Бүгинги күңде Өзбекстан Республикаси Президенти, Қуралли Күшлер Жоқарғи Бас сәркардаси Шавкат Мирзиёев басшилиғинда миллий армиямиздиң жаӯингерлик қәбилетин арттириӯ, ониң материаллиқ-техникалиқ базасин беккемлеӯ, заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлеӯ, әскерий хизметкерлердиң физикалиқ, руӯхий-интеллектуал таярлиғин асириӯ, социаллиқ қорғалиӯина айриқша итибар қаратилмақта.

Миллий армиямизди реформалаӯ жолинда әмелге асирилған ис-ҳәрекетлер негизинде, биринши нәӯбетте, заманагөй қорғаниӯ қәбилетине ие болған, таярлиғи жоқари, ҳәр қандай қийин жағдайларда да жетик ҳәрекет ете алатуғин армияни қәлиплестириӯ, екиншиден дүня ҳәм мәмлекетимиз әскерий жетискенлиги, алдиңғи тәжирийбелеринен утимли пайдаланиӯ, үшиншиден, әскерий хизметкерлерди руӯхий әдеп-икрамли етип тәрбиялаӯ, олардиң профессионал таярлиғин және де күшейтиӯ туради. Уси мақсетте, өткен дәӯирде мәмлекет қорғаниӯ қәбилетин және де беккемлеӯ бойинша тараӯдиң норматив-ҳуқиқий тийкарлари жетилистирилди. Қорғаниӯ доктринаси қабил етилди. Қуралли Күшлердиң шөлкемлестириӯ дүзилиси, жаӯингерлик қурами ҳәм таярлиғи күшейтилип, елимиздиң қорғаниӯ қәбилети беккемленди. Бунда контракт тийкариндағи әскерий хизметкерлердиң үлеси жил сайин өсип, әскерлердиң заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлениӯ дәрежеси және де жоқарилади.

Заманагөй қәӯиплер күшейип баратирған бүгинги күнде жәҳәнде жүз берип атирған гибрид характердеги қуралли соқлиғисиӯлар Қуралли Күшлеримиздиң әскерий ҳәрекетлер барисинда алдин әмелде қолланилмаған қураллардан пайдаланатуғин күшлерге қарси гүресе алиӯ қәбилетин асириӯди талап етпекте. Сонлиқтан, 2022-2026-жилларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанниң Раӯажланиӯ стратегиясинда елимиз қорғаниӯ қүдиретин және де беккемлеӯ ҳәм Қуралли Күшлеримизди раӯажландириӯ ең басли ӯазийпалардан бири етип белгиленди ҳәм бул бағдарда көплеген әмелий жумислар алип барилмақта.

Ҳәзирде Орайлиқ Азия аймағинда тинишлиқ, турақлилиқ ҳәм қәӯипсизликти тәмийинлеӯ, қорғаниӯ системасин жетилистириӯ, қоңси мәмлекетлер ортасиндағи бирге ислесиӯди ҳәр тәреплеме раӯажландириӯ бүгинги дәӯирдиң ең әҳмиетли мәселелеринен бири болип қалмақта. Себеби, улиӯмалиқ қәтерлерге қарси биргеликте гүресиӯди заманниң өзи талап етпекте. Уси оринда атап өтиӯ керек, мәмлекетимиз Қуралли Күшлери системасинда алип барилип атирған реформалар дүня еллери тәрепинен ҳақли рәӯиште баҳаланбақта. Дүня ҳәм ҒМДА ҳәм де басқа халиқ аралиқ шөлкемлер шеңберинде өткерилип атирған жарисларда Өзбекстан Қуралли Күшлери командалариниң турақли жеңислерге ерисип атирғани мәмлекет жетекшиси тәрепинен белгиленген избе-изликтеги реформалардиң унамли нәтийжеси болип есапланади. Қорғаниӯ министрлиги командасиниң 2024-жилда Улли Британияда болип өткен «Кембрия патрули» жарисинда екинши оринди қолға киргизген болса, Қубла Кореяда өткерилген илимий-әскерий таярлиқ бойинша халиқ аралиқ жарислардиң теңсиз жеңимпазина айланди.

