Бүгинги глобалласиў барисинда ҳәр қандай жәмиет раўажланиўин сөз ҳәм пикир еркинлигисиз көз алдимизға келтириў қийин. Сонлиқтан, сөз, пикир ҳәм хабар еркинлиги миллий низамлар, халиқ аралиқ ҳәм аймақлиқ шөлкемлер тәрепинен дүня көлеминде қабил етилген халиқ аралиқ ҳүжжетлер ҳәм тән алинған универсал шәртнамаларда өз көринисин тапқан.

Сөз еркинлиги–ҳәр кимниң өз пикирлерин еркин билдириў ҳуқиқи. Сөз еркинлиги инсанниң тийкарғи жеке ҳәм пуқаралардиң сиясий ҳуқиқларинан бири. Пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳәм де оларди билдириў инсанниң ең керекли ҳуқиқларинан бири есапланади. Хабар, оннан пайдаланиў, анализ етиў ҳәм тезлик пенен тарқатиў имканияти жәмиетте инсан раўажланиўиниң тийкарғи шәрти.

Реформалар барисиниң ашиқ, әшкара өтиўи пуқаралардиң еркин қараслари арқали онда өз мәплерин ол яки бул дәрежеде билдириўи көп тәреплеме ғалаба хабар қураллариниң еркин ҳәм қалис тәризде ўақияларди жаритилиўина байланисли болип, бул демократияниң ең зәрүр белгилеринен бири деп айтиў мүмкин.

Жаңа редакциядағи Конституциямиздиң 33-статясинда да ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги, сондай–ақ, қәлеген хабарди излеў, алиў ҳәм тарқатиў ҳуқиқина ие екенлиги өз сәўлелениўин тапти. Солай етип, Ғалаба хабар қураллари жумисин тәртипке салиў, оларди еркинлестириў ҳәм қоллап–қуўатлаў, избе–изликтеги реформаларди тереңлестириў барисинда қатнасиниң ҳуқиқий кепиллигин тәмийинлейтуғин беккем низамшилиқ базаси жаратилди.

Ҳәр қандай жәмиетте хабар ҳәр дайим мәмлекет раўажланиўиниң айнаси, инсанлардиң аң–санаси, дүняқараси, сиясий дәрежесиниң қәлиплесиўинде тийкарғи қурал болип хизмет етип келген. Бул ҳалат, әсиресе, тез пәт пенен өзгерип баратирған бүгинги глобалласиў дәўиринде ҳәр қашанғидан көре кең ен жайди, себеби, турмисимиздиң бирде–бир тараўин ғалаба хабар қуралларисиз көз алдимизға келтирип болмайди.

 Сөз ҳәм хабар еркинлиги, ониң әшкаралиғи, айқинлиғи реформалардиң ашиқлиғин тәмийинлейтуғин демократиялиқ принциплерди турмисқа ен жайдириў имканиятин береди. Мәмлекетимиз ҳәм жәмиетимиздиң бул бағдардағи қатнаси да әйне усиндай: пикир ҳәм хабар еркинлиги–Өзбекстан сиясатиниң басли бағити есапланади. Президентимиз атап өткениндей, «Ашши ҳәм син материаллар оринлардағи көплеп әмеларларға жақпаўи, олардиң тинишин бузип атирғани бар гәп. Лекин, әшкаралиқ ҳәм сөз еркинлиги бул–дәўир талаби, бул–Өзбекстандағи реформалардиң талаби».

Өзбекстанда демократиялиқ жаңаланиўлар барисин тереңлестириў ҳәм пуқаралардиң еркинликлерин тәмийинлеўдиң жүдә әҳмиетли шәрти-ғалаба хабар қуралларин раўажландириў ушин демократия үлгилерин енгизиў бойинша аниқ ҳәм изшил әмелге асириўда көринеди. Бул бойинша тийкарғи ўазийпа, баспа сөз, телевидение, радио жумисин және де либералластириў, олардиң ғәрезсизлиги, еркинлигин әмелде тәмийинлеўден, ғалаба хабар қуралларин пикирлер ҳәм идеяларди еркин билдиретуғин майданға айландириўдан ибарат. Бул илажлар нәтийжесинде халиқтиң сиясий белсендилигин асириў, пуқаралардиң мәмлекет ҳәм сиясий ҳәм социаллиқ турмисиниң әмелий қатнаси ушин кең түрде қатнасиўина ерисиў мүмкин.

Ҳақийқатинда да, мәмлекетимизде елимиз басшиси басшилиғинда әмелге асирилип атирған реформалар нәтийжесинде пуқаралардиң сөз, пикир еркинлиги тәмийинленип, ғалаба хабар қураллариниң роли және де артип бармақта. Сол есапта, сиясий процесслерди туўридан–туўри додалаў еркинлести, бул бойинша мәмлекетлик мәкемелер ҳәм халиқ ортасинда байланис ушин өзине тән майдан пайда болмақта. Себеби, сөз еркинлиги принциплерине әмел етиў, қалислиқ, ҳақийқатлиқ, ашиқ–айдинлиқти әмелде бәрше ушин бирдей тәмийинлеўге қаратилған.

