Ҳуқық-қорғаў системасына заманагөй технологияларды енгизиў, жетик нызамларды қабыл етиў мүмкин. Бирақ сол технологияларды басқаратуғын, нызамды турмысқа енгизетуғын хызметкердиң қәлбинде руўхый нур, ҳүждан ҳәм кәсиплик ар-намысы болмаса, барлық ҳәрекетлер өзиниң тийкарғы мәнисин жоғалтады. Себеби, пуқара мәмлекетти, бәринен бурын, көшеде турған патруль хызметкери, мәҳәлледеги профилактика инспекторы ямаса тергеў ханасындағы тергеўши тымсалында көреди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев ишки ислер уйымлары хызметкерлери ҳәм ветеранларына жоллаған қутлықлаўында бул ҳақыйқатты анық ҳәм терең түрде атап өтти: "Адамлар бир хызметкердиң қатнасы ҳәм ис-ҳәрекетинен пүткил тараў ҳаққында жуўмақ шығарады." Мине, усы бир ғана гәпте пүткил тараўдың абырайы ҳәм ҳәр бир хызметкердиң мойнындағы үлкен руўхый жуўапкершилик жәмленген.
"Ишки ислер уйымлары ҳаққында"ғы Нызамның 8-статьясында ҳәр бир хызметкердиң руўхый келбетин белгилеп беретуғын алтын қағыйда жазылған: хызметкер пуқараға мүрәжат еткенде өзиниң лаўазымы, атағы, аты-фамилиясын айтыўы, хызмет гүўалығын көрсетиўи, мүрәжат себебин түсиндириўи; пуқара мүрәжат еткенде оны дыққат пенен тыңлаўы шәрт. Инсан қәдирин кемситетуғын тәризде мүнәсибетте болыў болса қатаң қадаған етиледи.
Мәмлекетимиз басшысының ПҚ-5050-санлы қарары менен тастыйықланған концепция тараўдағы тәрбиялық жумысларды "Ўатанға ҳәм халыққа садықлық пенен хызмет етиў – уллы миннетимиз!" деген идея әтирапында бирлестирди. Бул бағдардағы реформалардың избе-изликтеги даўамы сыпатында қабыл етилген "Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик мәденияты ҳәм хызмет тәртиби кодекси" болса система турмысында шын мәнисинде бурылыс жасады. Усы Кодексти хызметкердиң "әдеп-икрамлылық конституциясы" деп атаў мүмкин, себеби оның нормалары хызметкердиң тек хызмет ўақтында емес, ал хызметтен тысқарыдағы ҳәр бир қәдемин әдеп-икрамлылық нормалары менен өлшейди. Атап айтқанда, хызметкер пуқаралар менен қарым-қатнаста әдепли, кишипейил ҳәм сабырлы болыўы, ҳеш кимди кемситпеўи, хызметтен тысқары ўақытта дәбдебелилик, даңқпаразлық, топарға бөлиниў, мәслик ҳәм ишиўшилик сыяқлы иллетлерге жол қоймаўы шәрт. Сондай-ақ, социаллық тармақларда әдеп-икрамлылыққа жат сөзлерден пайдаланбаўы, мәмлекетлик уйымлар ҳәм реформаларға исенимсизлик пайда ететуғын материаллар жайластырмаўы керек.
Ең әҳмийетлиси, Кодекс талапларына әмел етиў хызмет жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы өлшеми етип белгиленди. Бул соны аңлатады, оператив илажда жоқары нәтийже көрсеткен, бирақ пуқараның абырайын кемситкен, қопаллық еткен ямаса хызметтен тыс ылайықсыз ис-ҳәрекет ислеген хызметкер алдынғы хызметкер бола алмайды. Себеби кәсиплик шеберлик руўхый жетиклик пенен бирлескенде ғана ҳақыйқый профессионаллық жүзеге келеди.
