Бүгин инсаният раўажланиўдиң жаңадан-жаңа шоққиларин басип өтпекте. Бирақ, айдин келешекке хизмет ететуғин әне усиндай жетискенликлерге ерисилиўи қатаринда, инсаният келешегине қәўип туўдириўши бир қанша себеплер еле де сақланип қалмақта. Солардан бири, әллеқашан глобал машқалаға айланған нәшебентлик иллети есапланади.
Изертлеўлердиң қарағанда, нәшебентликке үйренип қалғанлар сани жилдан-жилға артип бармақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң мағлиўматларина қарағанда ҳәзирги күнде дүняда 200 миллионнан аслам (басқа халиқ аралиқ шөлкемлердиң берген мағлиўматларина көре, 500 миллионнан зият) адам нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затларди пайдаланип келеди. Ең жамани, олардиң көпшилиги 30 жасқа шекемги болған жаслар.
Ҳақийқатинда да, нәшебентлик жинаяцҳилиқ пенен тиккелей баянисли ҳалда кешеди. Неге дегенде наркотиклерди қолға киргизиў ушин пул табиў мақсетинде аўир ақибетли жинаятлар жүз береди. Қалаберсе, нәшебентлик тәсиринде, мәс ҳалда тез-тез жинаятларға қол урилади.
Буннан тисқари, нәшебентлик экономикалиқ (үлкен пул сарипланиўи, дәраматлардиң жоғалтилиўи, жумисти жоғалтиў, қаризға батиў, тонаўшилиқ, тиленшилик ҳәм т.б) ҳәм де руўхий ( хожалиқлар бузилиўи, бийпариқлиқ, түскинлик, наразилиқ, арсизлиқ ҳ.т.б) ақибетлерди келтирип шиғаради.
Және де ашинарлиси, ҳәмиледарлиқ дәўиринде наркотик өнимлерин пайдаланған ҳаяллардан дүняға келген балалар майип болип туўилади яки әдетте өмириниң 2-3 күнинде набит болади.
Қулласи, нәшебентлик адамлардиң өмири ҳәм денсаўлиғина үлкен қәўип туўдиради, жинаятлардиң өсиўине имкан пайда етеди, жәмиет тәртиби ҳәм қәўипсизлигине қәўип салади, жәмиеттиң экономикалиқ, социаллиқ ҳәм мәдений тийкарларин жемиреди. Бул иллетке берилгенлердиң көпшилиги 30 жасқа шекем жасамайди. Бир сөз бенен айтқанда, нәшебентлик көбинесе өлим менен жуўмақланади.
Ҳәзирги күнде пүткил дүняда болғани киби, мәмлекетимизде «әсир обаси» на қарси қатаң гүрес алип барилмақта. Өзбекстан Бмшниң 1961–жилдағи «Психотроп өнимлер ҳаққинда» ғи ҳәм де 1988-жилдағи « Нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлар менен низамға қайши рәўиште айланис етилиўине қарси гүресиў ҳаққинда» ғи конвенцияларға ағза болған. 1999–жилда Өзбекстан Республикасиниң «Нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлар ҳаққинда» ғи низами қабил етилген болип, онда нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлар менен низамнан тис қайши айланиста болиўиниң ҳәр қандай көринисине қарси жинайий жуўапкершилик белгиленген.
Мәмлекетимиз басшиси тәрепинен 2024-жил 6-майда «Өзбекстан Республикасинда нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлардиң низамсиз айланисина шек қойиў арқали олардиң халиқ саламатлиғи ҳәм мәмлекет генофондина унамсиз тәсирин сапластириў стратегиялиқ ис-илажлар ҳаққинда» ғи пәрмани имзаланди. Оған көре, нәшебентлик ҳәм наркожинаятларға қарси гүресиў бойинша 2024-2028–жилларға мөлшерленген миллий стратегия қабил етилди.
Пәрманда Миллий стратегия шеңберинде төмендеги мақсетлерге ерисиў барлиқ мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң басли ўазийпаси сипатинда белгиленди.
