Руӯхий-ағартиӯшилиқ сабағи
(27-март Халиқ аралиқ театр күни)
Театр бизиң эрамизға шекемги В әсирде Грецияда пайда болған. Ониң сап тамаша түринде көриниси дәслеп әйемги Шиғиста жүз берген. Ҳиндистан, Орайлиқ Азия, Қитай, Индонезия, Япония, Корея, Бирма, Ветнамда театр тамашалари ҳәр түрли көринислерде болған.
Театр көркем өнериниң түрлери көп. Олар-драма театри, опера, балет, музикали драма, музикали комедия, оперетта, жас тамашагөйлер театри, қуӯиршақ театри, радио театр, телевизион театр, эстрадалиқ театр, майдан театри. Театр дөретпелериниң тийкарғи жанрлари: драма, трагедия, комедия. 1576-жилда актёр Жеймс Бербидж сахна көринислери ушин арналған биринши имаратти қурған. Ол әпиӯайи «театр» деп аталған. Көп өтпей басқа театрлар қурилди, олар арасинда «Глобус» театри да болип, ол жерде Шекспирдиң көплеген песалари сахналастирилған.
Тамашагөйлер сахнаниң алди ямаса әтирапиндағи шуқирда тик турған ямаса кабиналарда отирған. Бизиң заманагөй театрларимиз сол дәслепки театрлардан келип шиққан. Әсиресе, Римде театрлардиң жаңа форма ҳәм түрлери жаратилди. Батис Европада театр көркем-өнериниң дәслепки үлгилери саяхацҳи актёрлар, жонглёрлар дөретиӯшилигинде, Россияда скоморохлар хизметинде жүзеге келген.
Ояниӯ дәӯиринде жүзеге келген драма жаңа формадағи профессионал түрдиң қәлиплесиӯине тийкар жаратти. ХВИ әсирден опера, ХВИИИ әсир орталаринан балет, ХИХ әсир орталаринан оператта ғәрезсиз театр түри сипатинда раӯажлана баслади. Театрдиң кейинги раӯажланиӯи классицизмниң кең тарқалиӯи менен байланисли.
ХВИИИ әсирде ағартиӯшилиқ ағиминдағи театр кең раӯажланди. Әйне сол дәӯирде ол идеялиқ ҳәм көркем өнердиң гүреслер майданина айланди. Әмир Темур мәмлекети дәӯиринде театр көркем-өнеринде кескин раӯажланиӯ жүз берди. Шарафуддин Али Яздий, Ибн Арабшах, Клавихолардиң мағлиӯматларина қарағанда, бул дәӯирде пайтахт Самарқанд ҳәм басқа да абирайли қалаларда театрластирилған тамашалар шөлкемлестирилген. Дәстүрий театр ҳәм басқа көркем-өнер тамашалари, әсиресе Мирза Улуғбек дәӯиринде Мавереннахрда, Хусайн Байқара дәӯиринде Хорасанда раӯажланди.
Театр ҳәр бир дәӯирде, турмислиқ сабақлар беретуғин жанли қурал есапланған. Инсан мәнаӯиятиниң раӯажланиӯнда да ониң орни айириқша. Ағартиӯши бабамиз Маҳмудхожа Беҳбудий «Театр бул-ибадатханадур» деп бийкарға айтпаған. Ҳақийқатинда да, театр ибрат ҳәм мәнаӯият орайи. Жасларимиздиң мәнаӯиятин арттириӯ, оларда ӯатансүйиӯшилик сезимин қәлиплестириӯ ҳам бос ӯақитларин мазмунли шөлкемлестириӯде де ониң салмақли орни бар.
Яғний, ол инсанға турмислиқ сабақ береди. Сонлиқтан, оринларда жасларди театрларға көбирек тартиӯ, заман қаҳарманлари образи сәӯлеленген спектакллерди көбирек жаратиӯ, қалаберсе, ҳуқиқбузарлиқ ҳәм жинаяцҳилиқтиң аянишли ақибетлерин келешегимиз иелерине сахна шиғармалари арқали жеткериӯге айириқша итибар қаратилмақта. Себеби, барлиқ жаслар да низамшилиқ нормаларин оқиӯ ямаса еситиӯ менен қайсидур низамсиз ҳәрекеттиң мәнисин терең аңламаӯи мүмкин.
Бирақ, реал ӯақияларға тийкарланған спектакллерде алдиға қойилған идеялар тек ғана жаслар емес, ал үлкенлердиң де кеӯил түбине жетип баради. Беҳбудийдиң пикиринше, ағартиӯшилиқ ушин тек ғана мектеп жеткиликли емес. Миллет ушин айна керек, онда өзиниң сумлиғин да, сулиӯлиғин да көре алсин. Мине, уси ҳақийқатлиқ они театр шөлкемлестириӯге, олар ушин шиғармалар дөретиӯге ийтермелейди. Өзбек драматургиясиниң дәслепки үлгилеринен бири есапланған «Падаркуш» шиғармаси сол себепли жүзеге келген.
Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен кейин театримиз турмисинда да жаңа дәӯир басланди. Ғәрезсизлик себепли миллий мийрасқа сүенип дөретиӯшилик етиӯ, миллий қәдириятлар, дәстүрлерди тиклеӯге умтилиӯ айриқша түс алди. Бул дәӯирде өзбек театринда алдиңғи тенденциялар, дөретиӯшилик излениӯлер көзге тасланади. Мәселен, театрдиң репертуаринда тарийхий теманиң салмағи артти. Улли ата-бабаларимиз-ойшиллар, шайирлар, мәмлекетлик ғайраткерлер, әскербасшилардиң өмири ҳәм раӯажланиӯ ушин гүресин сәӯлелендиретуғин онлаған сахналиқ шиғармалар жаратилди. Сахналарда совет дәӯиринде ҳәттеки тилге алиӯ қадаған етилген Бахауаддин Нақшбанд, Ҳәким Ат-Термизий, Имам Ал-Бухарий сияқли ойшиллардиң өмирин сәӯлелендириӯши сахналиқ шиғармалар жүзеге келип, дәӯиримиздиң тамашагөйлериниң руӯхий дүнясин байитип, тарийхқа болған көз-қарасин өзгертти.
Әсиресе, Әмир Темур ҳәм темурийлер ҳаққинда жаратилған 20 ға жақин сахна шиғармалари руӯхий ҳәм мәдений турмисимизда үлкен ӯақия болди. Өзбекстанда өткерилген «Шиғис ҳәм Батис» театр өнери фестивали, «Хумо» халиқ аралиқ жаслар театрлари фестивали, «Наӯриз», «Әндижан бәҳәри» республика театр фестиваллари, қуӯиршақ театр фестиваллари театр өнериниң жаңа социаллиқ шараятта раӯажланиӯинда әҳмиетли рол ойнамақта. Өзбек театр жәмәәтлери дүнядағи бир қатар мәмлекетлерде дөретиӯшилик сапарларда болип, өзбек Театр өнериниң жетискенликлерин көрсетпекте.
Жуӯмақ орининда айтиӯ керек, театр ҳәр бир инсанға турмислиқ сабақлар беретуғин жанли қурал. Театрдан мәдений дем алиӯ ушин ғана емес, ондағи қойилип атирған спектакллерди тамаша етиӯ, инсан жәмиетиндеги ӯақиялар, кеширмелерди терең аңлаӯ мүмкин. Жеделлик пенен раӯажланип атирған техника ҳәм инновациялар заманинда қәлеген кино, сериал яки спектаклди социаллиқ тармақлар арқали тамаша етиӯ мүмкин. Бирақ, театрға барип, сахна шиғармаси руӯхин, онда жәмленген идеялар нәпесин сезип жанли тамаша етиӯдиң заӯқи да, руӯхий пайдаси да өз алдина. Себеби, театр-тәрбия орайи, мәнаӯият ошағи есапланади.
Аброр ПОЁНОВ,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
