“Калом илиминиң султани”, “Мусулманлар исениминиң дүзетиўшиси” деген жоқари сипатламаларға сазаўар болған Имом Мотуридий орта әсирлерде–идеялиқ гүреслер ҳәўиж алған жүдә қиян–кески дәўирде ислам дининиң инсанийлиқ мазмун–мәнисин ашип беретуғин баҳали илимий–ағартиўшилиқ шиғармалар жазғани, түрли зиянли ағимлар ҳәм наданлиққа қарси мәрдана гүрес алип барғани, шин мәнисинде руўхий ерликтиң үлгиси есапланади.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикаси Президенти.
Өзбекстан –теңсиз алимлар, әзиз пирлерге бесик болған қутли мәкан. Бул журттан жетисип шиққан улли ойшиллар дүня раўажина теңсиз үлес қосқан. Ислам әлеминде «Ҳидаятқа баслаўши имам» деп танилған Имом Мотуридий әне усиндай улли бабаларимиздан бири.
Имом Мотуридий тек ғана Орайлиқ Азия емес, бәлким пүткил ислам әлеминде үлкен абиройға ие болған диний улама есапланади. Әлийшер Наўайи оған “Улли уламалар султани” жоқари баҳа берер екен, билай жазади: “Шайх Абу Мансур ал-Мотуридий өз заманиниң әлем уламаси есапланади. Сол дәўирдиң уламалари оларди “Султон ал-муиззин” деп атайди. Зоҳир ва ботин улумлари менен ораста эрмишлар”.
Абу Мансур Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Маҳмуд Мотуридий шама менен 870–жилда Смарқанда ўәлаяти Мотурид қишлағинда туўилған. Ол дәслепки тәлимди атаси Муҳаммад ибн Маҳмуддан алади. Соңинан сол дәўирдеги баслаўиш мектеп илимин үйретиўши Кутободда, оннан кейин Самарқандтағи медиреселерде оқийди.
Мағлиўматларға көре, улли ўатанласимиз фикҳ ҳәм калом илими менен жас пайитинан қизиғип, ҳанафий мазҳаби алимларинан сабақ алған. Белгили факиҳ ҳәм муҳаддислер менен сәўбетлес болған, уси тараўға тийисли көплеген шиғармалар жазған. “Китоб ат-тавҳид”, “Таъвилот ал-Қуръон” , “Китобур-родди алал Каъбий”, “Китобу авҳомил Мўътазила”, “Китобур-радди алар-Рофиза”, “Ал-Мақолот”, “Ал-Имамаҳ”, “Китобул жадал”, “Маъохизуш-шарийъа”, “Китобул маъқулоти”, “Ар-Роду алал-қаромита”, “Таъвилату аҳлис-сунна” шиғармалари усилар қатаринда. Өкинишке бола бул шиғармалардиң барлиғи да бизге шекем жетип келмеген.
Улама жасаған дәўирде Мавереннахрда туўри жолдан адасқан түрли диний топар ҳәм ағимлар көбейгени себепли көплеген келиспеўшиликлер келип шиққан. Олардиң көпшилиги ийман–исеним мәселеси бойинша тартисли пикирлери арқали пайда болған. Әйне усиндай жағдайда Мотуридий ислам дининиң ҳақийқий мәнисин ашип бериў, сап исламий қағийдани сақлап қалиў бағдаринда жүдә үлкен ислерди әмелге асирған. Атап айтқанда, улама тийкар салған мотуридийлик тәлиймати ақилға сай шешимлери, турақлилиқ, дүня қарас еркинлиги, ақлий анализ ҳәм диний баўри кеңлик идеялари менен айқин ажиралип туради.
