Руӯхий-ағартиӯшилиқ сабағи
Вашингтон қаласинда ҳеш бир имарат Капитолий төбелигинде жайласқан АҚШ Конгресси, яғний мәмлекеттиң низам шиғариӯши органи-парламент имаратинан бәлент болмаӯи керек деген нақил жүреди. Буниң себеби мәмлекетте низам бәрше нәрседен үстем болиӯи кереклиги менен түсиндириледи.
Әйемги грек философи Аристотел мәмлекет басқариӯи негизинде низамлар туриӯи керек деп атап өткен. Себеби, ҳәтте ең жақси ҳүкимдар да сезимге, руӯхий тәсиршеңликке берилиӯи мүмкин, ал низам болса «турақласқан ақил» деп есаплаған.
Жаңа редакцияда қабил етилген Конституциямиздиң 1-статясина муӯапиқ Өзбекстан басқариӯдиң республика формасина ие болған, суверен, демократиялиқ, ҳуқиқий, социаллиқ ҳәм дүнялиқ мәмлекет. Ҳуқиқий мәмлекеттиң ең әҳмиетли белгиси, принципи болса-бул низам үстемлиги есапланади. Бул принцип инсан ҳуқиқлари менен тиккелей байланисли. Солай екен, низамлардан гөзленген тийкарғи мақсет инсан ҳуқиқи ҳәм еркинликлерин тәмийинлеӯден ибарат.
Және Бас низамимизға мүрәжат ететуғин болсақ, ониң 15-статясина көре, журтимизда Өзбекстан Республикаси Конституцияси ҳәм низамлариниң үстемлиги сөзсиз тән алинади. Өзбекстан Республикаси Конституцияси мәмлекеттиң пүткил аймағинда жоқари юридикалиқ күшке ие, туӯридан-туӯри әмел етиледи ҳәм бир ҳуқиқий мәканниң тийкарин қурайди. Мәмлекет ҳәм ониң органлари, басқа шөлкемлер, лаӯазимли шахслар, пуқаралиқ жәмиети институтлари ҳәм де пуқаралар Конституция ҳәм низамларға муӯапиқ ис алип бариӯи лазим.
Демек, республикамизда низам үстемлигин белгилеӯши ҳуқиқий база бар екен. Хош, бул қағийдалар қағазда қалип кетпеӯи ушин мәмлекетимизде низамшилиқ ҳәм низам үстемлиги қай тәризде тәмийинленеди?
Ең дәслеп, мәмлекетимиз басшиси журтласларимиз ҳуқиқлари ҳәм еркинликлерине, Өзбекстан Республикасиниң Конституцияси ҳәм низамларина әмел етилиӯиниң кепили есапланади. Қала берсе, низамлардиң оринланиӯи үстинен парламент қадағалаӯи орнатилған. Конституциялиқ суд болса низам шиғариӯши ҳәм атқариӯши ҳәкимиятлардиң ҳүжжетлери Тийкарғи низамимизға сәйкеслигин көрип шиғади.
Ҳуқиқий мәмлекетте ҳәр бир шахс өз ҳуқиқ ҳәм еркинликлерин суд арқали қорғаӯи мүмкин. Ол мәмлекетлик органлар, лаӯазимли шахслар, жәмиетлик бирлеспелердиң низамға қайши ис-ҳәрекетлери үстинен судқа шикаят етиӯ ҳуқиқина ие.
Жәмиет турмисинда низамшилиқти тәмийинлеӯде прокуратура органларина үлкен жуӯапкершилик жүклетилген. Себеби, Бас низамимиздиң 143-статясина тийкар, мәмлекетимиз аймағинда низамлардиң аниқ ҳәм бирдей оринланиӯи үстинен бақлаӯди Өзбекстан Республикаси Бас прокурори ҳәм оған бойсиниӯши прокурорлар әмелге асиради.
Елимизде низамшилиқти тәмийинлеӯде ишки ислер органлариниң айриқша орни бар. Өзбекстан Республикасиниң «Ишки ислер органлари ҳаққинда» ғи низаминда бул тараӯ хизметкерлериниң тийкарғи ӯазийпаларинан бири сипатинда әйне низам үстемлигин тәмийинлеӯ де көрсетип өтилген. Қалаберсе, олар пуқаралардиң ҳуқиқлари, еркинликлери ҳәм низамли мәплерин, физикалиқ ҳәм юридикалиқ шахслардиң мүлкин, конституциялиқ дүзимин қорғаӯ, шахс, жәмиет ҳәм мәмлекеттиң қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ, сондай-ақ, ҳуқиқбузарлиқлардиң алдин алиӯ ҳәм профилактикасин әмелге асириӯ арқали да жәмиетте низамшилиқ ҳүким сүриӯине үлес қосади.
