Ҳеш шубҳасиз, халқимиз сизлерди өз өмирин ел-журт тинишлиғин тәмийинлеӯ, пуқаралардиң ҳуқиқ ҳәм еркинликлерин қорғаӯдай ийгиликли иске бағишлаған, муқәддес антина садиқ инсанлар деп биледи ҳәм машақатли хизметиңизди мүнәсип деп атайди.
Шавкат МИРЗИЁЕВ
Социаллиқ қорғаӯ мәмлекет ҳәм жәмиет алдиндағи ең әҳмиетли, ең актуал ӯазийпалардан есапланади. Себеби адамлардиң турмис-тәрзи, кейпияти, әмелге асирип атиған реформаларға мүнәсибетиниң қандай болиӯи, ең дәслеп олар қай дәрежеде социаллиқ қорғалғани менен тиккелей байланисли.
Президент басшилиғинда социаллиқ қорғаӯ тараӯиндағи жумислар нәтийжелилиги ҳәм 2025-жил ушин басли ӯазийпаларди додалаӯ бойинша өткерилген видеоселектор жийналисинда уси жил социаллиқ қорғаӯ бойинша исленген 34 әҳмиетли жаңалиққа қосимша 28 жаңа басламаниң илгери қойилғани халиқти социаллиқ қорғаӯ мәмлекетимиз алдинда турған ең әҳмиетли ҳәм ең актуал ӯазийпа есапланиӯиниң және бир дәлили болди.
Журтбасшимиздиң ғамхорлиғи, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағи орталиқти, кейпиятти жақси билиӯи нәтийжесинде социаллиқ қорғаӯ менен байланисли мәселелер бойинша пүткиллей жаңа система жаратилди. Атап айтқанда «Социаллиқ қорғаӯдиң бирден-бир реестри» мәлимлеме системаси иске түсирилип, кем тәмийинленген шаңарақларди аниқлаӯ ҳәм оларға мәнзилли жәрдем көрсетиӯ басланди. Ашиқлиқ, теңлик, әдалат принциплерине қатаң әмел етиӯ ӯазийпаси белгиленди. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимизде социаллиқ қорғаӯди раӯажландириӯдиң басли бағдарлари бойинша халиқтиң бәнтлиги ҳәм реал дәраматларин избе-изликте асириӯ, халиқти социаллиқ қорғаӯ ҳәм денсаӯлиқти сақлаӯ системасин жетилистириӯ, ҳаял-қизлардиң жәмиетлик-сиясий белсендилигин асириӯ бойинша изшил реформалар нәтийжели алип барилмақта.
Ҳуқиқбузарлиқлар профилактикаси ҳәм жинаяцҳилиққа қарси гүресиӯ бағдаринда бүгинги күн талаплари шараятинда терроризм ҳәм жинаяцҳилиққа мүнәсип қарсилиқ көрсеткен, хизмет ӯазийпаларин оринлаӯ ӯақтинда қаҳарманлиқ ҳәм де мәртлик көрсеткен хизметкерлерди ҳәм олардиң шаңарақ ағзаларин мәмлекет тәрепинен социаллиқ қоллап-қуӯатлаӯ бойинша мәнзилли ис-илажлар жолға қойилған. Себеби, ҳуқиқбузарлиқлар профилактикаси ҳәм жинаяцҳилиққа қарси гүресиӯ өмир ушин үлкен қәтерге ие екенлигин есапқа алған ҳалда, ишки ислер органлари хизметкерлери ҳәм олардиң шаңарақ ағзалариниң социаллиқ қорғалиӯин және де күшейтиӯ ҳәм де руӯхий ҳалатин беккемлеӯ мақсетинде Президентимиздиң қатар қарар ҳәм пәрманлари қабил етилди. Атап айтқанда, «Ишки ислер органлари кадрлари менен ислеӯ ҳәм олардиң хизметин шөлкемлестириӯ тәртибин түп-тийкаринан жетилистириӯ ис-илажлари ҳаққинда» ғи 2017-жил 29-ноябр күнги қарарина муӯапиқ, хизметкерлерге даӯаланиӯи ушин, бийтап жақин ағайинлерин (ата-анаси, өмирлик жолдаси, перзентлери) операция ислеӯ, ортопедик аяқ кийим ҳәм протез-ортопедик затлар менен тәмийинлеӯ қәрежетлерин қаплаӯ ушин, санаторий-курорт мәкемелеринде даӯаланиӯ ҳәм дем алиӯ ушин ҳәм де тойлар ҳәм жерлеӯ мәресимлерин өткериӯ ушин материаллиқ жәрдем көрсетиӯ ҳәм де пул сийлиғи ҳәм қимбат баҳали саӯғалар бериӯ жүзесинен қаржилар ажиратиӯ мәселесин көрип шиғиӯ тийисли комиссиялар тәрепинен әмелге асирилиӯи белгиленген.