Мәлим болғаниндай, мәмлекетлик органлар, пуқаралардиң өзин–өзи басқариў органлари, жәмиетлик бирлеспелер, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм лаўазимли шахслар ҳәр кимге өзиниң ҳуқиқ ҳәм низамли мәплерине байланисли болған низамшилиқ ҳүжжетлери менен, сондай–ақ, ҳүжжетлер, қарарлар ҳәм басқа материаллар менен танисип шиғиў имканиятин жаратип бериўге мәжбүр. Хабар алиў имканияти низамшилиқ ҳүжжетлерин ҳәм тийисли материалларди жәриялаў ҳәм тарқатиў жоли менен тәмийинленеди.

Мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллари тараўинда алип барилип атирған мәмлекет сиясатиниң низамлар жәрдеминде беккемлениўи, ғалаба хабар қураллари еркинлиги ҳәм ғәрезсизлигин әмелде тәмийинлеў, оларди улиўмалиқ мәнисте төртинши ҳәкимият сипатинда қәлиплесиўи ушин жетерли ҳуқиқий тийкар болип хизмет етпекте.

Өзбекстанда сөз еркинлигине байланисли қағийдалар «Ғалаба хабар қураллари ҳаққинда», «Хабар алиў кепилликлери ҳәм еркинлиги ҳаққинда», «Хабарластириў ҳаққинда», «Журналист хизметин қорғаў ҳаққинда», «Реклама ҳаққинда», «Хабар еркинлиги принциплери ҳәм кепилликлери ҳаққинда» ғи низамларда аниқластирилған. Өткен дәўир ишинде тараўға байланисли низамшилиқ басқишпа–басқиш жетилистирилди ҳәм хабар тараўина тийсли бир неше әҳмиетли пәрман ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар қабил етилди.

Бул норматив ҳүжжетлердиң тийкарғи мақсети–мәмлекетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў кепилликлери, ҳәр кимниң хабарди еркин ҳәм тосқинлиқсиз излеў, алиў, тексериў, тарқатиў, пайдаланиў ҳәм сақлаў ҳуқиқларин жүзеге шиғариўға қаратилған.

Өз нәўбетинде, «Ғалаба хабар қураллари ҳаққинда» ғи низамниң 5-статясинда ғалаба хабар қураллариниң еркинлиги төмендегише кепилленген:

«Өзбекстан Республикасинда ғалаба хабар қураллари еркин. Ҳәр ким, егер низамда басқаша қағийда нәзерде тутилмаған болса, ғалаба хабар қуралларинда шиғиў, өз пикири ҳәм көз–қарасин әшкара баян етиў ҳуқиқина ие.

Мәмлекет ғалаба хабар қураллариниң жумиси ҳәм хабардан пайдаланиў еркинлигин, мүлик ҳуқиқин, мәмлекет органлариниң низамға қайши қарарларинан, олардиң лаўазимли шахслардиң низамға қарси ҳәрекетлеринен (ҳәрекецизлигинен) қорғаўди кепиллейди. Ғалаба хабар қураллариниң жумисина тосқинлиқ етиў яки араласиў қадаған етиледи».

Жаңа Өзбекстанда сөз еркинлигин, пикирлер түрлилигин, адамлардиң өз көз–қарасларин ашиқ–әшкара билдириўин әмелде тәмийинлеў ушин барлиқ шәрт–шараятлар жаратилған. Мәмлекетимизде 1400 ден артиқ ғалаба хабар қураллари еркин жумис алип барип атирғани ҳәм де изшил раўажланип баратирғани буниң айқин тастийиғи есапланади. Әсиресе, олардиң 60 проценти мәмлекетлик емес ғалаба хабар қураллари екени итибарға илайиқ. Жаңа мәмлекетлик телеканаллар, мәмлекетлик емес телеканаллар жумиси жолға қойилди. Оларда пикирлер ҳәм көз–қараслардиң әҳмиетли тәреплерин өзинде жәмлеген болип, ҳәр биринде мәмлекетте болип атирған ўақияларға өз мүнәсибети ҳәм көз–қараси бар.

Бир сөз бенен айтқанда, сөз, пикир ҳәм хабар еркинлиги мәмлекетимизде әмелге асирилип атирған жаңаланиўлар, турмислиқ реформалар, ең дәслеп, халқимиздиң көз–қараслариндағи жаңаланиў процесслери ҳәм санасиниң өсиўи менен үйлес ҳалда алип барилип атирғани ушин үлкен әҳмиетке ие. Себеби, демократияни, еркин жасаўди қәлеген ҳәр қандай жәмиет ушин сөз еркинлиги суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.

Азизжон Файзиев,

подполковник.

 

Қарақалпақ тилине аўдармалаған Азамат Пирниязов.