Инсанниң жәмиеттеги орни ониң материаллиқ байлиқлари менен емес, бәлким жоқари мәнаўий келбети менен белгиленеди. Президентимиз сөзи менен айтқанда егер жәмиет турмисиниң денеси экономика болса, ониң жани ҳәм руўхи мәнаўият есапланади. Себеби, терең билимли жәмиет ҳәр қандай реформаларға қәдир болади.
Биз өз алдимизға Жаңа Өзбекстанда терең билимли жәмиет дүзиўди қойғанбиз. Бул улли мақсетлеримизден бири. Хош, билимли жәмиет қашан дүзиледи?
Пикиримизше, бириншиден, бундай жәмиетте жасайтуғин инсанлар ең әўеле, жигерли болиўи керек. Гәп сонда, бүгинги жәмиетимизде жигери бос, түрли пикирлер, көз-қарасларди анализ ете алмайтуғин, кимлергедур яки қандайдур идеяларға көз-көреки ерип кететуғин пуқараларимиз өкинишке орай жоқ емес. Сонлиқтан да, билимли жәмиет жигери күшли инсанлар жәмиети есапланади.
Екиншиден, билимли жәмиет адами кең мәнисте ўатансүйиўши болиўи керек. Ўатан сезими–муқаддес туйғи. Ўатанди тек сөзде ғана жақси көрип болмайди. Ҳақийқий ўатансүйиўшилик инсанниң әмелий жумисинда көринеди.
Үшиншиден, билимли жәмиетте жасайтуғин инсанниң және бир айириқша белгиси ониң сиясий мәденияти менен байланисли. Сиясий мәденият болса жәмиеттиң улиўмалиқ мәденияти тийкаринда қәлиплеседи.
Төртиншиден, билимли жәмиетте руўхий жетилискен инсанниң келбетиндеги жүдә әҳмиетли сипатлардан және бири ониң беккем исеними менен байланисли. Ол ең дәслеп, исеними беккем инсандур. Исеним тийкаринан инсан тәрепинен өзлестирилген билимлер арқали жүзеге келеди.
Жаңа руўхий мәкан–бир арзиў етип атирған Жаңа Өзбекстанниң руўхий келбети аниқ сәўлеленетуғин, халқимиз умтилип атирған ҳәм ел-журтимиз бахтияр жасайтуғин жәмиет.
Ҳәр қандай Ренессансти терең билимсиз жаратип болмайди. Үшинши Ренессансти жаратиў ушин әўеле терең билимге ие жәмиетти жаратиўимиз зәрүр. Соңғи жилларда Президентимиз тәрепинен Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тирнағин жаратиў ҳәм де беккемлеўге үлкен итибар қаратилип атирғани да тосиннан емес. Буннан гөзленген тийкарғи мақсет, ең әўеле улли бабаларимизға мүнәсип болиў ҳәм қалаберсе олардиң бай мийрасин даўам еттире алатуғин бәркамал әўладти өсирип жетилистириў.
Кейинги жилларда мәселеге усиндай мүнәсибетте болиў бизиң бул тараўдағи хизмет ўазийпамизға айланди. Ҳақийқатинда да егер биз тәлимди өзгерцек, тәлим инсанди өзгертеди. Инсан өзгерсе–пүткил жәмиет өзгереди.
Үлкен раўажланиўдиң жемирилиўлерин көрген, бир емес, еки мәртебе Ренессанс ҳәдийсесине гүўа болған, инсаният өмирине мәденият алип кирген Өзбекстан халқи бүгин жаңа тарийхий шараятларда пүткиллей жаңа раўажланиў жолина шиқпақта. Жаңа Өзбекстанниң пүткил мәниси, мәмлекет ҳәм жәмиет сипатиндағи қәдирияти, Өзбекстан халқиниң интеллектуал потенциали ҳәм улли келешекке болған қатаң исеними оған тийкар болмақта. Себеби, үлкен мақсет пенен жасайтуғин инсан улли шахсқа айланади. Жоқари дәрежедеги мақсетлер ҳәм жақси ниетлер менен жасайтуғин миллет болса улли миллетке айланади. Өзиниң ақлий потенциалин, жаратиўшилиқ ҳәм дөретиўшилик қүдиретин улиўма миллий раўажланиўға сариплаған халиқ үлкен нәтийжелерге ериседи.