Президентимиз жоллаған байрам қутлықлаўында алға қойылған "Өзиңди аңла ҳәм өзгени қәдирле" және "ӨЗ" ("Өзимниң Өзбекстаным") идеялары бүгин ҳәр бир хызметкердиң турмыслық сүрени ҳәм кәсиплик миннетине айланыўы шәрт. "Өзиңди аңла" – бул, бәринен бурын, кимниң мийрасхори ҳәм кимниң ўәкили екениңди аңлаў. Ол үш мың жыллық мәмлекетшилик тарийхына ийе, "Күш – әдилликте" деген принципти дүньяға усынған Саҳыпқыран Әмир Темурдың әўлады. "Темур түзиклери"нде мәмлекет хызметкерлери ҳәм сипаҳийлердиң әдалатлы, ҳадал, пуқараларды сүйиўши болыўы мәмлекет турақлылығының бас шәрти сыпатында көрсетилген. Аймақлық ишки ислер уйымларында шөлкемлестирилген "Ўатансүйиўшилик мүйешлери"нде "Темур түзиклери"нен үлгилер жайластырылғаны да бийкарға емес – бул хызметкерге тарийхый тамырларын еслетип туратуғын руўхый айна болып есапланады.
Соның менен бирге, "өзиңди аңла" – өз ўәкиллигиң шегарасын ҳәм жуўапкершилигинди аңлаў демек. Мәмлекет хызметкерге арнаўлы ўәкиллик, хызмет кийими, гүўалық ҳәм зәрүр жағдайларда күш ҳәм қурал қолланыў ҳуқықын исенип тапсырған. Мәнаўияты әззи адам қолына ҳәкимият тийсе, менменликке бериледи, өзин пуқаралардан үстин қоя баслайды. Мәнаўияты жоқары хызметкер болса ўәкилликти жеңиллик емес, ал жуўапкершилик деп биледи – ўәкиллиги артқан сайын және де кишипейил ҳәм салмақлы болады.
"Өзгени қәдирле" принципи болса ҳәр бир инсанда өз жақыныңды көриўди аңлатады. Хызмет жумысында хызметкер жәмийеттиң ең аўыр жерлери – шаңарақлық келиспеўшиликлер, урлық, алдаўшылық, жол-транспорт ҳәдийселери, адасқан жаслар менен байланыслы жағдайларға дус келеди. Бундай орталықта ислейтуғын адамда ўақыттың өтиўи менен кәсиплик шаршаў ҳәм "эмоционаллық суўыққанлық" пайда болыў қәўпи бар: инсан тәғдирине әпиўайы статистика ямаса гезектеги баянат сыпатында қараў итималы артады. Бул қәўиптиң бирден-бир еми – "Өзгени қәдирле" принципи болып есапланады. Мүрәжат пенен келген жасы үлкенди өз әкеңдей, көзи жасланған ананы өз анаңдай, ал адасқан өспиримди өз иниң ямаса перзентиндей көре алсаң, мүнәсибетин де, қарарын да өзгереди. Ҳәтте ҳуқықбузарға да жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў менен бирге, инсан қәдирин аяқ асты етпеў, оны дурыс жолға қайтарыўға умтылыў – ҳақыйқый руўхый жетиклик белгиси болып есапланады.
"ӨЗ" ("Өзимниң Өзбекстаным") идеясы тийкарында болса бийпәрўалықты жеңетуғын тийислилик сезими жатады. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, ҳәр бир шаңарақтың тынышлығын өз шаңарағыңның тынышлығындай сақлаў усы идеяның әмелий көриниси болып есапланады.
Әмелиятта еки хызметкер бирдей нызамлы талапты еки түрли тәризде қойыўы мүмкин: бири қопал, жекиринип сөйлесе, пуқара нызамды бузған жағдайда да өзин қорланған сезинеди ҳәм бул наразылық туўдырады; басқасы өзин таныстырып, салмақлы ҳәм ҳүрмет пенен түсиндирсе, ҳәтте ҳуқықбузар да қәтесин мойынлайды.
Демек, унамлы имидж жасалма реклама ямаса бәлентпәрўаз есабатлар менен жаратылмайды. Ол үш тийкарғы факторға сүйенеди: сыртқы көринис ҳәм сап мәденияты, сөйлеў мәденияты ҳәм тыңлаў өнери, стандарт емес жағдайларда руўхый турақлылық.
