Руўхийлиқ ҳәм ағартиўшилиқ сабағи

 

(9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни)

Жүдә аўир кешкен сол жилларда фронтқа шақирилған 1 миллион 950 миңнан артиқ өзбекстанли жаўингерлерден 538 миңнан аслами қурбан болған. Сондай–ақ, 158 миңнан аслами бийдәрек жоғалған, 870 миңнан аслами түрли жарақатлар алған, 60 миңнан аслами болса майип болип қайтқани жеңистиң қаншелли қимбатқа түскенин көрсетип тур.

Урис аймақларинан эвакуация етилген 1 миллион 500 миңға жақин жәбиркешлерге баспана берди. Ата–анасинан айирилған 250 миң жетим балаларға меҳир–ақибет көрсетип, соңғи бир тислем нанин да олар менен бөлисти.

Елимизде 9-май–Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улиўмахалиқлиқ байрам сипатинда белгилениўи негизинде инсанийлиқ, халқимизға тән болған меҳир-ақибет ҳәм кеңпейиллик пазийлетлери туради. Инсан яди менен тири, қәдири менен улли. Өткенлерди, олардиң қайирли жумисларин, қаҳарманлиғин еске алиў, қәдирлеў халқимизға тән унамли пазийлетлерден. Себеби, еслеў бул-умитпаў дегени. Саҳипқиран Әмир Темур да өз сөзин «Бизким…» деп Ўатанди, халиқти ҳәм ата–бабалар ҳүрметин орнина қойиў менен баслаған. Өз нәўбетинде, Мирза Улуғбек те, шайир ҳәм сәркарда Бабур да, шайирлар султани Әлийшер Наўайи да ата–бабалар руҳина мүнәсип, улли ислердиң даўамшиси болиўға умтилған. Сониң менен бирге, еслеў–тиришилик дереги. Оннан ийман–исеним менен суў ишкенлер әўлади қүдиретли ҳәм қәбилетли болади.

Тинишлиқ–раўажланиў гиреўи. Тинишлиғин жоғалтқан шаңарақ та, мәмлекет те ҳеш қашан қәтержам бола алмайди. Әйне уси идеяни нәсиятлаўға қаратилған миллий руўхий мийрасимиз бар. Олардиң бәршесинде тинишлиқтиң қәдирине жетиў түсиндириледи, урис болса пүткиллей қараланади.

Екинши дүня жүзилик урисинда қурбан болған ҳәр бир өзбекстанли–Ўатанимиз перзенти еди. Ғәрезсизлик жилларинда урис қурбанлариниң ати пайтахтимиздағи Еслеў майданина орнатилған темир «дәптер»ге алтин ҳәриплер менен жазип қойилди.

Еслеў майданиндағи темир «дәптер» лерде қатар–қатар атлар жазип қойилған болса, ериксиз бул исим–фамилиялардиң ҳәр бири инсан екенин ойлайсиз. Олар арасинан өзиңизге танис, қеўлиңизге жақин, қани–қаниңизға тутас адамларди излейсиз, табасизда...

Төрдеги қайғили Ана–Ўатан тимсали. «Сен ҳәр дайим қәлбимдесең, жигерим!»–деген сөзлерин тап ана Ўатан болип, халиқ болип айтип атирғандай...

Және бир мақтаниш пенен тилге алатуғинимиз әзим пайтахтимиз Ташкент қаласинда Президентимиз басламаси халқимиз қаҳарманлиғиниң тимсали сипатинда қурилған саўлатли «Жеңис бағи» естелик комплекси есапланади. Уси комплекс аймағинда «Шон-шараф» («Даңқ») мәмлекетлик музейи қурилған. Өзбек халқиниң Екинши жер жүзилик уриси жиллариндағи даңқли тарийхи, ана халқимиздиң қаҳарманлиғин бир пүтин сәўлелендирген бул комплекс халқимиздиң жиллар даўаминда арзиў–умтилисларин өзинде жәмлеген.

«Жеңис бағи»ниң улиўма майдани 14,6 гектар. Комплекс тимсаллиқ тәризде 12 аймаққа бөлинген болип, кирис бөлими, уристиң қорқинишли көриниси, орайлиқ майдан, әскерий техникалар майданшалари, темир жол вокзали, фронт арти аймағи, амфитеатр ҳәм админстративлик бина, матам ҳәм қайғи аймағи, қуўаниш–шадлиқ аймағи, жеңис аймағи, «Даңқ» мәмлекетлик музейи ҳәм шүкираналиқ аймағинан ибарат.