-халиқ, әсиресе, ҳаял-қизлар ҳәм жасларда «нәшебентликке қарси иммунитет» ти, оқиўши ҳәм студентлер арасинда күшли тәсир етиўши дәрилерди пайдаланиўина келисимсиз мүнәсибетти қәлиплестириў, оқиў оринларинда психо актив затлар тарқалиўиниң алдин алиўға қаратилған жаңа тәсиршең үгит-нәсият ҳәм тәрбиялиқ-профилактикалиқ механизмлерди енгизиў;
-халиққа сипатли наркологиялиқ хизмет көрсетиў системасин жаңа усиллар тийкаринда раўажландириў, нәшебентлик ҳәм зәҳәрбәнтликтиң ерте профилактикаси, диагностикаси, даўалаў ҳәм медициналиқ-жәмиетлик реабилитацияси системасин түп-тийкаринан жетилистириўге қаратилған мәнзилли илажларди әмелге асириў;
- нәшебентлик өнимлери, психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши затлар ҳәм де прекурсорлардиң низамсиз айланисиниң жаңаша, әсиресе, интернет тармағиндағи усилларина шек қойиў, бул бағдардағи оператив–қидириў, тергеў ҳәм эксперт-криминалистик шаралар комплексин, биринши нәўбетте, санластириў арқали раўажландириў;
-мәмлекет ҳәм жеке медицина мәкемелери ҳәм де дәриханалардиң нәшебентлик өнимлеринен медицинада пайдаланиў әмелиятин қадағалаў, сондай-ақ, фармацевтика кәрханалари, нәшебентлик затлардиң көтере ҳәм усақлап сатиў саўдаси менен шуғилланиўши субъэктлер жуўапкершилигин асириўдиң тәсиршең механизмлерин жаратиў;
- нәшебентликти даўалаў ҳәм наркожинаятларға қарси гүресиў тараўинда илимий-излениў жумисин раўажландириў, бул бағдардағи илимий излениўлер, жуўмақлар, жетискенликлер ҳәм жаңалиқларди әмелиятқа енгизиў ҳәм де халиққа жеткериўди тәмийинлеў;
Мәмлекетимизде нәшебентлик ҳәм наркожинаятларға қарси гүресиўди жетилистириўге қаратилған пәрманда, сондай-ақ, «Нәшебентлик өнимлери ҳәм психотроп затлар ҳаққинда» ғи низаминиң жаңа редакциясин ислеп шиғиў да нәзерде тутилған.
Нәшебентлик өнимлериниң низамға қайши рәўиштеги айланисина қарси гүресиў бойинша мәмлекетимиз ишки ислер органлари тәрепинен салмақли жумислар әмелге асирилмақта. Атап айтқанда, 2024–жилда республика бойинша нәшебентлик өнимлери, психотроп затлар ҳәм қураминда күшли тәсир етиўши затлар болған дәри өнимлери менен байланисли 12278 жинайий ҳалат аниқланди. Соннан 39 проценти сақлаў, 35 проценти өткериў, 16 проценти жетистириў, 7 проценти күшли тәсир етиўши затлар болған дәри өнимлери менен байланисли, 3 проценти болса контрабанда жинаятларға туўра келеди. Низамсиз айланистан 2 тонна 138 килограмм 233 грамм нәшебентлик ҳәм психотроп затлар алип қойилди. Алинған айғақли дәлиллерден 735,8 килограми марихуана, 518 килограми гашиш, 207,1 килограми көкнар, 155,5 килограми опий, 119,1 килограми синтетик, 116,2 килограми героин гиябентлик өнимлери есапланади.
Уси жилдиң дәслепки 4 айи даўаминда болса нәшебентлик өнимлери, психотроп ҳәм күшли тәсир етиўши затлар менен байланисли 4506 жинаят аниқланди. Бул өткен жилдиң уси дәўирине салистирғанда 34 процентке яки 1133 ке көп. Уси дәўирде низамиз айланистан 1 тонна 431 килограмм 611 грамм муғдаринда нәшебентлик затлари алинди. Сониң менен бирге, нәшебентлик ҳәм психотроп затлардиң низамсиз айланиси менен байланисли жинаятларди ислегени ушин 2649 шахсқа қарата жинаят ислери қозғатилған. Олардан 882 си яки 35 проценти 30 жасқа шекемги болған шахсларди қурайди.
Нәшебентлик-иллет, оған қарси гүресиў тек ғана мәмлекетлик органлардиң емес, бәлким пүткил жәмиецҳиликтиң ўазийпаси. Бул бойинша, әсиресе, шаңарақ, мәҳәлле, тәлим мәкемелери ҳәм ҳуқиқти қорғаўши органлардиң бирге ислесиўи үлкен әҳмиетке ие. Себеби, биргеликтеги ис-ҳәрекетлер арқали бул глобал машқалаға нәтийжели гүрес алип бариў, халиқти, сол есапта жасларди бул бәледен асираў мүмкин.
Камол ОЛЛОЁРОВ,
өз хабаршимиз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