Ишки ислер органлари тараӯинда социаллиқ қорғаӯдиң төмендеги түрлери бар:
– үй-жай менен тәмийинлеӯ яки жасаӯ шараятин жақсилаӯ;
– социаллиқ (материаллиқ) жәрдем көрсетиӯ;
– жеңил автотранспорт қуралларин сатип алиӯ ушин Орайлиқ банктиң қайта қаржиландириӯ ставкасинда қариз бериӯ;
– жоқари ҳәм орта арнаӯли тәлим мәкемелерине оқиӯға кириӯ ушин усиниснама бериӯ;
– мал-мүлкине жеткизилген зиянниң орнин қаплаӯ;
– хизмет ӯазийпаларин оринлаӯ ӯақтинда шөлкем ҳәм пуқаралардиң транспорт қуралларинан пайдаланиӯ нәтийжесинде ислетилген қәрежетлерди төлеп бериӯ;
– хизмет миннетлемелерин оринлаӯ ӯақтинда дене жарақатин алған яки қайтис болғанда бир мәртелик напақа тайинлаӯ;
– терроризмге ҳәм жинаяцҳилиққа қарси гүресиӯ ҳәм де жәмиецҳилик қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ ӯақтинда қайтис болған яки дене жарақати себепли майип болип қалған, сондай-ақ, хизмет даӯаминда жоқари нәтийжелерге ерискен хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлер ҳәм де олардиң шаңарақ ағзаларин социаллиқ қорғалиӯиниң айириқша тәртибин белгилеӯ;
– медицина-санитария, медицина-социаллиқ жәрдем ҳәм санаторий-курорт тәмийнати;
– хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлердиң перзентлерин ИИМ қарасли мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлерине жайластириӯ ҳәм де балалар дем алиӯ ҳәм саламатластириӯ орайларина жибериӯ.
Сол есапта, хизметкерлер ишки ислер органларинда хизметти өтеӯ дәӯиринде низамшилиқта белгиленген норма, нәӯбет ҳәм жеңилликлерди инабатқа алған ҳалда, улиӯмалиқ тийкарларда мәмлекет тәрепинен үй-жай менен тәмийинлениӯ ҳуқиқина ие. Ишки ислер органлари хизметкерлерин үй-жай менен тәмийинлеӯ яки жасаӯ шараятларин жақсилаӯ төмендегише әмелге асирилади: хизмет үйлери менен тәмийинлеӯ; жеңиллетилген шәртлер ҳәм баҳаларда ипотека кредити (турақ жайдиң басланғиш төлеми) ажиратиӯ тийкаринда турақ жай менен тәмийинлеӯ; проценциз қариз бериӯ; «таяр ҳалда тапсириӯ» шәртлеринде үй-жай менен тәмийинлеӯ; ижараға алғани (ижарада турғани) ушин пул компенсациясин төлеп бериӯ усилар қатаринда есапланади.
Қуӯанарлиси, 10 жилдан артиқ хизмет еткен әскерий хизметкерлерге турақ жай сатип алиӯи ушин ажиратилатуғин дәслепки басланғиш төлем пуллари 25 проценттен 35 процентке, ҳәр айлиқ ижара пули компенсациялари болса 20 процентке асирилиӯина ерисилди.
Тараӯда бес жилдан артиқ хизмет еткен, хизметте жақси нәтийжелерге ерискен ҳәм үй-жай менен тәмийинленбеген ҳәм де низамшилиқ ҳүжжетлерине муӯапиқ мәмлекет есабинан турақ–жай менен тәмийинлениӯ яки турақ жай шараятларин жақсилаӯ ҳуқиқина ие болған хизметкерлерге жеңиллетилген шәртлерде ипотека кредитлери тийкаринда турақ жай сатип алиӯ (қуриӯ) ушин басланғиш төлем ажиратилади.
Хизметкерлерди социаллиқ қорғаӯ мақсетинде жеңил автотранспорт қуралларин сатип алиӯ ушин да қариз бериледи. Қариз ишки ислер органларинда әмелий стажи 10 жилдан артиқ болған, хизметте жақси нәтийжелерге ерискен хизметкерлерге мәмлекетимизде ислеп шиғарилған жеңил автотранспорт қуралларин сатип алиӯ ушин 3 жил мүддетке Орайлиқ банктиң қайта қаржиландириӯ ставкасинда ажиратилади.
Хизметкерлердиң перзентлерин квота тийкаринда мәмлекетлик жоқари оқиӯ оринлариниң бакалавриатина ҳәм де Ишки ислер министрлиги, Корғаниӯ министрлиги, Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик бажихана комитетиниң жоқари ҳәм орта арнаӯли билимлендириӯ мәкемлерине оқиӯға кириӯи ушин усиниснама бериӯ Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2019-жил 26-феврал күнги «Ишки ислер органлари хизметкерлери ҳәм олардиң шаңарақ ағзаларин социаллиқ қорғаӯди және де күшейтиӯ ис-илажлари ҳаққинда» ғи қарари ҳам де Министрлер Кеңэсиниң 2022-жил 4-июлдеги «Өзбекстан Республикаси ишки ислер органлари ҳәм Миллий гвардиясиниң жеке қурами ҳәм де олардиң шаңарақ ағзаларин социаллиқ қорғаӯ системасин тәртипке салиӯ ҳаққинда» ғи қарари менен тастийиқланған Өзбекстан Рспубликаси ишки ислер органлари жеке қурами ҳәм олардиң шаңарақ ағзаларин социаллиқ қорғаӯ тәртиби ҳаққиндағи режеге муӯапиқ әмелге асирилади.
Сондай-ақ, хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлер яки олардиң жақин ағайинлериниң мал-мүлкине жеткизилген зиян хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлердиң хизмет ӯазийпасин оринлаӯ ӯақтинда жеткизилген жағдайда ғана қапланади. Хизмет ӯазийпасин оринлаӯ ӯақтинда дене жарақатин алған хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлер, курсант ҳәм тиңлаӯшиларға яки қайтис болған хизметкер ҳәм әскерий хизметкерлер, курсант ҳәм тиңлаӯшилардиң шаңарақ ағзаларина бир мәртелик напақа төлеп бериледи.
Нодиржон Базаров,
ИИВ РАИ ҳәм КБТД
Социаллиқ қорғаӯ басқармаси бас инспектори,
маёр.
