Руӯхий-ағартиӯшилиқ сабағи
Пүткил дүня мәмлекетлери қатари, мәмлекетимиздиң де «жасил» экономикаға өтиӯ мәселеси ең әҳмиетли турмислиқ зәрүрлик болип тур. Көпшилик ӯатанласларимиз «жасил» экономика дегенде тек ғана энергетика тараӯин реформалаӯдан ибарат деп есаплайди. Бундай алип қарағанда ониң ишине таза ишимлик суӯ машқалалари, азиқ-аӯқат қәӯипсизлиги, аӯил хожалиғиндағи инновациялар, экологиялиқ турақли қалалар, шиғиндиларди ақилға муӯапиқ басқариӯ, тоғай аймақларин кеңэйтиӯ, шөлистанлиқти қисқартиӯ сияқли көп қирли ҳәм кең түрдеги ис-илажлар да киреди.
Жәҳән тәжирийбесинен мәлим болғаниндай, экономиканиң түрли тармақларинда «жасил» технологияларди енгизиӯ халиқтиң абаданлиғина унамли тәсир көрсетеди. Буниң нәтийжесинде қалаларда жасаӯ қолайласади, балалар өлими қисқаради, орташа өмир көриӯ даӯамлилиғи узаяди. Латин Америкаси ҳәм Африканиң айирим аймақларинда болса ҳәтте сиртқи миграция ағимлари қисқарип, инсан капиталиниң раӯажланиӯи гүзетилген.
Инсан жумисиниң тәбиятқа тәсир дәрежесин сәӯлелендириӯши көрсеткиш-«экологиялиқ из» инсан раӯажланиӯин белгилеп бериӯши объэктлерди жаратиӯ, инсан пайдаланиӯи ушин зәрүр болған өнимлерди ислеп шиғариӯ мақсетинде қаншелли көп муғдарда өнимдар жер ҳәм таза ишимлик суӯинан пайдаланип атирғанимиз ҳәмде шиғиндилар пайда етип атирғанимизди көрсетеди. «Жасил» экономика өзине тән экономикалиқ модел сипатинда уси талапларға жуӯап бериӯге қаратилған. Тәбият пенен бир болип жумис алип бариӯ, ресурслардан турақли ҳәм нәтийжели пайдаланиӯ, энергия дәреклерине тийисли машқалаларди шешиӯ ҳәм экологиялиқ қәӯиплерди минималластириӯ-булардиң барлиғи «жасил» экономиканиң тийкарғи мақсетлери болип, олар турақли раӯажланиӯға ерисиӯ ушин зәрүр шәрт-шараятлар жаратиӯға жәрдем береди.
Сони айриқша атап өтиӯ керек, Өзбекстан Бмшниң Турақли раӯажланиӯ мақсетлери ҳәм Климат бойинша Париж питимине де қосилған. Ҳәр еки ҳүжжет миллий ҳүкиметлерге «жасил раӯажланиӯ» талапларин оринлаӯ мәжбүриятин жүклейди. Демек, бул ертеме-кешпе, «жасил» экономикаға бәрибир өтиӯимиз кереклигин аңлатади.
Мәмлекетимиз басшисиниң ел-журтимиздиң ой-пикирлери, қәлеӯин ҳәр тәреплеме үйренип, билдирилген усинислардан келип шиққан ҳалда, бул бағдардағи жумисларди жаңа, және де жоқари басқишқа көтериӯ мақсетинде 2025-жилди елимизде «Қоршаған орталиқти қорғаў ҳәм «жасил» экономика жили» деп жәриялаӯди усинди. Президентимиздиң «Өзбекстан-2030» стратегиясин «Қоршаған орталиқти қорғаў ҳәм «жасил» экономика жили»нда әмелге асириӯға байланисли мәмлекетлик бағдарлама ҳаққинда» ғи пәрмани қабил етилди ҳәм бир қатар ӯазийпалар белгилеп берилди.
Уси пәрманға көре, қоршаған әтирапқа тәсир көрсетиў бойинша И ҳәм ИИ тайпаларға киретуғин кәрханалардиң экологиялиқ ислеп шиғариўға өтиўдеги ҳәрекетлерин хошаметлеў мақсетинде 2025–жил 1-августтан баслап төмендеги тәртип енгизилиўи нәзерде тутилди:
биринши басқишта-атмосфера ҳаўаси патасланиўи фон мониторинги станцияларин орнатқан кәрханаларға:
тәбиятқа зиян жеткериў бойинша компенсация төлемлеринен қәлиплескен қариздарлиқтан ўаз кешиў;
тәбиятқа зиян жеткизиў бойинша республика бюджетине бағдарланатуғин компенсация төлемлериниң 50 процентине шекемги бөлегин еки жил даўаминда қайтариў;
екинши басқишта-мониторинг станцияларин орнатқан кәрхана келеси бир жил даўаминда шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелерин орнатқанда, тәбиятқа зиян жеткизиў бойинша республика бюджетине бағдарланатуғин компенсация төлемлериниң 70 процентине шекемги бөлегин еки жил даўаминда қайтариў белгиленген.
