Дедилер: дүняда ҳасли ким әзиз?

Айттилар: устаздур, устаз бийгүман.

Тағи айттиларки: әзиз, шубҳасиз,

Устаздиң қәдирине жете алған инсан.

Абдулла ОРИПОВ

Дүнядағи кәсиплер арасинда ең уллиси оқитиӯшилиқ есапланади. Не дегенимизде, ҳәр қандай кәсип иеси жас әӯладқа тәлим-тәрбия беретуғин пидайи муғаллимниң машақатли мийнети арқали өз жолин табади. Бул улли инсан жасларға раӯажланиӯ ҳәм жетискенлик, бахит ҳәм садат есиклерин ашип береди.

Улли бабамиз, медицина илиминиң тийкарин салиӯши Абу Али Ибн Сина «Тәӯип жанди даӯалайди, устаз болса пүткил миллетти», деген екен. Уси сөзлер оқитиӯши ҳәм де устазлардиң жәмиет ҳәм миллет тәрбиясиндағи орни қаншелли әҳмиетли екенлигин көрсетеди. Себеби, устаз-муғаллим пүткил әӯладти кәмилликке жетеклейди. Бул болса дене шипасинан да уллирақ болади.

Халқимиз әзел-әзелден оқитиӯши ҳәм жетекши, устазлар мийнетин жоқари қәдирлеп, оларға шексиз хүрмет-иззет көрсетип келген. Бул сипат жиллар синаӯинан табисли өтип, әҳмиетли қәдириятқа айланған. Сонлиқтан да, ҳәзирети Әлийшер Наӯайи төмендеги қатарларди бийкарға жазбаған.

Ҳақ йўлинда ким сенга бир ҳарф ўқитмиш ранж ила,

Айламак бўлмас адо онинг ҳаққин минг ганж ила.

 

Бүгинги күнде мәмлекетимизде билимлендириӯ системасин реформалаӯ, жасларди ҳәр тәреплеме жетик инсанлар сипатинда камал таптириӯ мәселесине әҳмиетли ӯазийпа сипатинда қаралип келинбекте. Уси мақсетте тараӯға байланисли көплеген низам, пәрман ҳәм қарарлар қабил етилип, бул бойинша ҳуқиқий база беккемленди. Ҳәр жили жаңа билимлендириӯ мәкемелери қурилип, олардиң материаллиқ-техникалиқ базаси, кадрлар потенциали артпақта.

Итибарли тәрепи, «Өзбекстан-2030» раӯажланиӯ стратегиясинан билимлендириӯ системасин және де раӯажландириӯ бойинша жаңа мақсет ҳәм режелер орин алди. Уси басли ӯазийпалардиң әмелге асирилиӯи ӯатанимиз тәғдири ҳәм келешеги ушин жуӯапкершиликти өз мойнина алиӯға таяр болған жаңа әӯладтиң жетисип шиғиӯина хизмет етеди, әлбетте.

Ең әҳмиетлиси, оқитиӯши ҳәм устазлардиң жәмиет турмисиндағи абиройин асириӯ, олардиң машақатли мийнетин қәдирлеӯ ҳәм мүнәсип хошаметлеӯ мәселесине үлкен итибар қаратилмақта. Жаңаланған Бас Низамимизда биринши рет оқитиӯшиниң статуси айриқша белгилеп қойилғани, өткен жили болса «Педагогтиң статуси ҳаққинда» ғи низам қабил етилгени буниң айқин тастийиғи есапланади.

Сондай-ақ, жаңа низам менен педагоглардиң ҳуқиқлари, мәжбүриятлари, хизметиниң тийкарғи кепилликлери, мийнетине жараса ҳақ төлеӯ, хошаметлеӯ ҳәм социаллиқ қорғаӯ тийкарлари белгиленди. Сониң менен бирге, ҳүжжетте педагогтиң ҳуқиқлари, ар-намиси, қәдир-қимбати ҳәм исшеңлик абиройи мәмлекет қорғаӯинда болиӯи қатаң белгилеп қойилғани айриқша итибарға илайиқ.