Бағтиң «Мәртлик гимни» комплексинде пүткил өзбек ҳаяллариниң садиқлиқ тимсалина айланған зәңгиаталиқ Зулфия Зокирова ҳәм ониң уриста қайтис болған бес баласиниң опали өмирлик жолдаслариниң естелиги орин алған.

«Көз жаси» комплексинде уристиң қорқинишли екенлиги, миллети ҳәм динине қарамастан, барлиқ адамлар бирлиги тимсалин көрсетеди.

«Даңқ» мәмлекетлик музейиниң жоқари бөлегинде Екинши дүня жүзилик урисинда қатнасқан 301 өзбекстанли қаҳарманлар ҳүрметине егилген тереклер, сондай–ақ, «Мәңги қаҳарманлиқ» деп аталған комплексте әпсанаға айланған өзбек генерали Сабир Рахимов ҳәм барлиқ өзбекстанли батир жаўингерлердиң өшпес естелиги орин алған. Бул комплекс елимизде тәрбияланған қориқпас, мәрт ҳәм батир, талантли сәркардалар, жаўингерлерден мақтаниш етиў, батирлиғинан ибрат алиў, дүнядағи ең улли халиқлардан бири екенлигимизди сезиниў, ўатанласларимизда уси ел, уси журт перзенти екенлигинен мақтаниш туйғилариниң ояниўина хизмет етеди.

«Жеңис бағи» естелик комплекси аймағинда Илимий орай жумис алип бармақта. Орайдиң жумиси Екинши дүня жүзилик уриста қатнасқан ҳәм қурбан болған жерлеслеримиздиң ядин тиклеўден ибарат.

Фронтта қайтис болған ўатанласларимиз ҳаққиндағи мағлиўматларди табиў мақсетинде Россия, Беларус, Полша, Австрия, Израйил, Япония ҳәм басқа мәмлекетлер менен жақин байланислар орнатилған. Бүгинги күнде 301 Аўқам Қаҳармани ҳәм «Шуҳрат» ордениниң толиқ кавалери болған 70 тен артиқ жерлеслеримиздиң мәртлиги ҳәм жаўингерлик жолин үйрениў бойинша илимий изертлеўлер даўам етпекте.

Екинши дүня жүзилик уриста қурбан болған аталаримиз ядин мәңгилестириў, бүгинги күнде де қатаримизда турип, Ўатанимиздиң абирой–мәртебесин жоқарилатиў, жасларди руўхий әдеп–икрамлиқ жақтан тәрбиялаўға үлес қосип киятирған ветеранларға ҳүрмет көрсетилип келинбекте. Уси мақсетте Өзбекстан Республикаси Президентиниң «Екинши дүня жүзилик урис қатнасиўшиларин хошаметлеў ҳаққинда» ғи Пәрманина муўапиқ, урис қатнасиўшилари ҳәм майиплари, оларға теңлестирилген шахслар ҳәм де, 1941-1945–жиллардағи урис дәўири мийнет фронти қатнасиўшилари материаллиқ хошаметленди.

Инсан бар екен, ониң яди–муқаддес. Ҳеш ким, ҳеш нәрсе ядтан шиқпайди. Халиқ бүгинги тиниш заманди асирап–абайлаў, қәдирине жетиў ушин уристи, ониң қаҳарманларин, жеңиске мүнәсип үлесин қосқан ҳеш бир адамди ядинан шетте қалдирмайди. Ишки ислер органларинда хизмет еткен Екинши дүня жүзилик урис қатнасиўшилари, ветеранлар, хизмет ўазийпасин оринлаў ўақтинда қайтис болған хизметкерлердиң шаңарақ ағзаларинан жағдайнина хабар алинади ҳәм қайтис болған адамлар яди еске алинади. Бул ҳәр қандай адамди руўхий жақтан беккемлейди, они жасаўға, жаратиўға, ел–журтқа садиқлиқ, пидайилиқ пенен хизмет етиўге умтилдиради. Себеби, инсан яди ҳәр дайим муқаддес, қәдири–әзиздир.

Сарвар СОБИРОВ,

өз хабаршимиз.

Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.