Алтин, гүмис, бронза ҳәм басқа түрдеги ресурслар миллет байлиғи есапланади. Бирақ, тил-миллеттиң тәбийғий қазилмалари сияқли материаллиқ емес, бәлким руӯхий байлиғи. Ол тек ғана қатнас қурали болип қалмастан, әйне пайитта халиқтиң мәденияти, үрп-әдети, ониң турмиси тәрзи ҳәм тарийхи есапланади. Түрли халиқлардиң тиллерине ҳүрмет болса, өз нәӯбетинде, өзара түсиниӯ, қатнасларға имканият жаратади. Барлиқ тиллерди тән алиӯ ҳәм ҳүрмет етиӯ тинишлиқтиң тийкарғи кепили. Сол себептен де, ҳәр бир халиқ өз тили сақланип қалиӯи ушин ҳәрекет етеди.
Биз де өз ана тилимиз ҳаққинда 1989-жилдан берли қайғирип келемиз. Себеби, сол жили 21-октябрде өзбек тилине мәмлекетлик тил статуси берилди. Бул ғәрезсизликке тасланған биринши қәдемлерден бири болди. Ғәрезсизликкке ерискеннен соң Бас Низамимизда мәмлекетлик тилдиң статуси ҳуқиқий тәрептен беккемленди.
Өзбекстан Республикаси Президенти 2019-жил 21-октябрде «Өзбек тилиниң мәмлекет тили сипатинда абиройи ҳәм мәртебесин түптен асириӯ ис-илажлари ҳаққинда» ғи Пәрманин имзалади. Сондай-ақ, Президентимиздиң 2020-жил 20-октябрдеги «Мәмлекетимизде өзбек тилин және де раӯажландириӯ ҳәм тил сиясатин жетилистириӯ ис-илажлари ҳаққинда» ғи Пәрмани менен өзбек тилин 2030-жилға шекем раӯажландириӯ консепцияси тастийиқланди. «21-октябр-Өзбек тили байрами күни», деб белгиленди.
Соңғи жилларда көплеген мәкемелик ҳүжжетлер мәмлекетлик тилге өткерилди. 100 миңнан артиқ географиялиқ объэкт ати мәмлекет реестрине киргизилди. Аймақлардағи 150 миңнан артиқ сиртқи жазиӯлар мәмлекет тили ҳәм реклама ҳаққиндағи низам ҳүжжетлери талапларина муӯапиқластирилди. Жаңадан пайда болип атирған заманагөй түсиниклерге ат бериӯ, сөз ҳәм атамаларди рәсмий пайдаланиӯға киргизиӯди жолға қойиӯ ушин Атамалар комиссиясиниң жумиси түптен жетилистирилип, аниқ илимий тийкарлар ислеп шиғилди.
Басши лаӯазимларға талабанлардиң өзбек тили бойинша билим дәрежесин аниқлаӯ мақсетинде миллий тест системаси енгизилип, қисқа ӯақит ишинде 3 миңнан артиқ талабанлардиң дерлик 1 миң 500 не мәмлекет тилин билиӯ бойинша сертификатлар берилди.
Мәмлекетлик тил тийкарларин терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениӯди тәмийинлеӯ ушин Министрлер Кабинети жаниндағи Өзбек тилин раӯажландириӯ фонди тәрепнен 58 атамадағи түсиндирме сөзлик, аўдарма, сөзлик ҳәм қолланбалар көп миң нусқаларда басип шиғарилди.
Уси жил 1-январдан баслап улиӯма билим бериӯ мектеплеринде миллий сертификатқа ие болған өзбек тили оқитиӯшиларина ис ҳақисиниң 50 проценти муғдаринда айлик үстеме ҳақи төлениӯи ана тилимиз пидайилариниң мийнетин хошаметлеӯ ушин үлкен итибар ҳәм баҳалаӯ болди.
Көркем аӯдарманиң тил раӯажланиӯинда үлкен әҳмиетке ие екенлиги ҳеш кимге сир емес. Сол мәнисте мәмлекетимизде көркем аӯдарма тараӯинда Муҳаммад Ризо Огаҳий атиндағи халиқаралиқ сийлиқ шөлкемлестирилгени де өзбек тили ҳәм әдебиятин және де байитиӯ ҳәм де дүняға танитиӯда үлкен тийкар болиӯи шубҳасиз.
