Бүгин күнделикли турмисимизди автотранспорт қуралларисиз көз алдимизға келтире алмаймиз. Тәбийғий түрде, жеке автотранспорт қураллари сани сезилерли дәрежеде артип, автомобиллер қатнаўи көбейиўи нәтийжесинде жол ҳәрекети қағийдаларина әмел етиў талаби артади, айдаўшилар мәдениятин жетилистириў басли ўазийпалардан бирине айланади.
Үйрениўлер сони көрсетеди, көп жағдайларда айдаўшилар тек ғана пиядалар емес, ҳәтте бир-бирин ҳүрмет етпейди, жол ҳәрекети қағийдаларин ашиқ түрде менсинбейди. Көп айдаўшилар машинаға отириўи менен қәўипсизлик белбеўин тағиўға әдетленбеген. Олар ЖПХ хизметкерин көрген ўақитта ғана, мәжбүрият жүзесинен белбеўди тағип, «тиниш ғана» өтип алғаннан кейин және шешип қояди.
Өзбекстанға биринши рет келген туристлер «Жоллариңизда буншелли шаўқим көп?» деп ҳайран қалади. Себеби, айдаўшилар болар-болмасқа сигнал бере береди. Себеби, олардиң көпшилигинде айдаўшилиқ мәденияти жоқ, басқа ҳәрекет қатнасиўшиларин ҳүрмет етпейди.
Уси жилдиң 9-июл күни мәмлекетимиз басшиси басшилиғинда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, инфрадүзилмени жақсилаў ҳәм тиғилисларди кемейтиў ис-илажлариниң талқилаўи бойинша өткерилген видеоселектор жийналиси бул бағдардағи қатар кемшиликлерди жүзеге шиғарди.
Жийналиста атап өтилгениндей, тараўда шешилиўи керек болған әҳмиетли ўазийпалар көп. Биринши нәўбетте жол-транспорт ҳәдийселери. Өткен жили 9 миң 364 усиндай жағдай жүз берген. Оларда дерлик 9 миң пуқара жарақат алған. Ең ашинарлиси, 2 миң 203 адам биймезгил дүнядан көз жумған.
– Ҳәр төртинши аварияда бир адам яки күнине орташа алти адам қайтис болип атирғани бәршени қатти тәшиўишге салиўи керек– деди Президентимиз.
Мәлим болғаниндай, ҳәрекет қәўипсизлиги, ең әўеле, жоллардиң ҳалати ҳәм қолайлиғина байланисли. Көплеген раёнларда жол инфрадүзилмеси жақсиланип, автоавариялар итималлиғи кемейтилген. Лекин, 20 аймақта жол-транспорт ҳәдийселери сани жоқарилиғинша қалмақта. Сонлиқтан, жийналиста “Қәўипсиз жол” миллий бағдарламаси басланиўи мәлим етилди. Буниң ушин “Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда” республика фонди жумиси қайта шөлкемлестирилип, ҳүкимет бойсиниўина өткериледи. Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаятта фондтиң айириқша есап бети болади. Фонд қаржилари, биринши нәўбетте, авария ошақлари болған қәўипли оринларди тәртипке салиўға бағдарланади.
Жолларда айдаўшилиқ мәдениятин асириўда жүдә әҳмиетли мәселе. Өткен жили дерлик 20 миллион қопал қағийдабузарлиққа жол қойилған. Айирим айдаўшилар ушин бул әдетке айланған. Енди бундай қопал қағийдабузарларға низам күшин көрсетиў мақсетинде “Даўамли қағийдабузарлар” бағдарламаси иске түсириледи. Қарама-қарси тәрепке ҳәрекетлениў, қизил ширақта өтиў яки тезликти асириў киби қағийдабузарлиқларди тәкирар ислегенлер ушин бир жилға шекем жәрийма шегирмеси берилмейди. Бундай ҳуқиқбузарлиқлар бир ай ишинде 10 көп болса, алти айға шекем айдаўшилиқ гүўалиғинан маҳрум етиледи. Белгиленген тезликтен 2-3 есе тез жүргенлер айдаўшилиқ ҳуқиқинан маҳрум етиўге шекем жазаланиўи мүмкин.