Қуралли Күшлеримиз қоңси мәмлекетлер менен бирге ислесиӯди де беккемлеп бармақта. Атап айтқанда, 2024-жил Қазақстанда өткерилген «Бирлестик-2024» оқиӯ шиниғиӯлари шеңберинде мәмлекетимиз әскерийлери Әзербайжан, Қазақстан, Қирғизстан ҳәм Тәжикстанли кәсиплеслери менен биргеликте әскерий-тактикалиқ ҳәрекетлерде қатнасти. Ҳиндистан менен биргеликте «Термиз» полигонинда өткерилген «Дослиқ-2024» оқиӯ шиниғиӯлариниң бесинши басқишинда қурғақлиқ ҳәм әскерий ҳаӯа күшлери қәнигелери қатнасип, онда тийкарғи итибар терроризмге қарси гүресиӯ ҳәм басқа операцияларда бөлимлер ортасиндағи муӯапиқластириӯ ҳәм бирге ислесиӯге қаратилди. 2024-жилда Журтбасшимиз басшилиғинда жаӯингерлик таярлиқ ҳәм хизмет нәтийжелилигин арттириӯға қаратилған бир қатар низамшилиқ өзгерислери қабил етилди.

Армиямиз әйне пайитта модернизация тийкаринда заманагөй байланис системалари, ушиӯшисиз ҳаӯа аппаратлари, бронотехника ҳәм разведка қураллари менен тәмийинленбекте.

Өзиниң бай ҳәм үлги боларлиқ тарийхина болған ИИМ Қараӯил әскерлери мәмлекетимиз тинишлиғин тәмийинлеӯ жолинда өз әҳмиетине ие болмақта. Сонлиқтан, әскерлер таярлиғиниң интенсивлиги ҳәм сипатин күшейтиӯ, сондай-ақ, әскерий бөлимлердиң жаӯингерлик таярлиғин ҳәм басқариӯин жетилистириӯ, әскерий хизметкерлердиң әмелий көнликпе ҳәм шеберлигин арттириӯ мақсетинде ҳәр жили командалиқ-әскерий, арнаӯли-тактика ҳәм тактик-сап шиниғиӯлари ҳәм де жаӯингерлик таярлиқ тексериӯлери өткерилип келинбекте. Нәтийжеде, олардиң жаӯингерлик таярлиқ дәрежеси және де жоқарилап, белгиленген ӯазийпалар өз мүддетинде толиқ оринланип келинбекте.

Әскерий хизметкерлер ҳәм олардиң шаңарақ ағзалари социаллиқ қоллап-қуӯатлаӯ мақсетинде жеңиллетилген түрде узақ мүддетли ипотека кредитлери тийкаринда үй-жайлар менен тәмийинленбекте. Хизмет ӯазийпасин пидайилиқ пенен атқарип киятирған әскерий хизметкерлердиң перзентлерине республикамиздиң жоқари оқиӯ оринларина оқиӯға кириӯи ушин жеңиллетилген усиниснамалар берилмекте. Денсаӯлиғин тиклеӯ ушин санатория ҳәм курортларда дем алип келиӯди қәлеӯши әскерий хизметкерлер ушинда имканиятлар жаратилмақта. Ҳәттеки, тинишлиғимиз қорғаӯшилариниң шаңарақлиқ жағдайин және де жақсилаӯ ҳәм турмис жолдасиниң бәнтлигин тәмийинлеӯ мақсетинде олар моно орайларда кәсипке оқитилип, жумисқа орналастирилмақта.

Жуӯмақластирип айтқанда, Қуралли Күшлеримиз қүдиретин беккемлеӯ, заманагөйлестириӯ ҳәм реформалаӯ жолинда әмелге асирилған барлиқ ис-ҳәрекетлер ғәрезсизлигимизди асирап сақлаӯ, шегараларимиз қол қатилмаслиғи, аспанимиз ашиқлиғ ҳәм де ел-журтимиз тинишлиғин тәмийинлеӯге қаратилғани менен әҳмиетли есапланади.

Михли САФАРОВ,

өз хабаршимиз.