Уси оринда Жаслар ислери агентлигиниң ӯатансүер жигит-қизларди бирлестириӯи нәтийжесинде «Википедия» халиқаралиқ интернет энциклопедиясиндағи өзбекше мағлиӯматлар көлеми кескин көбейип, мәмлекет тилинде жәрияланған мақалалар көлеми бойинша Өзбекстан Орайлиқ Азия аймағинда жетекши мәмлекетке айланғанин да айриқша атап өтиӯ лазим.
-Өткен дәӯир ишинде Әлийшер Наӯайи атиндағи Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияти университети жаниндағи Мәмлекет тилинде ис жүргизиӯ тийкарларин оқитиӯ ҳәм қәнигелигин арттириӯ орайинда түрли шөлкем ҳәм мәкемелерде жумис ислеп атирған 33 миңнан артиқ хизметкерлердиң оқитилғани, сондай-ақ, телериадиоканаллар ҳәм интернет сайтларинда мәмлекетлик тилди үйрениӯге жәрдем беретуғин бағдарламалардиң сани ҳәм эфир ӯақитларин көбейтиӯ, ғәрезсиз тил үйрениӯлер ушин қосимша әдебиятлар, сөзлик ҳәм қолланбалар баспадан шиғариӯ ҳәр дайим итибар орайинда болғани да диққатқа йилайиқ жумислардан бири. Әйне пайитта санли мәканда мәмлекет тилин кең енгизиӯге мөлшерленген жумисларди жаңа басқишқа көтериӯ, өзбек тилин хабар технологиялари тараӯиндағи ири бағдарламалар тили қатарина киргизиӯ илажларин көриӯ әҳмиетли ӯазийпалардан бири.
Тилимиз байлиғи ҳаққинда сөз жүргизген өзбек романшилиғиниң тийкаршиси болған Абдулла Қодирий бабамиз «өзбек тили кәмбағал емес, они кәмбағал дегенлердиң өзлери кәмбағал» деп бийкарға атап өтпеген. Себеби, өзбек тили сол дәржеде бай, ониң ғәзийнесинен қәлеген сөзиңиздиң бир неше вариантин таба аласиз. Бәлким, сониң ушин да ҳәзирети Наӯайи түркий тилинде «Ҳамса» жаратип, «Муҳокаматул луғатайн» ди жаратиӯди иқтияр еткен шиғар?! Заҳриддин Мухаммед Бабур болса ҳинд дияринда жасаған болса да әӯладларима естелик, деп ана тилинде үлкен шиғарма –«Бабурнама» син жазған шиғар?!
Алимлардиң пикиринше, тил жасап қалиӯи ушин онда кеминде бир миллион адам сөйлеӯи керек. Бирақ бундай тиллер дүня тек ғана 250 ғана. Өзбек тили де мине уси 250 тилдиң ишинде екенлиги қуӯанишли әлбетте. Ҳәзир дүня тиллеринен тек ғана 40 и аӯизеки ҳәм жазба тәрептен қурамаласқан. Шүкир, олар арасинда өзбек тили де бар. Дүнядағи сөзлик тәрептен ең бай тиллер- араб тилинде 3,5 миллионнан, инглис тилинде 2,5 миллионнан артиқ сөз бар. Ең жарли тил Гвинеядағи Таки қәӯиминиң тили болип, ол тек 340 сөзге ие.
Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбек тили байрами мүнәсибети Өзбекстан халқина жоллаған қутлиқлаӯинда атап өткениндей, «Инсан ушин киндик қани тамған Ӯатани, дүняға келтирип өсирген ата-анаси қаншелли әзиз ҳәм мүбәрек болса, ониң өзлиги ҳәм руӯхий әлемин белгилейтуғин ана тили де соншелли қәдирли ҳәм муқаддес». Ҳақийқаттан да, инсан қәлбиндеги ең жақси пазийлетлер ониң ана тилиндеги бийтәкирар әжайибати, сийқири ҳәм жилӯаси менен қәлиплеседи ҳәм кәмалға жетеди.
Жуӯмақ оринда атап өтпекши болғанимиз, өзбек халқиниң өзине тәнлигин Өзбекстаннан миңлап шақирим алисларға жететуғин ҳаӯазда жирлаған Өзбекстан қаҳармани, халиқ шайири Эркин Воҳидов сөзи менен айтқанда, ана тили-улиӯма миллет мүлки. Демек, тил алдиндағи жуӯапкершиликте улиӯма миллий болип, бул жалғиз тилши алимлар емес, пүткил миллеттиң иси екенлигин хәр дайим ядта тутиӯимиз зәрүр.
Шуҳрат РЎЗИЕВ,
өз хабаршимиз.
Аӯдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
