Бүгин хабар қәўипизлиги имканиятлари «саясинда» бой көрсетип атирған унамсиз ақибетлер хабар қәўипсизлиги мәселесин қаншелли әҳмиетли темаға айландирип атирғани бар гәп. Турмисимиздиң барлиқ тараўларинда жоқари технологиялар, санластириў тийкаринда жаратилған қурилмалар аўиримизди жеңил етпекте. Бундай раўажланиў инсаниятқа кең имканият ҳәм қолайлиқлар жаратиў менен бир қатарда–бир қанша қәўипти де пайда етпекте. Бул машқала тек ғана бизде емес, бәлким барлиқ раўажланған мәмлекетлерде де гүзетилмекте.

Биз бүгин әпиўайи электрон почта (Э-эмаил) хизмети арқали хат жазип, они компютер яки телефондағи бир түймени басиў арқали дүняниң қәлеген жерине ҳәп заматта жиберемиз. Илгери дәстүрли почта яки телеграф хизметлеринен пайдаланиў талап етилген.

Және бир мисал, ҳәзирде социаллиқ тармақлар арқали күнниң қәлеген ўақтинда унаған буйим, кийим-кеншектен баслап, кафе, ресторанлардан қәлеген тағамларди сатип алип, үйимизге шекем алип келиўи ушин буйиртпа бериў имканимиз бар. Сондай-ақ, интернет тармағинан бизди қизиқтирған иқтиярий қупия болмаған мағлиўматларди алиў, дүня жаңалиқларинан тез хабардар болиў, музика тиңлап, жәҳән киносинан көриў, дөретпелер үлгисинен баслап, рекламаға шекем жайластириўимиз мүмкин.

Соңғи жилларда елимизде мй.гов.уз жойбариниң иске түсирилиўи артиқша қағазпазлиқ, пуқаралардиң мәкемеге барип рәсмийлер менен жүзбе–жүз көрисиўи, нәўбет күтиў сияқли қолайсизлиқлар кемейиўине унамли түрде тәсир көрсетип атирғанин атап өтиў лазим.

 

 

Интернет, социаллиқ тармақлар-хабарлардиң шексиз дүняси, заман менен бирге болиў қурали есапланади. Бирақ, бунда инсаният имканиятлари артқан сайин жеке, ҳәтте, бизнес мағлиўматларин алмасиўда қәўетер оятатуғин ҳалатлар, аниғирағи, жинаятлар ҳәм ониң түрлери күннен–күнге «жаңаланип» бармақта. Буринғи ўақитлари ҳуқиқ қорғаўши орган хизметкерлери инсанға дене жарақатин жеткизиў, объэкт ҳәм жеке хожалиқлардағи урлиқ яки алдаўшилиқ сияқли жинаятларға дус келетуғин еди. Бүгин болса хабар технологиялари жәрдеминде исленип атирған жинаятлардан жәбир көрип атирғанлар салмағи көбейип бармақта.

Мағлиўматларға көре, бир ғана Ташкент қаласинда 2020-жилда хабар технологиялари жөнелиси бойинша есапқа алинған жинаятлар сани 106 ни қураған босла, 2021-жилда бул түрдеги жинаятлар 2 281 ди, 2022-жилда болса еки есеге көбейип, 4 332 ни қураған. Өткен жил даўаминда хабар технологиялари жөнелисине байланисли жинаят ҳәм ҳуқиқбузарлиқлар жүзесинен 21 362 мүрәжат келип түскен. Бул цифралар, аймақ, шегара ҳәм мәкан таңламайтуғин бул түрдеги жинаятлар әлбетте, ҳәр биримизде қәўетер оятиўи тәбийғий.

Бул мәселеге мәмлекетимизде ҳүкимет дәрежесинде әҳмиет қаратилмақта. Атап айтқанда, уси жил 30-апрел күни Өзбекстан Республикаси Президентиниң «Хабар технологиялари жәрдеминде әмелге асирилатуғин жинаятларға қарси гүресиў хизметин және де күшейтиўге қаратилған ис-илажлар ҳаққинда» ғи қарари қабил етилди. Онда кибержинаятлардиң ерте алдин алиў ҳәм де оларди паш етиў нәтийжелилигин арттириў бойинша әмелдеги низамшилиқ ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм қатар шөлкемлестириў-техникалиқ илажларин көриў белгиленди.