Жоқарида атап өтилгенлерден көринип турғаниндай, жәмиетте низамшилиқти тәмийинлеӯ мәмлекетлик мәкемелер хизметкерлериниң әҳмиетли ӯазийпаларинан бири есапланади. Және бир айриқша атап өтетуғинимиз, низамларға әмел етиӯде олардиң өзлери биринши гезекте үлгиӯи болиӯ лазим. Ҳәмелдарлар низамбузиӯшилиққа жол қойса, мәмлекеттиң абиройина зиян жеткизеди.
Бүгинги хабар әсиринде низамшилиқ жәмиет турмисиниң әпиӯайи нормасина айланиӯина ерисиӯде ғалаба хабар қураллари, интернет басилимлари ҳәм социаллиқ тармақ белсендилери де үлкен орин тутади. Президентимиз өткен жилда Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллари хизметкерлерине жоллаған қутлиқлаӯинда жәмиетимизде ашиқлиқ ҳәм әшкаралиқти раӯажландириӯ, мәмлекетлик мәкемелер ҳәм олардиң лаӯазимли шахслари жумиси үстинен жәмиецҳилик қадағалаӯди орнатиӯ, пуқараларимиздиң низамли мүрәжатларин үйрениӯ ҳәм шешиӯ бойинша олардиң орнин: «Күйиншек ҳәм ҳүрметли журналистлеримиз, белсенди блогерлеримиз өзлериниң қатаң позицияси, ҳақийқий сөзи менен турмисимиздағи өткир машқалаларди шешиӯ, реформаларимиздиң нәтийжелилигин арттириӯ, журтласларимиздиң пикирин, дүняқарасин жетилистириӯге мүнәсип үлес қоспақта»,-деп атап өткен еди.
Дурис, низам үстинлигин тәмийинлеӯде қадағалаӯ ҳеш шубҳасиз керек. Лекин, жәмиетимизде низамшилиқтиң қарар табиӯи ең дәслеп ҳәр биримизге байланисли. Өзимизге сораӯ берейик. Пияда яки айдаӯши сипатинда жол ҳәрекети қағийдаларина ҳәр дайим әмел етемизбе? Бир пуқара сипатинда өзимиз жасайтуғин мәҳәлледе қоршаған орталиқти қорғап атирмизба? Пайдаланиӯши сипатинда ишимлик суӯин исирап етип атирған жоқпизба?
Кимдир булар майда мәселелер деп айтиӯи мүмкин. Лекин, үлкен низам бузиӯшилиқлар да кишкене қағийдабузарлиқтан басланади. Низамларға ҳәр дайим әмел етиӯ ушин кисиниң ҳүждани ояӯ, ең сергек бақлаӯши болиӯи керек. Себеби, адам айирим ӯақитлари низамди да, ең сергек бақлаӯшинидан да алдаӯи мүмкин, лекин, ҳүжданди алдап болмайди. Ҳүжданниң ояӯ екенлиги биринши гезекте руӯхий, ҳуқиқий тәрбия менен байланисли. Тәрбия болса бесиктен қәбирге шекем даӯам ететуғин процесс.
Мәмлекет турмисинда низам үстем болмаса, адамлардиң мәмлекетлик мәкемелерге исеними жоғалади. Олар әдалат, ҳақийқат, теңлик тек ғана қури сөзлер екен деген жуӯмаққа келеди. Нәтийжеде өзлери де низамларди айланип өтиӯге ҳәрекет етеди. Қайси мәмлекетте низамларға әмел етилмесе, коррупция ҳәӯиж алади, экономика ақсайди. Бундай мәмлекетке шет елли исбилерменлер қаржи киргизиӯди қәлемейди. Ең аянишлиси, руӯхий тубалаӯ жүз береди.
Жуӯмақлап айтқанда, раӯажланиӯди қәлеген жәмиет низам үстемлигине ерисиӯи шәрт. Себеби, низамшилиқ бүгинги күнги дәӯир талаби. Солай екен, журтимизда низам үстемлигин тәмийинлеӯ ушин халиқтиң ҳуқиқий мәдениятин ҳәм ҳуқиқий санасин арттириӯ зәрүр. Бул бәршени низамға бойсиниӯ ҳәм ҳүрмет руӯхинда тәрбиялаӯ демекдур.
Бобомурод ТОШЕВ,
өз хабаршимиз.
Қарақалпақ тилине аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
