалиқ ҳәм басқа тийисли илажларди өз ӯақтинда әмелге асирилғани тастийиқланған болса, хизметкер унамсиз ҳәрекетин әмелге асирған ӯақитта жуӯапкер басши кеселлик яки басқа түрдеги дем алиста ямаса хизмет сапаринда болса, хизметкер унамсиз ҳәрекетин ақирғи зәрүрлик, зәрүр қорғаниӯ шараятинда яки руӯхий бузилиӯ яки кеселлиги себепли әмелге асирғани тастийиқланса, басши жазаға тартилмайди.

Ашиғин айтқанда, хизметкерлердиң хизмет интизамина қатаң әмел етиӯи ҳәм низамшилиқти тәмийинлеӯи, ең дәслеп олардиң жәмиецҳилик арасинда өзин тутиӯина, қандай хизмет алип бариӯина байланисли. Егер хизметкер пуқара менен сәӯбетке кирисиӯден алдин өзин белгиленген тәртипте танистирса, арнаӯли көкирек нишани болса да пуқара оннан хизмет гүӯалиғин көрсетиӯди талап еце, ониң талабин оринласа, ортада келиспеӯшилик пайда болмайди. Тап уси тәризде, хизметкер тәрепинен пуқараға қарата қопаллиқ етиӯ, басим өткериӯ, қорқитиӯ сияқли унамсиз ис-ҳәрекетлерге жол қойилмаса, оған қарси арза ҳәм шағим келип түспейди.

Әлбетте, пуқара мәс ҳалатта болған, шахсин тастийиқлаӯши ҳүжжетти көрсетпеген яки қатаң қарсилиқ көрсеткен тәғдирде, өзи яки арнаӯли топар менен бирге зәрүрий шара сипатинда пуқараға қарата мәлим дәрежеде физикалиқ күш ислетиӯ яки басқа арнаӯли қуралларди қоллаӯ арқали ӯақицҳа услап, ең жақин ишки ислер органларина жеткериӯ шаралари көриледи ҳәм бул ҳаққинда тез арада туӯридан-туӯри басшиларға мағлиӯмат бериледи.

Бир сөз бенен айтқанда, «Ӯатан ушин, миллет ушин, халиқ ушин» күн-түн тиним билмей хизмет етип атирған хизметкерлердиң көшеде жүриӯи, кийим кийиӯ тәртибине әмел етиӯи, пуқаралар менен мүнәсибетлерден баслап, барлиқ ҳәрекетлери елдиң нәзеринде. Шүкирлер болсин, бул күнлер машақатлар изинен келетуғин абиройли күнлер есапланади. Ғәрезсизлик байрами қарсаңинда мәмлекетимиздиң жоқари сийлиқларина мүнәсип көрилген кәсиплеслеримиздиң бир қатари орден, медал ҳәм жоқари дәрежедеги арнаӯли атақлар менен сийлиқланғани буған айқин мисал деп айцақ ҳеш қандай қәте болмайди.


 

Ғайрат АБДУЛЛАЕВ,

подполковник.

Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.