Уси қарар оринланиўин тәмийинлеў мақсетинде Ишки ислер министрлиги басшилиғи басламаси менен кибержинаятларға қарси гүресиў системасин жетилистириў мақсетинде республиканиң барлиқ аймақларинда Киберқәўипсизлик бөлим ҳәм бөлимшелери негизинде Хабар технологиялари тараўинда жинаятларға қарси гүресиў басқармалари шөлкемлестирилди. Басқармаларда кибержинаятлардиң алдин алиў бойинша бөлимшелери жумиси жолға қойилди. Ҳәзирде тараў хизметкерлери бул бағдардағи жинаятлардиң алдин алиў ҳәм оларди «исси изинде» паш етиў бойинша жумис алип бармақта.

Атап өтиў керек, социаллиқ тармақлар пайдаланиўшилариниң жеке мағлиўматлариниң қол қатилмаслиғин тәмийинлеўге айириқша итибар қаратиў ҳәм жеке мағлиўматлардиң өзгелер қолина түсиўи яки әшкар болиўинда сергеклик талап етиледи. Мисали ушин, онлайн хизметлерден пайдаланғанда, билмеген ҳалда, жеке мағлиўматлар, дейлик банк картасиниң паролин бийтанис адамға әшкар етиў үлкен қаржиниң өзлестирилиўне себеп болған ҳалатлар күнделикли турмисимизда көплеп ушираспақта.

Уси оринда социаллиқ тармақ пайдаланиӯшилардиң айиримлари өз атлари менен дизимнен өтпеӯи, оринсиз фотолар қойиӯи, өзара сәӯбетлерде ҳүрмецизлик етиӯ, базида надурис мағлиӯматлардан пайдаланиӯ сияқли унамсиз ҳалатларға жол қойиӯин айтип өтиӯ керек. Социаллиқ тармақлардан пайдаланғанда, ол жердеги мағлиӯматлардиң дурислиғина исенимли болип, соң бир қарар қабил етиӯ мақсетке муӯапиқ болади. Жеке мағлиӯмалардиң әшкар болиӯи материаллиқ ҳәм руӯхий зиян келтириӯин умитпаӯимиз керек. Мисали ушин, жақин достима жиберип атирман, деп жеке өзине тийисли сүӯретлерди социаллиқ тармақлардан пайдаланиӯ тәртибин жақси түсинбеӯ ақибетинде ҳәмме көретуғин оринға жайластирдиңиз. Бул жағдайда жеке мағлиӯматлариңиз басқаларға әшкар болиӯи қолайсизлиқ туӯдирмаӯи, абройиңизға зиян жеткизбеӯи, кимлердедур унамсиз пикир оятпаӯина ким кепиллик береди? Яки болмаса, бүгин социаллиқ тармақларда атақли инсанлар атинан виртуал бет ашип жазиӯ ҳалатлари сол инсанди абиройсизландириӯға хизмет етпейди деп ойлайсизба?

Улиӯмаластирип атйқанда, хабар коммуникация технологиялари заманагөйлесип, жаңа әӯлда қурилмалари дүня бойлап кескин тәризде ғалабаласип баратирған бир ӯақитта имкани баринша жеке мағлиӯматларди социаллиқ тармақларға кемирек жайластириӯ мақул болади. Өз жеке бетиңизди өзгелер гүзетпеӯи ушин қәӯипсизлик сазламасин орнатиӯ, басқа бир қурилмадан социаллиқ тармақдағи жеке бетинзге кирген болсаңиз, пайдаланип болғаниңиздан соң оннан шиғип кетиӯ сияқли әпиӯайи қәӯипсизлик қағийдаларин умитпаӯимиз лазим. Профилден мағлиӯматларди сақлаӯ резерви сипатинда пайдаланиӯ қәӯипли. Атап айтқанда шахсти тастийиқлаӯши ҳүжжетлер, көшетуғин ҳәм көшпес мүлк ҳүжжетлери, мобил банкинг ҳәм банклердиң мобил бағдарламаларина кириӯ ушин логин ҳәм пароллер ҳәм де электрон билет, жолламалар ҳәм басқалардан пайдаланғанда жүдә абайли болиӯ керк.

Халқимиз арасинда «Өзиңэ сақ бол, қоңсиңди ури тупа», деген нақил бийкарға пайда болмаған. Социаллиқ тармақлар ҳәр биримиз ушин хабарлар дүняси, бирақ сақ болиӯ, сергеклик ҳәр дайим зәрүр.

 

 

 

 

Жаҳонгир САЪДУЛЛАЕВ,

маёр.

Гулноза ТУРҒУНБОЕВА,

өз хабаршимиз.