Кәсиплик мәденият кодексиниң талапларына муўапық, хызметкердиң кийиниўи тәртипли ҳәм қатаң қағыйдаларға муўапық болыўы шәрт; жыйырылған форма, тазаланбаған аяқ кийим ямаса бийпәрўа көринис мәмлекетлик нышанға ҳүрметсизлик болып табылады. Пуқараның сөзин бөлмей, шын кеўилден тыңлаў болса машқаланың ярымын шешеди. Сондай-ақ, сезимлерге берилиў, ашыў ўақтында турпайы сөз айтыў ямаса артықша күш ислетиў – хызметкердиң жеңилиси. Агрессив ямаса провакациялық жағдайларда муш пенен емес, ақыл, психологиялық билим ҳәм салмақлы сөз бенен жағдайды жумсартыў зәрүр.
Тараўдың ертеңги күни жас кадрлардың қалай тәрбияланыўына байланыслы. Әсиресе, хызметкер хызметке кирген дәслепки бир жыл оның келешектеги кәсиплик жолын белгилейди. Дәслепки күнлерден-ақ ҳадал, ҳүжданлы устазға түскен жас хызметкер келешекте ҳәр тәреплеме жетик қәниге, ҳақыйқый халықшыл хызметкер, ел сүйген басшы болып жетиседи; итибарсызлық ҳәм патас орталық болса ең жақсы ниетлерди де сөндириўи мүмкин.
Ишки ислер уйымы хызметкериниң руўхый келбети ҳаққында сөз болғанда, көбинесе итибардан шетте қалатуғын, бирақ ҳақыйқатында хызметкерди ҳәр күни хызметке илҳамландырып туратуғын бир муқаддес қорған бар – бул оның шаңарағы. Ҳақыйқатында да, үйинде қәтержамлық, мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара түсинисиў ҳүким сүрген хызметкер хызметке пәк кеўил, көтериңки руўх пенен келеди. Оның шаңарағы – оның руўхый қалқаны. Соның ушын да ПҚ-5050 ҳәм де ПҚ-10 санлы қарарларда ҳәр бир басшыға өз қол астындағы хызметкерлердиң шаңарақлық-турмыслық машқалаларын үйрениў, оларды социаллық-ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў жуўапкершилиги әҳмийетли ўазыйпа сыпатында жүклетилген.
Руўхыйлықтың ең жоқары шыңы хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында ел-журт тынышлығы ушын жанын пидә еткен мәрт хызметкерлердиң өшпес естелиги болып есапланады. "Ўатансүйиўшилик мүйешлери" ҳәм музейлердеги олардың тулғасы бүгин сапта турған ҳәр бир хызметкерге жуўапкершилик жүклейди: Ўатан тынышлығы ҳәм хызмет липасының абырайына ҳеш қашан дақ түсирмеў – ҳүждан ҳәмири.
Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, бүгинги ишки ислер уйымы хызметкери нызамларды терең билетуғын ҳәм олардың руўхын қәлбинен сезинетуғын, "Өзиңди аңла ҳәм өзгени қәдирле" және "ӨЗ" ("Өзимниң Өзбекстаным") принциплерин күнделикли әмелиятқа айландырған, инсан қәдири ҳәм әдилликти жоқары норма деп билетуғын шахс болыўы керек. Ол хызмет ўақтында да, оннан тысқарыда да пәк ҳүждан, ҳадаллық, әдеплилик ҳәм руўхый турақлылық үлгисин көрсетиўи, заманагөй билим ҳәм мәлимлеме технологияларын, кәсиплик психологияны толық ийелеген ҳалда пуқаралар менен шын жүректен сөйлесе алыўы, жас кадрларға болса ҳақыйқый устаз ҳәм үлги болыўы керек. Себеби, ийнимиздеги хызмет кийими – ел-журттың бизге билдирген бийбаҳа исеними болып есапланады.
Абдужаббор АБЖАЛОВ,
ИИМ Қәнигелигин арттырыў институты профессоры,
сиясий илимлер бойынша философия докторы (PhD),
полковник.