Оқитиӯши ҳәм устазлар мийнетин мүнәсип баҳалаӯ ҳәм хошаметлеӯ жумислари басқишпа-басқиш даӯам еттирилмекте. Мәмлекетимиз баслиғи басшилиғинда уси жилдиң 9-сентябр күни болип өткен мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯи тараӯиндағи реформалардиң оринланиӯи ҳәм де алдағи әҳмиетли ӯазийпаларди додалаӯ бойинша өткерилген видеоселектор жийналисинда атап өтилгениндей, оқитиӯшилардиң айлиқ ис ҳақисина 10 нан артиқ үстемелер енгизилген болип, бүгин өз үстинде ислеген 60 миңнан артиқ педагог 10-12 миллион сум айлиқ алмақта. Жаңа баҳалаӯ системаси бойинша унамли нәтийже көрсеткен 300 мектептиң пүткил жәмәәтине 40 процентке шекем үстеме берилмекте. Уси айдан мектеп директорлари, бақша меңгериӯшилери ҳәм олардиң оринбасарлари айлиғи да көбейди.

Сондай-ақ, оқиӯшилари халиқ аралиқ пән олимпиадаларинда жеңимпаз ҳәм сийли орин алған оқитиӯшилар көп муғдардағи пул сийлиқлари менен хошаметленбекте. Бул оларди және де белсендилик көрсетип ислеӯге ийтермелемекте.

Елимизде «Өзбекстан Қаҳармани», «Өзбекстан Республикаси халиқ оқитиӯшиси», «Өзбекстан Республикасинда хизмет көрсеткен халиқ билимлендириӯи хизметкери», «Өзбекстан Республикасинда хизмет көрсеткен жаслар устази», «Өзбекстан Республикасинда хизмет көрсеткен спорт устази» сийли дәрежелерине сазаӯар болған, орден ҳәм медаллар менен сийлиқланған оқитиӯши ҳәм устазлар қатари жилдан-жилға көбейип бармақта. Атап айтқанда, жақинда қабил етилген Президентимиз пәрманина көре, тәлим-тәрбия тараӯин халиқ аралиқ стандартлар тийкаринда раӯажландириӯ, бул бағдардағи реформалар нәтийжелилигин арттириӯ, оқиӯ процессине алдиңғи тәжирийбелер, инновацион педагогикалиқ технологияларди кеңнен енгизиӯ бағдариндағи мүнәсип үлеси, оқиӯши жасларға заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди үйретиӯ, олардиң интеллектуал қәбилетин раӯажландириӯ, жоқари қәнигели кадрларди таярлаӯ, саламат ҳәм бәркамал әӯладти жетистириӯ, перзентлеримизди Ана Ӯатанға муҳаббат ҳәм садиқлиқ, миллий ҳәм улиӯма инсанийлиқ қәдириятларға ҳүрмет руӯхинда тәрбиялаӯ жолиндағи хизметлери ушин бир топар ӯатанласларимиз мәмлекетимиздиң жоқари сийлиқлари менен сийлиқланди.

Мәмлекетимиз ишки ислер органлари тараӯина қарасли билимлендириӯ мәкемелеринде ҳәзирги күнде көплеген жоқари маманлиққа ие болған профессор-оқитиӯшилар, устазлар жумис ислеп келмекте. Олардиң белгили бир бөлеги жоқари категория, илимий дәреже ҳәм атақларға ие. Жумиси барисинда жоқари нәтийжелерге ерисип киятирған педагог хизметкерлер мүнәсип хошаметленип келинбекте. Буннан тисқари, тараӯ ветеранлари ҳәм де ишки ислер органларинда хизмет етип атирған тәжирийбели хизметкерлердиң жас кадрларди тәрбиялаӯ бағдариндағи мийнетлеринде өз алдина атап өтиӯ лазим.

Көз нури, бар кеӯилин жас әӯлад тәлими ҳәм тәрбиясина бағишлаған оқитиӯши ҳәм устазлардиң мәртлик мийнети жоқари баҳаға илайиқ. Өз нәӯбетинде Президентимиз атап өткениндей: «Биз халқимиздиң ең үлкен байлиғин- миллионлап перзентлеримиз, жаннан әзиз ул-қизларимиздиң тәғдирин, Өзбекстан келешегин сизлерге исенип тапсирғанбиз. Ҳәм бул ӯазийпани жуӯапкершилик пенен атқарип киятирған сизлер киби пидайи инсанлар, келешек жаратиӯшиларина ҳәр қанша сипатлама ҳәм хошамет айцақ арзийди».

 

Камол ОЛЛОЁРОВ,

өз хабаршимиз.

Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.