Бунда уси бәнтте нәзерде тутилған жеңилликлер мәмлекетлик хизметлер орайлари яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хизметлер портали арқали Экология, қоршаған орталиқти қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги тәрепинен берилетуғин жуўмақ тийкаринда усинилади.
2025–жил 1-ноябрге шекем Экология, қоршаған орталиқти қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги тәрепинен хожалиқ жүргизиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен жеткизилген экологиялиқ зиянларди мәжбүрий қамсизландириў системасин басқишпа-басқиш енгизиў бойинша низам жойбари ислеп шиғилади.
Пәрманниң оринланиўин нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип министрлик ҳәм мәкеме басшилари, Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңэси Баслиғи, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласи ҳәкимлери белгиленген. Сондай-ақ, пәрман оринланиўин турақли рәўиште додалаў, оринланиўи ушин жуўапкер шөлкемлер жумисин муўапиқластириў ҳәм бақлаў «Өзбекстан – 2030» стратегиясин әмелге асириў бойинша Республика комиссияси жуўапкершилигине жүклетилген. Әмелге асирилған ис-илажлар ҳаққинда ҳәр шеректе Өзбекстан Республикаси Президентине мағлиўмат киргизип барилиўи белгиленген.
«Жасил» экономика инновациялиқ ҳәм экологиялиқ тазалиққа тийкарланған модел есапланади, себеби ол энергия ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланиў процесслерин иске салади. Бул ислеп шиғариў процесслеринде шийки зат ҳәм энергия сарипланиўин кемейтиў арқали финанслиқ жақтан пайда бериўи де мүмкин. Өзбекстанниң энергетика сиясатинда энергия нәтийжелилигин арттириўға қаратилған бағдарлар нәзерде тутилған. Қаржиландириў тараўинда «жасил» қаржиландириў концепцияси енгизилди ҳәм бул мәмлекеттиң «жасил» экономикаға өтиў жолиндағи әҳмиетли қәдемлерден бири болди. «Жасил» экономикаға бағдарланған инвестиция муғдари да жедел пәтлер менен көбейип бармақта.
«Жасил» экономика концепциясиниң мақсети-турақли экономикалиқ өсиўди тәмийинлеў ҳәм инвестициялар жеделлигин асириў менен бир ўақитта, қоршаған орталиқ ҳәм социаллиқ интеграция сипатин жақсилаў есапланади. Бул тәбиятқа зиян жеткизбестен ҳәм келешек әўладлар ушин турақли орталиқти сақлап қалиўға қаратилған экономикалиқ системани жаратиўдан ибарат.
Президентимиз атап өткениндей, мәмлекетимизде ҳәр жили 200 миллион түп терек ҳәм путалар егилип, жасиллиқ көлемин 2030-жилға шекем 30 процентке жеткизиў мақсети белгиленген. Атап айтқанда, экологиялиқ жағдай ең аўир болған Арал бойинда жасил қаплама көлеми 2 миллион гектардан асти.
Елимизде қуяш энергияси тараўинда инвестициялар аниқ динамика менен өспекте. Мәселен, Наманган ўәлаяти қуяш станцияси ҳәм Ташкент ўәлаятинда қуяш панеллери жойбарлари әмелге асирилған. Бундай жойбарлар мәмлекетимизде энергия нәтийжелилигин арттириўға ҳәм углерод эмиссиясин кемейтиўге қаратилған әҳмиетли қәдемлерден есапланади. Шиғиндиларди қайта ислеў ҳәм жағиў бойинша жумислардиң және де раўажланиўи талап етиледи.
Мәмлекетимизде энергетика секториндағи реформалар, тикленетуғин энергия дәреклерине қаржилар киргизиў, қуяш ҳәм самал энергиясин жедел енгизиў, климат өзгерислерине қарси гүресиў ушин халиқаралиқ шөлкемлер менен бирге ислесиў–булардиң бәршеси журтимиз экономикасин экологиялиқ жақтан тазалаў ҳәм узақ мүддетке турақластириў ушин қойилип атирған әҳмиетли стратегиялиқ қәдем есапланади.
Жуўмақ ретинде айтиў мүмкин, республикамиздиң «жасил» экономикаға өтиў бариси ең әҳмиетли социаллиқ ҳәм сиясий машқалаларди шешиўге қаратилған алдиңғи басламалар менен қоллап–қуўатланбақта. Они әмелиятқа енгизиў мәмлекетимиздиң экологиялиқ қәўипсизлиги ҳәм турақлилиғин тәмийинлеў, тәбийғий ресурсларди тежеў имканиятин бериў менен бир қатарда, экономика ҳәм социаллиқ тараўлардиң раўажланиўинда, бул болса халиқимиз абаданлиғиниң және де артиўинда айриқша әҳмиетке ие.
Сарвар СОБИРОВ,
өз хабаршимиз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ
