Шаңарақ меҳир ҳәм бахит қорғани. Шаңарақ бар екен, перзент деген бийбаҳа жемис бар, инсаний қәдир–қимбат ҳәм руўхийлиқ бар. Шаңарақлиқ бахит бул–бахиттиң ең улли шиңи.
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Шаңарақ–социаллиқ турмистиң мәңгилигин, әўладлар даўамлилиғин, тәрбияниң үзиликсизлигин тәмийинлейтуғин, келешек әўлад, қәдириятлар системасина өз тәсирин көрсететуғин жәмиетлик орин. Шаңарақти жәмиеттиң киши бир бөлегине теңлестириў мүмкин. Ол жәмиеттиң муқаддес тиреги, тәрбия мәскани есапланади.
1993-жили 20-сентябрде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясиниң «Халиқ аралиқ шаңарақ жили ҳаққинда»ғи резолюцияси қабил етилген. Уси халиқ аралиқ ҳүжжетке муўапиқ, 1994-жилдан баслап 15-май Халиқ аралиқ шаңарақ күни сипатинда дүняниң дерлик барлиқ мәмлекетлеринде кең нишанланип келинеди.
Бул сәнени белгилеўден тийкарғи мақсет шаңарақлар менен байланисли машқалали мәселелерге мәмлекет ҳәм жәмиецҳилик итибарин қаратиў, шаңарақлар аўҳалина тәсир етиўши социаллиқ-экономикалиқ ҳәм демографиялиқ процесслер ҳаққиндағи билимлерди тереңлестириўден ибарат. Себеби, шаңарақтағи руўхий орталиқ, саламат кейпият, турақлилиқ жәмиет турмисиниң тийкарин тәмийинлеўши күш.
Ҳәр тәреплеме саламат шаңарақ жәмиет байлиғи ҳәм Ўатан раўажиниң тийкари есапланғани ушин шаңарақлиқ қәдириятларди сақлаў, тәрбиялиқ тутимди беккемлеў, руўхий әдеп-икрамлиқ орталиғин жақсилаў, жасларди шаңарақлиқ турмисқа таярлаў мәселеси де ҳәр қандай дәўирде де ең әҳмиетли машқалалардан бири болған.
Атап айтқанда, Әмир Темур дәўиринде де шаңарақларға айириқша итибар қаратилған. Улли саҳипқиран ҳаққинда бизге қалдирилған мийраслардан, ол ҳаққиндағи тарийхий шиғарма ҳәм кинофилмлерден алған тәсирлеримизге таянип, ониң өмири тек ғана саўашлар, дүняда тинишлиқти сақлаў, мәмлекет аймағин кеңэйтиў ҳәм абаданластириў менен өткен, деген жуўмаққа келемиз. Лекин Әмир Темур дәўиринде де «Шаңараққа итибар-мәмлекетке итибар» принципи үстин болған десек ҳеш қашан қәте болмайди
«Темур түзиклери» шиғармасинда жазилиўинша, перзентлер тәрбияси ҳәм келешегине айириқша итибар бергенине гүўа боламиз. Атап айтқанда, уси шиғармада шаңарақ қуриў, перзентлерди үйлендириў ҳәм келин таңлаў ҳаққинда төмендегише пикирлерди билдирген: «Улларим, ақлиқларим ҳәм жақинларимди үйлендириў тәшиўишинде келин излеўге итибар бердим. Бул исти мәмлекет жумислари менен тең көрдим. Арнаўли адамлар арқали саўлиқ-саламатлиғин, тән кәмалатин аниқладим. Келин болмиштиң нәсили, әдеп-икрами, ден саўлиғи ҳәм күш–қуўати менен барлиқ кемшиликлерден жирақ болса ғана ел-журтқа үлкен той-тамаша берип, келин түсирдим».
Бүгинги күнде де мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёев басшилиғинда шаңарақ мәплерин қорғаў, ониң жәмиеттеги абиройи ҳәм мәртебесин және де жоқарилатиў, жас шаңарақларди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселелерине айириқша итибар қаратилмақта.
Әсиресе, соңғи жилларда мәмлекетимизде жәмиеттиң тийкарғи буўини болған шаңарақ институтин раўажландириў ҳәм жетилистириўге қаратилған кең түрдеги реформалар әмелге асирилди. Сол есапта, жәмиетте шаңарақлиқ қәдириятларди сақлаў, шаңарақта руўхий әдеп-икрамлиқ орталиғин жақсилаў ҳәм олардиң абаданлиқ дәрежесин арттириў бойинша қатар жумислар исленди.
ИИМ тәрепинен де шаңарақ беккемлигин тәмийинлеў бойинша бир қанша жумислар әмелге асирип келинбекте. Атап айтар болсақ, ишки ислер органлари қураминда жаңадан шөлкемлестирилген ҳаял-қизлар бойинша инспекторлар Мәҳәлле ҳәм шаңарақти қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм де басқа да шөлкемлер менен бирге социаллиқ қорғаўға мүтәж шаңарақларди аниқлаў ҳәм олардиң мәнзилли дизимлерин дүзиў, руўхий әдеп-икрамлиқ орталиғин беккемлеў, жәнжелли ҳалатлардиң алдин алиў, шаңарақлиқ мүнәсибетлерди беккемлеў ҳәм миллий минталитетке қайши болған түрли қәўип-қәтерлерге қарси иммунитетти қәлиплестириўге қаратилған қатар ис-илажларди алип бармақта.
Мәмлекетимизде енгизилген бир ғана «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» сияқли социаллиқ жойбарлардиң өзи айириқша мүтәж шаңарақларди қоллап-қуўатлаў, саламатлиғин беккемлеў, жүзеге келген машқалаларди сапластириў имканиятин берип атир.
Кейинги жилларда жас шаңарақлар ушин қурилип атирған үй–жайлар, узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер де шаңарақ институтина болған үлкен итибардиң әмелий көриниси болади.
«Өзбекстан – 2030» стратегияси шеңберинде ҳаял-қизлардиң сиясий, социаллиқ белсендилигин арттириў, гендер теңлигин қарар таптириў, ҳаяллар ҳуқиқ ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойинша кең көлемли ис-илажлар әмелге асирилмақта. Уси мақсетте, ең дәслеп миллий низамшилиғимиз жетилистирилип, кең имканиятлар жаратилди.
Жаңа редакциядағи Конституцияда да шаңарақ жәмиеттиң тийкарғи буўини, ол жәмиет ҳәм мәмлекет қораўинда екенлигин, мәмлекет шаңарақтиң толиқ раўажланиўи ушин социаллиқ, экономикалиқ, ҳуқиқий ҳәм басқа шәрт-шараятлар жаратиўи беккемлеп қойилғани мәмлекетимизде шаңарақ институтин беккемлеўге қай дәрежеде үлкен итибар қаратилип атирғанин аңлатади.
Және бир нәрсени айриқша атап өтиў керек, ишки ислер органларинда шаңарақ қурип, бир-бирине қос қанат болип, бир тараўда ийинлес болип жумис алип барип атирған хизметкерлер бир талай. «Саламат шаңарақ-саламат жәмиет» идеясин кең ен жайдириў мақсетинде «Үлгили шаңарақ» көрик-таңлаўи өткерилип келинеди. Айтип өтиў керек, ҳәзирги күнде әмелге асирилип атирған бу жойбарлар шаңарақлиқ қәдирият ҳәм үрип-әдетлерди нәсиятлаў, Ўатанға муҳаббат, кәсипке садиқлиқ туйғиларин арттириў, китапханлиқ мәдениятин жоқарилатиўда айириқша әҳмиетке ие.
Тилегимиз, ҳәр бир шаңарақ, саламат, бахитли ҳәм қәтержам турмис кеширсин. Шаңарақ баўиринда өсип атирған перзентлер кәмил инсан сипатинда ер жетип, мәмлекетимиз күшине күш, қүдиретине қүдирет қоса берсин. Себеби, шаңарақ жәмиеттиң тийкарғи буўини екен, ониң беккем болиўи, абаданлиғи мәмлекетимиз ҳәм жәмиетимиз раўажина хизмет етиўи шубҳасиз.
Адолат ФАЙЗИЕВА,
өз хабаршимиз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