Терең билимли инсан ҳәр қандай шараятта өзин-өзи қорғай алади, асирап биледи. Ҳәзирги қәўетерли дүняда болса тек ғана билимли жәмиет ғана өзиниң турақли раўажланиўин тәмийинлейди. Түрли сиртқи идеялиқ қәтерлерге, сиясий, экономикалиқ, социаллиқ қәўиплерге мүнәсип жуўап береди. Демек, жәдид ағартиўшиси Абулла Авлоний «Билим–жигердур. Билимли киси жигерли болади», деп айтқанинда да көп ҳикмет бар. Билимли халиқ тарийхий раўажланиў бағдарларин қәтесиз белгилейди.
Социаллиқ мүнәсибетлердеги ҳәр қандай өзгерис билимге тәсир етеди ҳәм онда бул мүнәсибетлер қандай нәтийжелерге алип келиўи өзине тән рәўиште белгили болади. Сонлиқтан, билим өтмиш яки бүгинги күн емес, бәлким келешекке болған мүнәсибеттиң айқин көриниси болип есапланади.
Билимде бабаларимиз жаратқан материаллиқ ҳәм руўхий байлиқлар жәмленген. Оларди өзлестирмей, билмей турип, билимли болиў мүмкин емес.
Улли бабаларимиз Имом Бухарий, Имом Мотуридий, Ҳәким Термизий, Аҳмад Яссаўий, Баҳоуддин Нақшбанд киби алимлар өзлериниң шексиз билимлери менен улиўма инсаний мәдениятлардиң раўажланиўина үлкен үлес қосқан. Ҳәким Термизий «Китоб баян-ал-илм» атли шиғармасинда билимди нур, жақтилиққа теңэген. Беруний, Ибн Сино, Әмир Темур, Улуғбек, Наўайи ҳәм Бабур бабаларимиз билимди илим, әмел, әдеп-икрам түсиниклери өзара байланисли нәрселер деп есаплаған. Олардиң көз-қарасина көре, кисиниң әдеби, минези ониң билими менен тиккелей байланисли болип, инсан қаншелли билимли болса, ониң минез-қулқи да соншелли жақси ҳәм жетилискен болади.
Сони айириқша атап өтиў керек, әйне пайитта дүняниң жүдә көплеген аймақларинда инсаний қәдириятлар жемирилмекте. Ҳәтте экономикалиқ жақтан раўажланип атирған көплеген мәмлекетлерде де руўхий дүня дағдарисқа жол тутпақта.
Бүгинги күнде дүняда кескин гүрес ҳәм бәсеки ҳүким сүрмекте, мәплер соқлиғисиўи күннен-күнге күшейип бармақта. Әсиресе, глобалласиў бариси инсаният ушин шексиз жаңа имканиятлар менен бирге, күтилмеген машқалаларди да келтирип шиғарип атирғанина бийпәрўа қарап болмайди. Себеби, әйне уси глобал дәрежедеги процесслерде миллий өзлик ҳәм мәнәўий қәдириятларға қарси қәўип ҳәм қәтерлер күшейип бармақта. Ҳәзирде тек ғана өзин ойлаў, мийнетке, шаңараққа жеңил қараў, тутиниўшилиқ кейпияти түрли жоллар менен адамлар, әсиресе, жаслар санасина шеберлик пенен сиңдирилип атирғани да сир емес.
Сонлиқтан, халқимиз билимин және де арттириўи, жоқари мәнәўият принциплери тийкаринда билимли жас әўладти тәрбиялаў бул тараўдағи ең басли ўазийпаға айланди. Илим-пән, ағартиўшилиқ, тәлим-тәрбия системасин және де жетилистириў, олардиң материаллиқ-техникалиқ базасин беккемлеўге қаратилған низамлар, қарарлар ҳәм пәрманлар оринланиўин тәмийинлеў мәмлекетимиздиң бул бағдарда дүняниң алдиңғи мәмлекетлери қатарина қосилиўина хизмет етпекте.
Жуўмақ оринда айтиў мүмкин, билимди арттириў, әўеле руўхий әдеп-икрамлиқ қәдириятларимизди дәўир талабина сай рәўиште байитиў ҳәм раўажланидириў, сол арқали жәмиеттиң мәдений ҳәм руўхий жетискенлигине ерисиў имканин береди. Өз нәўбетинде, бул жәмиет ағзалариниң санаси ҳәм ой-өриси, турмислиқ философияси ҳәм дүня қарасин кеңэйтиўге хизмет етеди.
Ғайратулла ШУКУРОВ,
Өзбекстанда хизмет көрсеткен мәденият хизметкери.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