Имом Мотуридий өзиниң белгили “Китоб ат-тавҳид” шиғармасинда илимий дүня қарасти қәлиплестириўде тийкар сипатинда хизмет етиўши “билиў теорияси” н толиқ ашип берген. Оған көре, сезиниў билими, ақлий логика ҳәм исенимли мағлиўмат илим пайда етиўдиң исенимли дереги есапланади. Бул улама тәлийматиниң заманлар өцеде гөнермейтуғин сипатқа ие болиўинда тийкар болди. Сондай–ақ, алим “Таъвилот ал-Қуръон” шиғармасинда муқаддес Қурани кәрим аятлари илимий дүняқарас, логикалиқ анализ ҳам рационал ой–пикир менен үнлес екенин ашип бериўге үлкен әҳмиет қаратқан. Уси мәнисте, жоқарида атлари тилге алинған еки шиғарма исламий илим–пән раўажина теңсиз үлес болип қосилған.
Улли бабамиз өз дөретпелеринде адамларди ағартиўшилиққа, жақсилиққа жетеклеп, илим үйрениўге, кәсип иелеўге, жақси минез–қулиқ иеси, шийринсөз, сақаўатли инсан болиўға шақиради. Сол есапта, “Пандномаи Мотуридия” (“Мотуридий нәсиятлари”) атли шиғармасинда “Дурис жолдиң гилти илимдур”, деп атап өтеди. “Қуралиңди илимнен жаса” деп, ҳәр қандай жағдайда да илим ең тийкарғи қурал болиўин уқтиради. Және бир оринда болса “Диниңди илим менен асира” деп нәсият етеди.
Мәлим болғаниндай, мүбарек динимиз инсанларди тинишлиққа, бирликке шақирип келген. Имом Мотуридий да төмендеги нәсиятлари арқали тиниш–татиўлиқта жасаўға шақиради: “Тиниш жасайман десең, жаманлиқтан жүз бур”, “Журттиң абат болиўин тилесең, қоли ашиқ бол”, “Келиспеўшилик илимсизликтиң белгисидур”.
Инсаний пазийлетлер ишинде кемтарлиқ қәсиети кисиниң кәмилликке ерисиўинде тийкарғи себеп болип хизмет етеди. Уламаниң “Биреў мақтаса гердийме”, “Атақпараст болма”, “Қәлбиңди көре алмаўшилиқ оти менен күйдирме”, “Өзиңди мақтаўдан тийил”, “Тәкаббирлиқти дәў есапла”, “ Жақсилиқ еткениңди айтип жүриўши болма” киби нәсиятларина итибар берсек, бул бийкарға емес екенлигине исеним пайда болади.
Улли ўатанласимиз улама өмир бойи Самарқандағи медиреселерде мударрислик пенен шуғилланади. Ислам тәлийматин сап түрде сақлаўда теңсиз үлес қосқан улли бабакәланимиз 944–жили қайтис болған. Ол Самарқандтиң Чокаридиза қәбиристанина жерленген.
Қулласи, Имом Мотуридий тәлиймати тек ғана диний емес, бәлким улиўманисанийлиқ қәдириятларға да тийкарланған. Ол инсаниятти бирликке ҳәм кең пейилликке, тинишлиқ ҳәм татиўлиққа шақиради. Бул идеялар пүткил дүня бойлап экстремизм ҳәм радикализм қәўипи күшейип баратирған бүгинги күнде де әҳмиетлилигин жоғалтпаған.