Ҳәр биримиз, я айдаўши, я жолаўши яки әпиўайи пияда сипатинда жол ҳәрекети қатнасиўшиси есапланамиз. Бирақ, жол ҳәрекети менен байланисли машқалаларға дерлик ҳәр күни дус келемиз. Сониң ушин пиядалар, әсиресе, жаслардиң билим ҳәм интизамин асириў зәрүр. Әйне уси мақсетте мектеп ҳәм бақшаларда ҳәрекет қәўипсизлиги бойинша бағдарламалар жаңаланади. “Жасил ширақ” жарислари қайта тикленип, республика жеңимпазларина Президент саўғаси бериледи. Жол ҳәрекети қағийдалари бойинша видео ҳәм анимацион контентлер жаратилади. Ең әҳмиетлиси, тараўда нәтийжели жәмиецҳилик қадағалаўиниң тәмийинлениўи нәзерде тутилмақта.
Соңғи пайитта айдаўшиларға қатар жеңилликлер берилмекте. Атап айтқанда, биринши мәртебе ҳуқиқбузарлиқ ислегенлерди жазалаў емес, ескертиў жолға қойилди. Жол сизиқларин басиў ҳалатлари камера арқали фиксация етиў бийкар етилди. Жәмиетлик транспорт ушин мөлшерленген қатарларда кешки пайит басқа айдаўшилардиң да жүриўине руқсат берилди. Қалаларда жолларди күндиз оңлаў қадаған етилди. Барлиқ раёнларда жол инфрадүзилмесин раўажландириў бойинша өз алдина фондлар да шөлкемлестирилген.
Енди жоллар бойинша халиқтиң пикирин үйренетуғин электрон портал иске түсириледи. Адамлар ол арқали қай жерге белги, пиядалар өтиў орни ҳәм светафор керек екенлиги ҳаққинда даўис бериў мүмкин болади. Жуўмағинда порталға исленген жумислардиң видео ҳәм фотолари да қойилади, бул өз алдина баҳаланади.
Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланилип, жолларда ҳәрекетти жақсилап, автоаварияларди кескин кемейтиўге тийкар жаратилади, деген үмиттемиз.
МАҒЛИЎМАТ ОРНИНДА
Жол-транспорт ҳәдийселериниң 90 проценттен артиғи раўажланип атирған мәмлекетлерде жүз береди. Дүняда жол-транспорт ҳәдийселери қурбанлариниң дерлик ярими пиядалар, велосипедшилер ҳәм мотоциклшилер есапланади. Жол-транспорт ҳәдийселери нәтийжесиндеги өлимшилик Африка ҳәм Жақин Шиғис мәмлекетлеринде бираз кем уширасади.
***
Германия ҳәм Ақшта жол-ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүрлиги ХИХ әсирдиң орталаринан баслап-ақ аниқ мәлим болған. Ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде заманагөй светафорлар биринши мәртебе Англияда орнатилған.
***
Швеция жол-ҳәрекети қәўипсизлиги бойинша стратегия ислеп шиғиўдиң аниқ үлгилиси есапланади. Мәмлекет бойлап миллий стратегияни әмелге асириў шеңберинде жол-транспорт ҳәдийселери ушин жуўапкершилик жол инфрадүзилмесин жойбарлаўшилар, қуриўшилар, транспорт қуралларин ислеп шиғариўшилар, полиция ҳәм жол-ҳәрекети қатнасиўшилари (айдаўшилар, пиядалар, велосипедшилер ҳәм басқалар) ортасинда теңдей бөлинди. Бул әйне пайитта автоавариялар санин кескин кемейтиўге хизмет етпекте.
Буннан тисқари, Жол ҳәрекети қағийдаларина муўапиқ, улиўма пайдаланиўдағи жолларда велосипедшилер ҳәм пиядалар ушин өз алдина жол болиўи керек. Улиўма пайдаланиў жолларда автомобиллер велосипедшилер жолинда тоқтап туриў ҳәм жүриў ҳуқиқина ие емеслиги белгиленген. Қалаберсе, “тезликти кемейтиў қурали” нәзерде тутилған болип, буннан тийкарғи мақсет қәўипсизлик ҳалатин күшейтиўден ибарат.
Улли Британияда полиция хизметкери қағийдаларди бузған ҳалда тоқтап турған машина есигин ашип, они жәрийма майданина алип бариў ўәкиллигине ие.
Норвегияда жол ҳәрекети қағийдаларин ғалаба түрде үгит-нәсиятлаў жақси жолға қойилған болип, бунда мәмлекет ҒХҚ лари әҳмиетли рол ойнайди. Буннан тисқари, бул мәмлекетте Миллий жол ҳәрекети қәўипсизлиги форуми бар болип, онда ҳәр бир үлкен ҳалат итибарға алинади ҳәм кең түрде анализ етиледи.
Аброр ПОЁНОВ,
өз хабаршимиз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
