Биз коррупцияға қарсимиз!

Төрткүл раёни ИИБ ЖҚХ ҲПБ профилактика аға инспектори, аға лейтенант Мўминжон Жуманиязов бөлистириўге көре, «Кўна Тўрткўл» аўил пуқаралар жийини аймағинда өткерилип атирған профилактикалиқ илажда қатнасип атирған еди.

Ол «Дамас» автомашинасин тоқтатип, они басқарип киятирған айдаўши Х.И.дан тийисли ҳүжжетлери сорағанинда, олардиң жанинда жоқ екенлиги мәлим болади. Қалаберсе, сәўбет даўаминда айдаўши спиртли ишимлик ишиўде гүман пайда еткенлиги себепли медициналиқ көриктен өткерилгенде, ҳақийқаттан да онда мәслик ҳалати тастийиғин табади. Буннан соң аға инспектор аниқланған ҳалат жүзесинен низамли шара көриў ушин автомашинани жәрийма майданшасина жайластирип, тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириўге кириседи.

Айдаўши Х.И. болса оған қарата низамли шара көрмеў ҳәм де рәсмийлестирилген ҳүжжетлерди жоқ етиў есесине 300 АҚШ доллари муғдаринда пара бериўди усинис ете баслайди. Хизметкер оған пара алиў яки пара бериў, ҳәттеки ониң алди–бердисинде қатнасиў жинайий жуўапкершиликке себеп болиўин түсиндиреди.

Өзбекстан Республикаси ИИМ ЖҚББ Қарақалпақстан Республикаси бойинша басқармаси ҳәм прокуратура хизметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда пуқара Х.И. Төрткүл раёни ИИБ имаратинда аға лейтенант М.Жуманиязовқа 300 АҚШ долларин берген ўақтинда айғақли дәлиллер менен қолға алинади.

Ҳалат тийисли тәртипте рәсмийлестирилип, ҳәзирде Төрткүл раёни прокуратураси тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алип барилмақта.

Мақаламиз қаҳармани ҳаққинда қисқаша айтип өтетуғин болсақ, аға лейтенант М.Жуманиязов дерлик 21 жилдан берли ишки ислер органларинда хизмет етеди. Уси жиллар даўаминда ол устазлариниң, кәсиплеслериниң үгит-нәсиятларина әмел етип кем болмади. Ҳадаллиғи арқали абирой–итибар, ҳүрметке еристи. Өмирлик жолдаси Дилбар Эшмурадова менен Абаджан, Охунжон ҳәм Дилнура исимли перзентлеринде өзи сияқли ҳадал етип тәрбиялаб, өсирип келмекте.

Азамат ПИРНИЯЗОВ,

өз хабаршимиз.

Қарақалпақстан Республикаси.