Улли уламаниң ибратли өмир жоли ҳәм бай илимий–руўхий мийрасин терең үйрениў, мотуридийлик тәлиймати тән кең пейиллик ҳәм турақлилиқ принциплерин кең түрде нәсиятлаў, жасларди Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улиўма нисанийлиқ қәдириятларға ҳүрмет руўхинда тәрбиялаў мақсетинде уси жилдиң 14-март күни “Имом Мотуридий туўилғаниниң 1155 жиллиғин кең түрде белгилеў ҳаққинда“ ғи Президент қарари жәрияланди. Уси қарарға көре, улама юбилейин ислам әлеминдеги абирой–итибари ҳәм дәрежесине мүнәсип тәризде, жоқари көлемде белгилеў бойинша бир қанша ис–илажлар белгиленди. Қарар оринланиўи шеңберинде Самарқанд қаласинда “Мотуридийлик – кең пейиллик, турақлилиқ ҳәм ағартиўшилиқ тәлиймати” темасинда халиқ аралиқ илимий–әмелий конференцияси ҳәм басқа уси сияқли ағартиўшилиқ илажлар өткерилди. Сониң менен бирге, Имом Мотуридий халиқ аралиқ илим–изертлеў орайи тәрепинен баспадан шиғарилған “Таъвилот ал-Қуръон”, “Китоб ат-тавҳид” шиғармалариниң презентацияси болип өтти. Айтип өтиў керек, улама юбилейи мүнәсибети менен уси баҳали дереклер өзбек тилине толиқ аўдармаланди. Қалаберсе, Имом Мотуридий ҳәм ониң избасарлари илимий мийрасин үйрениў бойинша 49 китап, 46 қолланба, 12 монография баспадан шиғарилди.
Ислам әлеминиң улли ойшили–Абу Мансур Мотуридийдиң илимий–ағартиўшилиқ мийраси тек ғана бизиң емес, бәлким пүткил инсанияттиң руўхий ғәзийнеси есапланади. Бул бийтәкирар мийрас ҳәмийше инсанларди жақсилиқ тәрепке жетеклейтуғин дерек болип қала береди.
Камол ОЛЛОЁРОВ,
өз хабаршимиз.
Аўдармалаған Азамат ПИРНИЯЗОВ.
Улама ҳаққинда бес факт.
1. Имом Мотуридий “Дурис жолға жетеклеўши имам”, “ Мусилманлар исениминиң дүзетиўшиси”, “Аҳли сунна вал жамоа байрағин бәлент көтериўши” киби улли атақлар менен аталған.
2. Ониң “Китоб ат-тавҳид” шиғармаси ақида илиминде ең тийкарғи дереклерден бири есапланади.
3. Улама тафсир, ақида, фиқҳ илимине тийисли 15 ке жақин шиғармалар жазған.
4. Бүгинги күнде дүня мусилманлариниң яриминан көби мотуридийлик ақида мазҳаби артинан ереди.
5. Мотуридий ИХ–Х әсирлерде пайда болип адасқан ағимларға қарси шиғип, исламниң инсанийлиқ мәнис–мазмунин ашип берген.
Мотуридий нәсиятлари* Дүняпарас болма, Қудайдиң душпанин жақси көрген боласан.
* Мәртебени сабирдан изле.
* Ибадаттан шадлиқ қәле.
* Ҳақ сөзин ийман бил.
* Хорлиқ қәлесең қиянеткер бол.
* Ҳәр бир исте шерик изле.
* Дана көринген наданнан ҳазар қил.
* Үйрен ҳәм өзгелерге үйрет.
* Биреўге ҳәдден тис кейиме, куридан–қури мақтама да.
* Бәледен ибрат ал.
* Ҳәмийше сир сақлаўши бол.
* Байлиқти иғбал бил, оннан сий етпеўди болса бәдбақлиқ бил.
* Өзиңди тәрийп етиўден сақлан.
* Ақири зиян келтиретуғин пайданиң әтирапинда айланиспа.
* Әпиў етиўди ҳеш кимнен алис тутпа.
* Достиң миң болса да кем.
* Сеннен қориққаннан сен де қориқ.
* Душпаниңниң душпани менен дос бол.
* Синалмаған адам менен сапарға шиқпа.
* Өз мисқалиңди өзгелер батпанинан абзал бил.
* Биреўдиң малина мүтәж екенсең, сони бил ониң қулисаң.
* Бийҳудалиқти апатлардиң баси деп бил.
* Ғамли болғаниңда ғана дәртиңди айт.
